ЗЫЯНЛЫ ИЛЛЕТИ ТОҚТАТАЙЫҚ!

Алкоголь ҳәм темеки жер жүзиндеги бир неше миллион халықтың жоқ болып кетиў қәўпин туўдырыўшы ең қәўипли зат, ѳним десек алжаспаймыз. Кейинги ўақытларда бул иллетлерге айырым жас ѳспирим жигитлер менен қызлардың қызығыўшылығы артып, олардың нәпсин ийелеп, тийкарғы күш-ғайртын пәсейтип, санасын зәҳәрлемекте.
Соңғы ўақытлары ҳаял-қызларымыз ушын да алькоголь ишимликлери менен темеки шегиў таң болмай баратырғандай. Әлбетте, мен ҳәммесин айтып атырғаным жоқ. Гейбиреўлери демекшимен. Ал, усы гейбиреўлериниң ѳзи баршылық… Бурынлары тойлардың ѳзинде ҳаял-қызларымыз спиртли ишимликтен жырақта болар еди. Ҳәзирлери той түўе кафе, улыўма аўқатланыў орынларында айырым ўақытлары болса да арақ ишип, сигарета шегип отырған қызларды ушыратып қаламыз. Алдынлары асханаларға ҳәттеки аўқатланыў ушын ҳешбир ҳаял-қыз кирмес еди. Ҳаял болғаны ушын «аўқат писирип билмейсең бе?» дегендей кѳз-қараста ер адамлар қарап қала ма, деп, жәмийетлик аўқатланыў орнына барыўды ѳзлерине ар санар еди. Енди темеки шегиўши ҳаял-қызлар туўралы айтсақ, шет еллерге талап излеп, барып келгенлериниң арасында темекиге қумарлық кѳп. Негизинде бул еки иллетке ѳшпенлиликтиң ҳәр қыйлы себеплери бар. Биз буны талқылап отырмақшы емеспиз. Баслы себеплериниң бири-шаңарақтағы тәрбияның бослығынан деп ойлаймыз. Енди алкоголь ишимликлери менен темекиниң адам организмине баслы зыяны туўралы айтып ѳтпекшимиз. Биз медицина тараўы хызметкерлери болғаннан соң, ескертип қойыў ўазыйпамыз.
Ишиўшилердиң арасында әпиўайы ишимлик саналған пивоның 1,5 қуўатлылықтағысының ѳзи алкоголь есапланып, адам организмине ѳзиниң зәҳәрли тәсирин ѳткереди. Ҳаял-қызларымыздың қанындағы прогестерон гармонын, ерлердеги тестестерон гармонының қыйраўына алып келеди. Және, күнделикли ишкен 1 стакан вино ишимлиги 2 ҳәпте даўам етсе, адамның қанында серотонын бѳлип шығарып, мийдиң клеткаларын бузады. Усындай жағдайды ѳз қәлпине келтириў ушын 3 ай даўамында ишпей жүрсе ғана мийдиң клеткалары жаңадан пайда болып, орны толыўы мүмкин. Егер де сол 3 ай мүддетте тағы ишилсе, мийдеги 15 миллиардтан артық болған клеткалардың әстелик пенен жоқ болыўы нәтийжесинде адамның ойлаў, түсиниў қәбилети (микоозарение) пәсейип кетеди. Егер де ересек адам ишиўшиликке берилсе де адамның тестестерон гармоны орнына ҳаяллардағы прогестерон гармонына усас гармон пайда болып, ер адам ҳаялына жалтақлап, жасқаншақ болатуғын әдет шығарады. Туўрылап айтқанда ҳаялына бағынышлы болып, айтқанынан шыға алмай қалады. Гейбиреўлери ѳзиниң усы ҳәлсизлигин билдирмеў мақсетинде, шатақ шығара беретуғын, урысқақ болады. Ал, тағы биреўлери мақтаншақ болып, ишкен-жегенин, айтып «ҳәз етистик» деп отырады. Кейин ала азғана спиртли ишимлик ишсе де не ислеп, не қойғанын, үйине қалай қайтқанын еслей алмайтуғын шизофрения кеселине шатылады. Олардың ҳеш қайсысы ѳзлерин алкоголик (алқаш) деп есапламайды. Усы жағдайда екенин тән алмайды. Негизине келгенде ѳзлерин-ѳзлери әшкара етип жүргенин сезбейди.
Енди усы алкогольдиң «жан досты» есапланған сигарет туўралы айтсақ, бул иллет мақаламыз басында айтып кеткенимиздей жас ѳспиримлер арасында ҳәўиж алмақта. Әсиресе, мектеп жасындағы балалар арасында да ушыраспақта.
Ҳәзирги ўақыттағы илимий-изертлеўлердиң кѳрсетиўи бойынша, темеки шегиўдиң 20 жасқа шекемги қызлар арасында 35-40 процент, ал ер балалар арасында 65-75 процентке шекем ушыраспақта. Темеки шегетуғын 8-9-10-11-класс оқыўшылары айырым мектеплерде 20-26 процентти қурайды. Жоқары оқыў орынларын тексергенде биринши курста 20-40 проценти ер балалар арасында, 4-8 процентке шекем қызлар арасында да анықланса, жоқары курсларда ер балалар арасында 90 проценти, қызлар арасында да шегиўшилер саны кѳбейип баратырғаны анықланбақта. Бул ашынарлы жағдай, әлбетте!
Солай етип, темеки шегиўшилик илимий-изертлеўлер жуўмағына қарағанда жылдан-жылға жас ѳспиримлер арасында кѳбеймекте. Айырым жаслар организмине темеки шегиўдиң зыянын сезип, шегиўшилердиң 2/3 бѳлеги темеки шегиўди қойып атыр. Ал, 74 проценти шегиўди денсаўлығының аўырласқанына байланыслы таслағанын айтады. Бала қанша жаслайынан темеки шегиўди басласа организм сонша тез кеселликке жолығады. Соның ушын оқытыўшылар оқыўшыларына темеки қурамында зәҳәр-никотинниң барлығын түсиндирип барыўы тийис. Мектеп, жоқары оқыў орынлары басшылары ата-аналарға балалары ҳаққында толық мағлыўмат берип, бирге ислессе зыянлы иллеттиң алдын алған болар еди. Темеки шегиўдиң алдын алыў мақсетинде мектеп оқыўшылары ҳәм студент жаслар арасында түсиник жумысларын диспут, семинарлар ѳткерип, биргеликте гүрриңлесиў жумысларын жийи алып барса жақсы ис ислеген болар еди.
Халық саламатлығы ҳәр қашанда жақсы болса сол елде пәраўан турмыс негизи қәлиплеседи. Бизиң елимизде инсан саламатлығын беккемлеўге, қорғаўға жыл сайын айрықша итибар қаратылып келинбекте. Биз де усы зыянлы иллетлерден қутылыў ушын ҳәрекетмизди жасап, оған қарсы гүресейик.

Шайра АВЕЗОВА,
Әмиўдәрья районлараралық 2-санлы шыпакерлик социал эксперт комиссия терапевт шыпакери.