«Ютубтың» кемпири

Кәримбай быйыллары ғаррылықты мойынға алды. Тек тықырлаған тили бар. Ана жерди бир түртеди, мына жерди бир түртеди, оның менен ҳеш нәрсени қайыллатып, қарық қылып атырған жоқ.
Отырған мәканы, өзи харылдап турған ўақытта салған жай. Пискен гербиштен екилик етип өргизген, асты еки метр подушка, үсти бир метр фундамент, гербиштин арасына арматура салып, әбден беккемлеген.
Полы япон доскасы. Қапыларын Нөкиске буйыртпа етип,шпоннан ислеткен. Үстинен танк өтсе көтереди. Айтатуғыны жоқ,он бес қабат жай қаңырап тур. Өзи складта баслық болып ислеген жыллары өли дүньяны басты, басты. Ана қара стенка Абхазиядан алдырған. Сочига барғанда Қара тениз арқалы Грузияға, Абхазияға қыдырған. Пул не қылдырмайды дейсең? Порттан темир жолға өткерип, Қарақалпаққа әкелгизди. Пулы да бир қыйлы бар еди. Жигирма бес мың сом!!!
Бул стенка Қаракалпақта санаўлы адамның үйинде бар. Ҳәттеки райком секретарының үйинде де жоқ еди.
Нелерди жыйнамады, Кәримбай. Еле бар. Подвал асты өли дүнья. Насос, труба, шланка, брезент, инкубатор, фотоппаратлар, коробкада турған телевизорлар, «Киргизия»кир машынлар, табақ, чайниклердиң саны жоқ, тигиў машынлар еле ашылмаўы менен турыпты. Полкада Хива, Москва гилемлери оралыўы менен жатыр.
Несин айтасаң?! Дәўран кимниң дәўраны Кәримбайдың дәўраны болды ғой. Не бир жас дүканшы қызлардың обалына қалды… Өзи менен қатар Жумаханды айтса? От еди мақаў. Ҳәммеге жете беретуғынын айт… Ғарры әлле нәрселер ядына түсип кеңкилдеп күлип жиберди де, кемпири еситип қоймадыма деп жалтаң етти… Кемпири қурғырдың жаслықтағы жыры усы Жумахан.
Жумаханға буның өткерип қойған жери жоқ. Ол нашар тек буның кеўлин таўып қойса екен,қара маңлай өзинен жаслаў жигитлерге өш болды…
Кемпири усы жыллары қартайғанда ҳәңкейип кетти ай! Баяғыда қара келиншектей еди,қатып қалған қуў ағаш сыяқлы. Жуғырып емлеўханасына кетеди, жумыс ислеме десе, яқ үйде отырмайман деп, буның менен ерегисип жумыс иследи. Кәримбай да «ҳә гөр бол!» деп өзиниң шағал-мәслигин етип жүре берди.
«Жалғыз бала жалмаўыз» деп, бир түйир улы Киевте оқып, сол жақта бир украин қызын алып, қалып қойды. Бес-алты жылда бир келеди. Бир бала, бир қызы бар. Қарақалпақша дегенге тили де келе бермейди. Қызы Америкада жасайды,улы Германияда. Ғарры Россияның тилегин тилеп, «Украинаға бәле барма, Путин менен ерегисип», десе, кемпири «орыс деген жалмаўыз, жалмап жутажақ, еле де еси барда балам менен келиним арман Польшаға барып жан сақлапты»деп екеўи отырып урысып отырғаны.
Кемпир менен ғарры иле қармақ өмир кеширеди. Кемпири жаслықта берген азабын алдына келтирмекте. Баяғыда қара қатын қартая келе шырайланып, жайқыйған кемпир болған. Бирақ гәптиң ирети келсе буны бир шоқымай,бир илмей қалмайды.
Жас дүканшы да қалмайды, Жумахан сирә.
Әсиресе, Жумахан завсклад бир-еки жылға сотланып кетти, сол ўақытта буның жолы болды.
– Ояқтада қуры жүрмейди, бир турмени тик аяққа турғызады, – дейди Кәримбайдың ишин отқа жағып.
– «Баяғылар бағда қалды, бағдың түбин суў алды» кемпирррр, – дейди ғарры «гөне жараны» геўлесе.
Көптен берли кемпири «хәң «ашып жүр. Дәрти телефон. Дүньяның өсегин таўады. Украина урысы, Путинниң рак болғаны, ўәлаяттағы ешек гөши….
– Кемпир қой деймен! Кел қасыма! Кемпир болып бир арқа мойнымды қыссаңо!
Кемпирдиң қолында телефон.
Ғарры және қышқырды:
– Ютубтың кемпири болдың сен!!!
ЖУЎМАКТЫ өзиңизге қалдырдым.
Оралхан САПАРОВА,
Нөкис қаласы, 34-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директоры.