Бес баслама шеңберинде
Бүгинги күнде мәмлекетимизде, ертеңги келешегимиз ийелери есапланған жас әўладтың тәлим ҳәм тәрбиясына, биринши дәрежели ўазыйпалар қатарында итибар қаратылып келинбекте.
Үшинши ренессанс дәўириниң жаңа әўладларын тәрбиялаў мәселеси, тек ғана мектеп оқытыўшыларының емес, ал пүткил кең жәмийетшиликтиң алдында турған әҳмийетли мәселеге айланған.
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген бес әҳмийетли басламаның, жоқарыдағы ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыўда орны айрықша екенлигин атап өтиў орынлы.
Биринши баслама – жаслардың музыка, сүўретлеў өнери, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа да түрлерине қызығыўшылықларын арттырыў ҳаққындағы ўазыйпалардан ибарат болып, ҳәзирги ўақытта бул бағдарда республикамыздағы барлық улыўма билим бериў мектеплеринде, арнаўлы дөгереклер өз жумысларын алып бармақта.
Нөкис районы «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектеби педагоглар жәмәәтиде «Бес әҳмийетли баслама» шеңбериндеги ўазыйпалар бойынша, оқыўшылар менен бир қатар нәтийжели илажларды шөлкемлестирип келмекте.
Жақында мектептиң 7-8-9-класс оқыўшылары класс басшылары менен биргеликте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында болып, театр репертуарындағы жазыўшы П.Өтениязов ҳәм марҳум режиссёр С.Узақбаевлардың қәлемине тийисли «Перзент тәшўиши” драмасын тамашалады
Театр актёрлары тәрепинен шебер атқарылған, тәрбиялық әҳмийетке ийе болған драмалық көринислер, оқыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты.
Ең тийкарғысы, елимизге белгили актёр ҳәм актрисалар менен жүзбе-жүз көрисиў, балаларымыз қәлбинде қуўаныш сезимлерин пайда етип, бүгинги күнниң сөзи менен айтқанда үлкен мотибация алыў имканын жаратты.
Сондай-ақ оқыўшылар театр музейин тамашалап, Қарақалпақ театр өнери тарийхынан баҳалы мағлыўматларға да ийе болды.
