«101»ге ИСИҢИЗ ТҮСПЕСИН ДЕСЕҢИЗ…

Хожели районы 19-Өрт қәўипсизлиги бөлимшеси хызметкерлери тәрепинен алып барылып атырған үгит-нәсият жумысларына қарамастан айырым пуқараларымыздың бийпәрўалығы ақыбетинен районымыз аймағында өрттиң келип шығыў жағдайлары орын алып атырғанлығы ашынарлы жағдай. Район аймағында усы жылдың тоғыз айы даўамында 27 орында өрт ҳәдийсеси жүз берип, пуқараларымыз тәрепинен өрт қәўипсизлиги қәделерине айтарлықтай дыққат ҳәм итибар аўдармай атырғаны аянышлы жағдайларға алып келмекте. Мысалы ретинде айтып өтсем усы жылдың 26-март күни саат 23:49лер шамасында Хожели районы «Колхозная» көшеси номерсиз жайда жасаўшы 1960-жылы туўылған пуқара Тажимуратов Тилепбайға тийисли болған жеке меншик турақ жай бөлмесинде орнатылған отын пещь морысы қатты қызып кетиўи ақыбетинде өрт келип шығып, өрт нәтийжесинде турақ жай бөлмесиниң 20м.кв. төбе бастырмасы өрттен зыянланды. Буннан тысқары усы жылдың 23-сентябрь күни саат 03:32 минут өткенде, Хожели районы А.Шамуратов көшеси 24-жайда жасаўшы 1970-жылы туўылған пуқара Көмек Садиковқа тийисли болған жеке меншик турақ жайында орнатылған контрамарка пещь морысы қатты қызып кетиўи ақыбетинде өрт келип шығып, өрт нәтийжесинде турақ жайының 10м.кв. төбе бастырмасы өрттен зыянланған.
Мине булардың барлығы пуқараларымыздың немқурайлылық ҳәм итибарсызлығы ақыбетинде өртлердиң келип шығыўы көп болмақта.
Ҳәр ҳәптениң сәршемби күни өткерилип атырған «Өртлер профилактикасы күни» дәстүриниң белгилениўи ҳәр бир пуқараның турақ жайларында, үй қаптал бөлмелеринде өрт ҳәдийселериниң келип шығыўына, инсанлардың өрт ҳәдийселеринен күйип дене жарақатларын алмаўы, олардың мезгилсиз набыт болыўларына жол қоймаў мақсетинде «Өртлер профилактикасы күни» дәстүрине белсендилик пенен қатнасыўға шақырамыз.

О.Дүзелбаев,
Хожели районы, АЖБ профилактика ҳәм қадағалаў бөлимшеси ӨҚҳПБ қәнигеси.