Улуғбек аға өнерли, қоңсы-қоба, аймақтағы шаңарақлардың жылытыў үскенелерин орнатып, мүтәжин питкереди. Бүгин үйине онша алыс болмаған қоңсы көшедеги Турдыбай аға машинасына керекли әсбап үскенелери менен миндирип алып келди. Тәжирийбели устаға трубаны қәйтип, қалай орнатқанда ыссылық жақсы болады барлығы яд болып қалған. Екшемби дем алыс күни болғаны ушын улы Айбекти де өзи менен бирге жәрдемге алып келди. Трубалардың бири узын, бири қысқа қулласы өзине керекли өлшемлерин кесип үйдиң алдында кеңисликте кызғын жумысқа кирисип кетти.
Бир пайыт туўрысында мийўеси уўылжып пискен жүзимниң астында кимдур отырғандай сезилди оған. Ара-арасында көзиниң қыясын салып қарап та қояды. Нәзеринде ҳеш көзин үзбестен оның ҳәрекетин аңлып отырғандай бола берди.
Күтпегенде Айбектиң «– Аға ана бала ким?» – деген сораўына – “Ким”? – деп сораў менен жуўап қайтарды. Өйткени ағасының өзине де буның кимлиги сораў болып тур еди. Өзин берилип жумыс ислеп атырған сыяқлы көрсетип және кимлиги қызықтырып турған сол балаға урлап қарағанын өзи де сезбей қалар еди. Бир пайыт баласының сораўы жуўапсыз қалганы есине түсип – “қыдырып келген ағайин баласы шығар” – деди де жумысын даўам еттирип.
Турдыбай ағанын ҳаялы Тазагүл апа тийкарғы жумысына қосымша жеке кәрханада да есапшы болып ислейди. Дем алыс күнлери әне сол кәрхананың есап-санақ жумысы менен бәнт болғанлықтан қоңсысы Жумахан апаның Арыўхан деген қызы келип үй жумысларына көмеклеседи. Азаннан усталар ушын аўқат таярлаўға киристи. Керекли өнимлерине атызга түсип, жуўыў ушын ағып турған суўға қайырыла бергени сол жүзимнин астында кимдур отырғандай болып көзине көринип кетти.
Бай-буў сәлем бермедим-аў деп ишинен қысынды. Лекин, асханаға киргеннен соң және жумыстың көплигинен умытты.
Бир майданда күн аўып геўгим түсе баслады. Қызып турған темирди урыў ушын Улуғбек аға сыртқа шықты. Енди жарықта ислемесе көзи де илмей баратыр. Әсте бағанағы жүзимниң қапталындағы жанып турған шырақтың жақтысына келип жумысын даўам етти. Қараса азандағы адам еле сол турысында қыймылдамастан отыр.
– Тазагүл апа, аўқатты сүзе берейинбе? – деген даўыс естилди.
– Аўа, сырттағыларды да шақыр–деди үйдиң ийеси.
– «Ҳе мынаў, расында да аўылдан қыдырып келген мийман қусайды. Неге отырған орнынан қыймылдамастан отыр, я мени аңлытып қойдыма екен.
Қудайға шүкир, усы күнге шекем ҳеш кимниң ҳеш нәрсесине тиймегенмен, ҳәтте айырым қоңсылардың жумысын ислегенимде исенип үйиниң гилтин де таслап кеткенлери болды. Ҳайранман, Турдыбай аға көпти көрген, оқымыслы аймақтағы төрели жасы үлкенлерден бири. Бул не қылганы, маған исенбегени ме?» – деген түрли ойлар менен қол жуўып атырғанда Улуғбек ағаның қулағына көмекши қыздың:
– Тазагүл апа, жүзимниң астында отырған баланы шақырайын ба?
– Яқ, ол кейнинен жейди.
– Ол ким өзи?
– Аўылдан келген ағайин бала-ғой, абитурент. Көрдиң бе Арыўхан оқыўға усылай етип, китаптан басын көтермей таярланады, сен де таярлан – деген өз-ара әнгимеси оның кеўлин бираз тынышландырғандай болды.
Кешки аўқатты жеп болып, қайтыўға таярланып атырғанда Турдыбай аға:
– Улуғбек мийнетиңе рахмет, қолың дәрт көрмесин, өзим бир сақлап қойған жүзимим бар еди, сорты әжайып үйдегилер менен бирге жейсиз берип жиберейин деп – күни менен көздин жаўын алып писип турған жүзим тәрепке ертип апарды. Оның азаннан берли қыялын бийлеген түрли ойларға жуўмақ жасайтуғын мәҳәли келди.
Келип қайсы көз бенен көрмесин ҳеш қыймылдамастан отырған бул жумбақлы адам “Қорықшы” екен.
Я күлерин, я сөйлерин билмеген Улуғбек аға, сан-мың қыяллар менен жүрип бүгин қәйтип жумыс ислегенин де билмей қалды. Оның қуўанышы сол қоңсысы ҳаққында ойлағанларының барлығы натуўры шықты, Турдыбай аға ҳақыйқатында да жақсы қоңсы. Ол әсиресе өнерли адамларды өзғеше ҳүрмет ететуғын әжайып инсан!.
Айназар Шадибаев,
Нөкис қаласы, 28-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы.
