Соңғы жылларда мәмлекетимизде инсан қәдирин қәдирлеўге қаратылған социаллық қорғаў сиясаты реформалары избе-из әмелге асырылмақта. Усы реформалар шеңберинде пенсия дизимин беккемлеўге, пенсия муғдарын турақлы асырып барыўға айрықша итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, пуқаралардың әўерегершиликлерине шек қойыў, ҳәр қыйлы тосықларды қысқартыў, нызамшылық базасын беккемлеў мақсетинде пуқараның 2005-жыл 1-январьдан алдыңғы дәўири ушын мийнет стажлары шахстың мийнет дәптершесиндеги тийисли жазыўлар тийкарында, ҳеш қандай тастыйықлаўшы ҳүжжетлер талап етилместен белгилениўи, пенсия, напақалар пуқараның ѳз қәлеўи бойынша есапқа алынған турақлы жасаў ямаса ўақтынша турған жери бойынша тайынланыўы ҳәм тѳлениўи, үш жыл ҳәм оннан алдын тайынланған, қайта есапланған пенсиялардан тексерилиўине жол қоймай ҳәм ҳаялларға пенсия есаплаўда олардың бала тәрбиясы дем алысында болған ўақтын қосып есаплаў (еки есеге), яғный үш жылдан алты жылға асырылғанлығы, пенсия дизими реформасындағы әҳмийетли қәдемлер болып есапланады. Соның менен бирге Ѳзбекстан Республикасының раўажланыў стратегиясы шеңберинде мәмлекетлик пенсия тәмийнаты дизимин беккемлеў ҳәм де пуқаралардың пенсия муғдары мәмлекеттиң экономикалық кѳрсеткишлерине муўапық избе-из асырылып барылыўын тәмийинлеў ўазыйпасы белгиленген.
Нызамда 2023-жылдың 1-январынан пенсияны есаплаў ушын, пенсияны есаплаў базалық муғдарының 10 есесинен 12 есесине шекем асырыў белгиленди.
Сенаторлардың атап кѳрсетиўине қарағанда киритилип атырған ѳзгертиўге муўапық, 2023-жыл 1-январьдан баслап пуқараларға пенсияларды есаплаў ушын инабатқа алынатуғын орташа айлық ис ҳақы пенсияны есаплаў ушын инабатқа алынатуғын орташа айлық ис ҳақы пенсияны есаплаў базалық муғдарының 12 есесинен артық болмаған, яғный 3 888 000 сум муғдарындағы орташа айлық ис ҳақыдан есапқа алыў муғдары қайта есапланып, орташа айлық пенсия муғдары 400 мың сумға шекем асады. Усылардан 304 мың пуқара жасы бойынша пенсия алыўшылар, 25 мың майыплығы болған шахслар ҳәм 23 мың бағыўшысын жоғалтқанлығы бойынша шахслар болып есапланады. Нызамға муўапық нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўда Пенсия фондынан қосымша түрде 1,5 триллион сумнан артық муғдардағы қаржылар талап етиледи.
Соннан Шоманай районы бойынша жәми215 пуқараның пенсия муғдары қайта есапланыўы нәзерде тутылып, орташа айлық пенсия муғдары 400 мың сумға шекем асады. Усылардан 168 жасы бойынша пенсия алыўшылар, 35 майыплығы болған шасхлар ҳәм 12 бағыўшысын жоғалтқанлығы бойынша пенсия алыўшы шахслар болып табылады. Нызамға муўапық нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўда Шоманай районы Пенсия қорынан қосымша түрде 86 милион сумнан артық муғдардағы қаржылар талап етиледи.
Усы Нызам бойынша усынылып атырған тәртиптиң енгизилиўи, социаллық-адалат принциплерин беккемлеў, халықтың ѳнимли мийнет етип, кѳбирек ис ҳақы алыўға қызығыўшылығын асырыўға хызмет етеди.
Д.ГАЙЫПНАЗАРОВА,
Шоманай районлық бюджеттен тысқары Пенсия қоры бѳлими баслығының орынбасары.
