Дүньяда перзенти әдепли болыўды қәлемеген ата-ана болмаса керек. Буның ушын ата-ананың өзи тәрбиялы болыўы керек. Себеби, ол өзинде жоқ нәрсени балаға бере алмайды. Жақсы тәрбия бериў ата-ананың перзенти алдындағы ўазыйпасы саналады. Бала тәрбиясында әдетлердиң ең жаманы өтирик сөйлеў болып есапланады. Ата-ана баласына тәртипсизлик етпе, өтирик сөйлеме, урлық ислеме деп нәсият берип турып өзи алдаса, оның берген нәсияты ҳаўаға ушып кетеди. Себеби, бала еситкен гәпке емес, көз бенен көргенге исенеди. Демек, бала тәрбиясында өтирик сөйлеўдиң көп ғана зыяны болса, ал туўры сөздиң әҳмийети оғада уллы. Себеби, туўры сөз жақсылыққа жетеклейди, жақсылық инсанды бахытқа бөлейди. Буның айқын дәлили ретинде Абдиқәдир Гилонийдиң өз анасына берген мына бир аўыз сөзинен көриўимизге болады.
Абдиқәдир Гилоний бала ўақтында оқыў ушын анасынан рухсат сорайды. Анасына оннан айрылыў қаншелли қыйын кешседе, баласының ойнап жүргеннен көре билим алғаны жақсы екенлигин түсинип, баласына рухсат береди. Баласының тонының ишине қырқ алтын салып тигип қойды. Кетер алды баласына: «Балам, ҳеш қашан жалған сөйлеме, туўрылықтан айырылма» деп нәсият қылады. Соннан кейин бала кәрўанға илесип жолға шығады. Жолда кәрўанның алдынан жолтосарлар шығып оларды тонайды. Саўдагерлердиң бар-жоғын алып қояды. Нәўбет балаға келеди. Қарақшылардан биреўи балада неси бар екенин сорайды. Бала анасына жалған сөйлемеўге берген ўәдесин еслеп: «Қырқ алтыным бар», – дейди. Қарақшы бул бала мени алдап атыр деп ойлап кетип қалады. Кейин және бир қарақшы келип: «Ҳей бала, қанша пулың бар?», деп сорайды. Бала тағы сол гәпти айтады. Өзи жупыны кийинген балада алтын не жесин – деп ол да кетип қалады. Соң үшинши қарақшы келип: «Қанша пулың бар, ҳей бала?, – деп сорайды. Бала оғанда: Қырқ алтыным бар»деп жуўап береди. Қарақшы баланың қолынан услап баслығының алдына алып барып: Бул бала қырқ алтыным бар деп атыр» – дейди. Қарақшылардың баслығы «Қәне алтының?» деп сорайды. Бала және: »Тонымның ишинде»деп жуўап береди. Қарақшы ҳайран қалып: «Неге туўрысын айттың, жалган айтқаныңда алтынларыңды сақлап қалар едиң ғой» – деди. Бала күлимсиреп:
– Ҳеш қашан жалған сөйлемеймен, – деп анама сөз бергенмен, – деп жуўап берди. Қарақшылардың баслығы:
– Қараң, бул бала анасына берген сөзинде турыпты. Ал, мен болсам сонша жылдан бери анама, Ана Ўатаныма қыянет етип киятырман. Бул бала мени жаман иллетлерден қутқарыўшы болды. Мен барлық жаўыз нийетимнен қайтаман, – дейди. Басқа қарақшыларда қылған жаман ислеринен пушайман болды. Барлық жолтосарлар туўры жолға кирди. Бир баланың анасына берген сөзинде турғанлығы бәрше байлығы алып қойылған жолаўшылардың байлығының қайтарып берилиўине себепши болды. Бул туўры сөзлик ҳәм сөзине садық болыўдың пайдасы еди.
Бағдагүл РАМАНОВА,
Нөкис қаласы, 36-санлы мектептиң муғаллими.
