Мүддети өткен паспортларды ID–карталарға алмастырың

Ишки ислер министрлиги пуқаралардан мүддети өткен паспортларды кешиктирмей ID–карталарға алмастырыўды сорамақта.
Мағлыўматта келтириўинше, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 223-статьясына тийкарланып Өзбекстан Республикасы пуқарасының паспортсыз ямаса идентификациялаўшы ID картасыз ямаса ҳақыйқый болмаған паспорт пенен жасаўы ҳәкимшилик жуўапкершиликти келтирип шығарады.