«My.gov.uz» ПОРТАЛЫ АРҚАЛЫ САНАТОРИЯҒА ЖОЛЛАМА АЛАСЫЗ

Нураный ҳәм имканияты шекленген инсанларға санаторийларға жоллама алыўда жаңа қолайлықлар жаратылды. Олар республикамыздағы саламатландырыў орынларында емлениў ҳәм саламатлығын тиклеў ушын «my.gov.uz» порталы арқалы онлайн гезекке турыўы мүмкин.
Бул бойынша Өзбекстан Республикасы Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги менен биргеликте хызмет түрлери ислеп шығылған. Хызмет түрлерине бола, ҳәзирги күнде кексе ҳәм майыплығы болған шахслар 11 түрдеги санаторийларға жолламалар алыўы мүмкин.
Бунда арза бериўши арза түрин толтырады. Оннан кейин арзалар реал ўақыт даўамында Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлигиниң мәлимлеме системасына жибериледи. Олар арза ҳәм мағлыўматларды тексерип, арза бериўшиге гезек санын бириктиреди. Арза белгили мүддетте көрип шығылғанынан соң усы арзаға жоллама қәлиплестирип бериледи.
Гезекке турыў ҳәм белгиленген категорияға сәйкес болмаған арза бериўшилерге бийкарлаў хабарнамасы автоматикалық түрде жеткериледи. Ҳәр бир кириўшиге бул хабарлар төлемли болып, бул хызметке келисим белгисин қойған жағдайда жалғанады.
Бул хызмет арқалы бурын қағаз түринде тапсырылған арзалар гезегин де бақлаў имканияты бар. Соның менен бирге «my.gov.uz» мобиль қосымша да болып, барлық хызметлерден қосымша арқалы да пайдаланыў мүмкин. Бул хызмет бойынша усы жылдың 3-октябринен ҳәзирги күнге шекем жәми 7 мыңға шамалас арзалар келип түскен.
Ш.Маматуропова,
ӨзА.