Сениң дәртиң маған дәрманнан артық,
Саған қул болғаным султаннан артық,
Сениң ядыңды айтсам шөл ишинде,
Болар ол шөл маған бостаннан артық.
Сениң ядың егер кетсе тилимнен,
Тән-жаным қурыйды ўайраннан артық.
Мениң қор болмағым өз ғәплетимнен,
Мәгар қылсаң нәзер инамнан артық.
Әзиз, қор қылыўшы тек султан өзиң,
Сениң илтипатың әлўаннан артық.
Не жетер дүньяда Ийман, Қуранға,
Не болсын дүньяда Ийманнан артық.
Мениң бул дәртимди ҳеш кимсе билмес,
Егер билсе Ҳәким Лукпаннан артық.
Бул яңлы әсий екен Қул Сулайман,
Жарылқаў тилейди жаўын-қардан артық.
***
Қандай татлы Ҳақ яды, сәҳәр ўақта болғанда,
Палдан душшы сап ҳаўа, сәҳәр ўақты болғанда.
Болса кеўилде қәтер, саған салғай Ҳақ нәзер,
Тәўбе қылғыл бийҳабар, сәҳәр ўақты болғанда.
Өмириң өтти жоқ ҳасыл, неге жатарсаң ғапыл,
Егер мәртсең бол ҳәзир, сәҳәр ўақты болғанда.
Ашық сәҳәр турарлар, тән-жанды сап қыларлар,
Ышқы отына жанарлар, сәҳәр ўақты болғанда.
Ийман шамын жандыр сен, руўхың суўға қандыр сен,
Муңлық зарын алғыл сен, сәҳәр ўақты болғанда
Сәҳәр ўақтыдур саат турғаны болғай рәҳәт,
Ашылар дәўлет-саадат, сәҳәр ўақты болғанда.
Ҳәр дем күйер бул жаным, қуллықсыз жоқ дәрманым,
Ҳақ зикиридур дәрманым, сәҳәр ўақты болғанда.
Ҳәр ким тилесе дийдар, ашық болып жүрер зар,
Ядын айтады бийдар, сәҳәр ўақты болғанда.
Қул Сулайман сааты, зәрреше жоқ тақаты,
Зикири жанның рәҳәти, сәҳәр ўақты болған.
***
Ҳәр кисиде ақыл-ҳуўыш жетик болса,
Не пайда бар усы тилде сөз болмаса,
Көрикли киси көрким бар, деп айтса болмас,
Не көрки бар усы жүзде көз болмаса.
Ер болар ма ессиз өмирин желге берсе,
Акыллы емес азғынлаған жолға кирсе,
Сын-сымбатлы қанша адам жалаңаш жүрсе,
Не пайда бар әўерет жабар бөз болмаса.
Шақмағын шақса ышқы ҳәргиз сөнбес,
Бала қыйсық жолға түссе ҳасла көнбес,
Қуры күлге отын салып үрле жанбас,
Қалай жансын усы күлде қоз болмаса.
Ақыллы адам муз үстине үй-жай салмас,
Таўды-тасты алтын деп сатып болмас,
Тилекли қул тилегин излеп таппас,
Қалай тапсын естеликке из болмаса.
Қәдирсиз ҳәр бир таңның ўақты өтсе,
Ғайрат етпей жигитликтиң оты өшсе,
Егиншилер қыс күнинде туқым сепсе,
Не пайда бар, жас өмириме жаз болмаса.
***
Сатыўшылар затын арзан сатпас,
Ашық қуллар Алла дер, ғапыл жатпас,
Қатты көнге тикенди шанышса тесип өтпес,
Қалай өтсин ушы полат биз болмаса.
Шабан минип жүйрикке жетип болмас,
Сунқар қусқа жарысып өтип болмас,
Жайға салып ушсыз оқты атып болмас,
Қалай өтсин жаў қалқаны кийиз болмаса.
Ашкөз Қарун дүнья малын жыйса еди,
Менмен Шаддад жәннетке кирсе еди,
Мына жәҳән шадлы болып қалса еди,
Нәгаҳ және қазан урар жыл болмаса.
Аш кисилер ас жегенде сыртқа бақпас,
Тоқ кисиге пал берсең де ҳәргиз жақпас,
Надан киси билимди ҳасла уқпас,
Қалай уқсын, ақылы оның тез болмаса.
Аямағыл мөҳминлерге хызметиңди,
Бетке баспа саўабыңды, минлетиңди,
Қул Сулайман айтатуғын ҳикметиңди,
Қанша болсын, айтпа ақыл сөз болмаса.
Тассаўип тарийхында терең из қалдырған уллы данышпан бабамыз Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний;
Бәрше жақсы-биз жаман,
Бәрше бийдай-биз сабан, – деп ҳикметлериниң биринде жәми адамзатты көклерге көтерген, өзин төменшик санап (уллылардың уллылығы да сонда) жазған уллы шайх ҳәм атақлы тәсаўипши шайыр, пүткил мусылман түркий дүньясына даңқы шыққан Ҳәким ата-Сулайман Бақырғаний бизиң уллы жерлесимиз.
