Әмиўдәрья толқып атар,
Суў бойында қатар-қатар,
Бес нар түйе шѳгип жатар,
Бес тѳбениң таўларында.
(И.Юсупов).
Бир тәрепи Бекбай тоғайымызға тутасса, бир тәрепи кең жазық далаңлық болған «Бес тѳбе» елаты да бурын болмаған жаңаланыўлар қушағында. Пайтахтымыздан 25 километр узақлықта жайласқан, бир ўақытлары қусшылыққа арналған ферма ушын салынған аз ғана турақ жайлардан ибарат болған болса, ҳәзир кѳше-кѳше жайлар салынып халық толыспақта. Кѳлик қатнаўы да жолға қойылған. Тарийхтан мәлим болыўынша XVI әсирде усы аймақта жасап ѳткен Ерқосай баба зыярат орнына ҳәзирги ўақытта зыяратшылар ҳәм тәбият қушағына экскурсияға келиўши студентлер ҳәм мектеп оқыўшылары келип турады. Кең жазық далаларында

шѳл жәниўарлары болған түйелер жайлаў тапқанлығы бәри бул жердиң ѳзине тән ғана кѳринислер.
Ҳәзирги ўақытта Нѳкис қалалық 38-санлы Бес тѳбе МПЖ да 2200 халық, 460 тан аслам хожалық бар. 1 мектеп, 1 бала бақша, 1 шыпакерлик пункти, 2 нанбайхана, 5 саўда дүканы халыққа хызмет кѳрсетпекте.
– Мәканымызда 2018-жылы «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша бир қанша әмелий жумыслар иске асырылды. 13 кѳшеге түнги жақтыландырыў тармағы, 7 кѳшеге асфальт, аймақтағы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектеби, 23-санлы мектепке шекемги билимлендириў шѳлкеми ҳәм 4-санлы шаңарақ поликлиникасына қараслы аймақлық шыпакерлик пунктине де оңлаў жумыслары алып барылды. Кѳп қабатлы үйлердиң сырты қайта оңланды ҳәм үй алдына пиядалар жолы қурылды,-дейди мәкан-пуқаралар жыйыны баслығы Тимур Жумамуратов.
2021-жылы аўыр аймақлар қатарына киргизилип, ҳүкиметимиз тәрепинен барлығына 1,5 млрд. сум қаржы қаратылып, аймақтағы хожалық қыйтақ жерлеринен ѳнимли пайдаланыў мақсетинде Әмиўдәрьядан ағын суў тармақлары тартып әкелинип суў менен тәмийинленди. Нәтийжеде ҳәзирги ўақытта аймақ турғынлары ѳз үй қапталларына шѳлге шыдамлы терек түрлерин егип күтимин берип, меҳир менен кѳклемзарластырыўға кирискен. Усы жылы аймақ турғынлары ушын айрықша бир жаңалық Нѳкис қаласындағы 28 аўыр аймақлар қатарында бул елатқа да 5,4 километр ишки жолларға ШПС тѳгилип оңла
ў жумыслары алып барылмақта. Балалар майданшалары қайта боялып кѳп қабатлы үйлердиң кире берислерине де оңлаў-безеў жумыслары даўам етпекте. Аймаққа интернет тармақларын тартыў жумыслары басланған.
Жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде «Ҳаяллар ҳәм жаслар дәптери»не бәнтлиги тәмийинленбеген, социаллық жәрдемге мүтәж ҳаяллар ҳәм жаслар киргизилди. Олардан жақында 4 ҳаялға тигиў машинасы 2 бағыўшысын жоғалтқан ҳаялға бир мәртелик материаллық жәрдем пулы, 1- 2 топар 9 ҳаялға материаллық жәрдем, 2 ҳаялға электро печька, 1 ҳаялға газ плита, 1 шаңарақтың үйи шиферлап берилди. 2 ҳаялдың Хийўа қаласына саяхатқа барып келиўи шѳлкемлестирилди.
«Жаслар дәптери»ндеги 3 жасқа тигиў машинасы, 3 жасқа әсбап-үскенлер, 2 жастың айдаўшылық гүўалығына оқыў тѳлеминиң 75 процен
ти, жоқары оқыў орнында шәртнама тийкарында оқып атырған 8 жасқа шәртнама пулларының 50 проценти тѳлеп берилди. Аймақ турғынларының күнделикли азық-аўқат ҳәм тутыныў буйымларына болған талабын қанаатландырыўда исбилермен Әлишер Уразовтың орны айрықша. Ҳәр күни таза ҳәм сапалы ѳнимлери менен қарыйдарларының кеўлинен шығып келмекте.
– Ѳзим усы «Бес тѳбе» елаты турғыныман. Ѳз исбилерменлигимди 2019-жылы «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы тийкарында Асака банктен 30 млн. сум муғдарында тийисли тәртипте қаржы алып басладым. 19 млн. сумға буханка нан ѳнимлерин писириўши печка сатып алдық. 11 млн. сумға қамыр таярлаўшы үскене сатып алдық. Ҳәзирги ўақытта 3 адамды турақлы жумыс пенен тәмийинледик. Буннан тысқары халықтың талабына бола, ѳзимиздиң менталитетимиздиң ажыралмас бѳлеги болған тандыр қурып, онда да халықтың нан ѳнимлерине болған талабын қанаатландырыўға ҳәрекет етип атырмыз. Алдағы ўақытта кондитер цех ашыў нийетимиз бар, – дейди исбилермен Әлишер Уразов.
Аймаққа жол алған жүк машиналар кәрўаны да турмысымыздың және де абаданласыўынан дәрек берип турғандай. Ишки жоллар бийикленип, тегисленип, суў себилип, қум ҳәм тас араласпалары тѳселип барылмақта. Халқымызда « жол қурған саўап» деген гәп бар. Жолың саз болса машақатың аз болады. Булардың барлығы Жаңа Ѳзбекстанның жаңа имканиятларын қурайды. Халқымыздың ѳз турмысынан разы болып жасаўы ушын исленип атырған ислер кеўиллерди толқынлатып, Ана ўатанға болған сүйиспеншилигиңди асырады.
Жумагүл ЕМБЕРГЕНОВА,
Ѳз хабаршымыз.
Сүўретлерде: аймақ турмысынан көринислер.
