БУЛАҒЫМСАҢ

(Қарақалпақстан Республикасы, Қоңырат районында туўылған
/1937-1967/ белгили шайыр жерлесимиз Төлеген Айбергеновқа арнап)

«Сен мениң алтын уям жыр бесигим,
Жанымда шоқ боп жанып тур исимиң»
Төлеген Айбергенов. « Туўылған елиме» қосығынан.

Қыялыңды ертеден шайқай алған,
Қоңыраттың жерине қайыл қалдым.
Қосықтың сыр дүньясын байқай алған,
Қазақта қаймақ болдың шайырлардың.

Сөз айттың тыным билмей төгилдирип,
Қайысып қабырғаны сөтилдирип.
Талайлар аўзының суўын сорды,
Қосыққа қойдың-аў жүгиндирип.

Еки елди тең көрип жырладын ба?!
Қосығың бар Қазақтың қырларында.
Қоңыраттың жеринде туўылды деп,
Керилип, мақтанып турмадым ба!?
Сени сорар Қоңыраттың самаллары,
Қосығыңды яд етер адамлары.
Дизе бүгип бир аят оқып кетер,
«Сорша» ға арасында барғанлары.

Отызыңда еки ел танып билген,
Қосық оқып мийрими қанып билген.
Жетписинде қосығы былғасып жүр,
Базылар бар тек шайыр болып жүрген.

Зуўалам ашыўына қарығымсаң,
Қосық сүйер кеўилде шырағымсаң.
Қоңыраттың жеринен жарып шыққан,
Қарекеңде туўылған булағымсаң.

Қосығын оқый бердим Төлегенниң,
Поэзия шыңына өрлегенин.
Намысың бар ма сениң дегим келер,
Төлегенниң қосығын билмегенниң