Рустам Турсынбаевич Сапарбаев 1982-жылы Қоңырат районында туўылған. Миллети өзбек. Мағлыўматы жоқары, қәнигелиги – юрист, сиясаттаныўшы. 2004-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин, 2008-жылы Өзбекстан Республикасы Стратегиялық анализ ҳәм келешекти болжаў жоқары мектебин тамамлаған.
Төрткүл районы 18-санлы «Жанбасқала» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты.
Р.Т.Сапарбаев мийнет жолын 2005-жылы «Устюртгаз» унитар кәрханасы юристконсульти болып ислеўден баслаған. Буннан соң, көп жыллар даўамында әскерий бөлимлерде түрли лаўазымларда жумыс ислеген.
Рустам Турсынбаевич 2021-жылдан берли Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жәмийетлик ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар бойынша орынбасары лаўазымында ислеп келди.
Рустам Турсынбаевич Сапарбаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң усы жыл 18-октябрьдеги гезексиз отыз жетинши сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары болып сайланды.
