КЕЎИЛДИҢ МҮЛКИ (Қыялды шарықлаў)

Биз бәримиз бул дүньяның мийманларымыз. Ал, мийман деген ҳүрметли инсан болады. Буны ҳәр бир мийман болып барған адам, шақырылған жеринде ѳзине кѳрсетилип атырған ҳүрмет-иззеттен билген, сезген болса керек. Және мийман, деген барған жеринде кѳп отыра бермейди. Ўақытша отырады. Сол ушын да «бул дүнья ялғаншы, алдап жүрер бизди алғанша» деген қанатлы, ибратлы гәп бар.
Енди мен не ушын адамларды бир-бирине мийман, ҳәттеки бул дүньяның мийманы дедим. Себеби бул адамларда, бизиң ҳәр биримизде кеўил мүлки деген бар. Усы кеўил ҳәр кимде бар, бирақ, бир-бирине уқсамас дәрежеде. Ол бизге туўылғанымызда жан менен кирип, қан менен араласып кеткен. Кеўил бизиң ең биринши биз туўылған шаңарақтағы ата-анамыздың, бизге берген тәрбиясы менен қәлиплескен болады. Солай етип, әсте-әсте бизиң руўхыятымызға сиңисип, бара-бара бизди басқарып турады деп айтсақ та болады.
«Кеўли ҳақ, пейили ҳадал» деген гәп бизиң халықта адамға қарата айтылады. Ал, буның кери тәрепи де бар. «Кеўли қара, пейили бузық» – деген гәп те адамға қарата айтылады, бундайдан Алланың ѳзи асырасын. Жаңағы айтып кеткенимдей кеўил ханасы «Жан менен киреди» дегенимдей буның бәри бизиң алған тәрбиямызға, әўладымызға байланыслы.
Белгили халық шайыры, халқымыздың байтереги, поэзия периштеси аталған, Ѳзбекстан Қаҳарманы, Ѳзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов:
«Қарақалпақтың кеўил қусы сайраса,
Сѳз қыйсыны ғәзийнеңнен табылған» – деп шеберлик пенен теңеў берип кеткен. Қол менен салынған имарат ўақытша, сѳз бенен салынған имарат мәңгилик, сол мәңги туратуғын сѳз сарайын шайырлар, жазыўшылар бинә етеди. Сондай тилсимли кәраматқа ийе болғанлықтан олар инсанияттың периштелер менен байланысы бар сайланды тайпасына жатқарылады. Кеўил-бул бизиң руўхый байлығымыз. Кеўлимизди биз тил менен жеткеремиз ҳәм ѳмир бойы солай болады да. Және, усы жерде уллы шайырымыз И.Юсуповтың мына қатарлары еске түседи:
Ҳәмме ағзаларың тозар
Тил тозбас бирақ,
Мүшелердиң мықлысы
Тил дер едим.
Тилим аўырды деп,
Докторға қатнап,
Укол алып жүрген
Адам кѳрмедим.
Кеўлиң ҳақ болса «алмайтуғын жаўың жоқ, шықпайтуғын таўың жоқ».
Бир данышпаннан «Дослықтың қандай түрлери бар?» деп сорапты.
– Тѳрт түри бар, – депти данышпан. Бириншиси сондай дослар бар, олар күнделикли жеп жүрген аўқатыңдай. Ҳәр күни оларға мүтәжлик сезесең.
– Екиншиси сондай дослар болады, мәлҳам киби. Ѳзиңди жаман сезсең, оларды излеп қаласаң.
– Үшиншиси, қәстелик, аўырыўдай. Олардың ѳзлери сени излеп келеди.
– Тѳртиншиси, сондай дослар бар, ҳаўа киби. Олар кѳзиңе кѳринбейди. Бирақ, бәрқулла сениң менен. Мине булардың бәри кеўил мүлки болып саналады. Және, тағы кеўил мүлкине адамның сѳйлесиў әдеби, қарым-қатнас әдебин, жақсы минез-қулқын, адамгершилик пазыйлетин, қайырқомлығын, сақыйлығын, руўхыятыңды кѳтеретуғын ҳәрекетлерин ҳәм тағы басқаларын айтсақ болады. Бундай жақсы кеўил мүлкке ийе инсанлар ѳзиниң кеўлиниң пәклигин, тазалығын бул дүньядан кеткенше, яғный аманат жанын Аллаға тапсырғанша ѳзгертпей, бузбай, топасламай ѳтип кетеди. Олар сондайлығы менен адамлардың қәлбинде екинши ѳмирин даўам еттире береди. Бундай инсанларды «екки дүньясы абад инсан» деп айтадылар.
Ал, кеўли бузық, пейили пәс адамлар о дүнья түўе, бул дүньяның ѳзинде сайызға шығып қала береди. Оларды дос емес, жағымпаз дейди. Олар «кимниң тарысы писсе, соның таўығы» болып кете береди. Ой-ѳриси, ақыл-санасы соған ылайық болады. Сѳзимиздиң басында айтқанымыздай – бул да тәрбияға байланыслы. Буны қазақ шайыры Абай Кунанбай улы былайынша тәрийплейди:
Жаман дос деген кѳйлеңке,
Басыңды күн шалса
Қашып қутыла алмайсаң.
Басыңды булт қапласа
Излеп таба алмайсаң.
Адам баласының негизинде жүреги, қолы, кеўли таза, пәк болса ҳәмийше дѳгерек-әтирапта жүзи жарық болады. Оны ҳәмме ҳүрмет етеди, сыйлайды, оған уқсаўға ҳәрекет етеди. Мереке, мейлисте бәрҳа орны тѳрден болады. Адамгершилик деген әпиўайы бир ғана сѳздиң қаншелли үлкен мағанасы бар екенин ҳәмме де түсине бермейди.
Кеўилдиң мүлкин қалай сақлаўға болады? Сѳйлеў тилимизде биз ақыл менен сананы бир мәнисте қолланамыз. Бирақ, олардың бир-биринен ажыралып туратуғын ѳзине ылайық тәреплери, хызметлери бар. Ақыллы дегенде басқа нәрсе түсиниледи. Парасатлы, саналы деген басқа нәрсе. Негизинде, саналы ҳәм парасатлы деген ѳмирдиң мәнисин түсинген жоқары мәнаўиятқа ийе инсанды айтамыз. Раўажланыўы бойынша адамзат жәниўарлардан жоқары турады ҳәм оны жоқарылататуғын нәрсе оның парасаты менен санасы. Ал, ақыллы деп жәниўарларға да айтылады. Мәселен, ақыллы ийт, ақыллы-мал ҳ.т.б. Турмыста тек ақылы бар, санасы раўажланбай қалған адамларға қарата пәмсиз сѳзи қолланылады. Солай етип, адамды инсан ететуғын-оның раўажланған санасы, пәми ҳәм парасаты болып есапланады. Пәм ҳәм сана, парасат ҳәммеде де бар. Лекин, ол ҳәммеде де ашылмай қалған. Адам болып туўылғанымыздан кейин баслы ўазыйпаларымыздың бири-усы пәмимизди оятыў, ашып раўажландырыў. Пәмимиз ашылмай қалса-онда биз тек қарнымыздың тойғанын, үйине нәрсе жыйнайтуғын ҳәм оны қайғыратуғын еки аяқлы жәниўарлар қәддинде қалып қоямыз. Сѳйтип, кеўил мүлкимиздиң пәсейиўине, ҳәттеки жоғалыўына себепши болып қаламыз. Соның ушын мына қағыйдаларға жүдә итибарлы болғанымыз жѳн.
1. Ѳз-ара сәўбетте адамлар мына қәтеликлерге жол қояды. Ўақтынан бурын сѳйлеў; Керек ўақтында сѳйлеўден қысыныў, тыңлаўшыға бақламай сѳйлеў бериў; Еки адамның арасына суғылысып сѳйлеп кетиў.
2. «Үмитлеримди ақламады» деп адамларға ѳкпелеме. Керегинен артық оларға үмит байлаған ѳзиңниң обалың жоқ.
3. Егерде сиз бир ис-ҳәрекет етип, биреўдиң кеўлине тийген болсаңыз онда тап сондай кѳлемде сизиң кеўлиңизге де тийиледи. Ал, сиз биреўге жақсылық етсеңиз, оның есесине сизге бахыт инәм етиледи. Ис-ҳәрекети ушын жуўапкершилик ҳәр бир адамның мойнында. Айтылған ғой: Жақсылық етсең де ѳзиңе, жаманлық етсең де ѳзиңе деп.
4. Пулы кѳп жумыс бар ҳәм кеўлиңе унайтуғын жумыс бар. Қайсысын таңлайсаң? Пулы кѳп жумысты таңласаң пулың кѳп болады, бирақ бахытлы бола алмайсаң. Себеби, сен пулдың-қулы боласаң. Кеўлиңе унайтуғын жумысты таңласаң басында қыйналасаң, бирақ кейин бахытлы боласаң, пулың да кѳбейеди.
5. Еки жүзлилик етпең. Бәрқулла қандай болсаңыз, солайынша қалың. Кѳпшилик бундай кеўли ашық адамларды ҳүрметлейди ҳәм қәдирлейди. Ашыўыңыз келди ме? Буны да жасырмай айтың. Бирақ, шегарадан шығып кетпеген ҳалда.
6. Ҳәдден тыс жағымпазланып, иши-баўырына кирип, сѳйлемең. Бундай адамлардан кѳпшилик дәрриў қорғана баслайды ҳәм сизден қандай да бир жаман ҳәрекетти күтип турады.
7. Адамлар бирдейине тартыса береди. Олар буны ҳақыйқатлықты билиў ушын емес, ал ѳзлерин кѳпшиликте кѳрсетиў ушын ислейди. Сениң кеўлиң бундай тартысқа бармасын.
8. Ѳзин әҳмийетли ҳәм ҳақ деп билиў ушын адам ѳзинде усы «кеселлик» лерди жеңе алса, онда ол кѳп қыйыншылықлардан қутылады.
9. Ѳмир-бул тек биз турмыста үйренген нәрселер ғана емес. Ѳмир-бул адамның шексиз күшке ийе екенлигин дәлиллеп беретуғын түсиник. Сиз ѳмирде күлип жүриң, әтирапыңыздағы инсанларға күлип бағың. Сонда ѳмир де сизге күлип бағады.
Мен сизлердиң бәршеңизге кеўлиңиздиң периштедей ҳадал, нәрестедей пәк болыўын Алладан сорап, тилеймен.

Ш.Сийпатдинов,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист. Пайтахтымыздағы 29-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы.