Биринши шерек жуўмақланыўдан ҳәр дайымғыдай дем алысымды аўылда анамның дайысының үйинде ѳткизиўге асықтым. Анамның дайысын бизлер «ата» деймиз, оларда бизлерге жүдә баўырман. Нѳкиске келеғойса, әлбетте үйимизге қайырылмай кетпейди. Сѳк, ийжан, зағара олардың бизлерге базарлығы. Жақында ғана ағайинниң үйиндеги тойға келгенинде үйимизге келип:
– «Дем алысыңызда аўылға барың, сизлерге жаңалығым бар» – деп кеўлимизге ғулғула салып кетти. Сол жаңалыққа асыққан бизлерди ағам дем алысқа шыққан күни-ақ атамның үйине апарып таслады. Барсақ ҳәммеси пахта атызында екен. Үйде жалғыз отырыўды еп кѳрмей терекке илиўли турған фартукти ийниме тасладым да теримшилер жанына ушып бардым.
– «Әне, ҳақықый жигит сѳзинде турыпты да» – деп мақтаўымды берип, атам, кишем, ажағаларым қулласы ҳәммеси қуўанысып мени күтип алды. Бири оқыўыма, бири үйдегилерге және бири Нѳкистеги ағайинлердиң жаңалығына қызықсынып сораўға тутты, мен де билгенимше хабарларды жеткиздим. Демде түс болды.
– «Бүгин қонағымыз бар, ертелеў кетип түслик таярлаўың керек еди» – деди атам кишеме.
Сонда: Ҳаў ата, аўқаттың ѳнимлерин таярлап кеттим, ҳәзир жетип алайық сизлер жуўынаман дегенше таяр қылып дастурханға тартаман» – деди кишем.
Тап айтқанындай бизлер жуўынып шайынаман дегенше он бес, жигирма минут ишинде үлкен табаққа жасалған аўқат келди. Ақсаўлақтың ортасына қуйылған сарымайдың ийиси сондай жағымлы, бѳлмениң ишин алып кетти. Ҳәмме сүйсинип иштей менен жеп ҳәр заматта таўысып тасладық. Мен ушын бийтаныс болған бул аўқаттың мазасын сөз бенен жеткизиўим қыйын.
– «Кише бул аўқаттың аты ақсаўлақ екенин билемен, бирақ усы ўақытқа шекем бул аўқатты жемегенмен. Әсиресе, оның тез тайын болғаны мени таңландырды» – деп кишемнен ѳзимди қызықтырған сораўларға жуўап алғым келди.
– Дурыс балам, кѳрип турғанындай ҳәмме ерте азанда атызға атланамыз, түсликти түнде таярлап кетемен. Мынаў ақсаўлақ, отқа писирилди. Мынаў қаўынның қайнатылған ширеси, қатық, қолдан пискен сарымай. Бул ата-бабаларымыздың миллий тағамы. Меҳир менен таярлап сүйсинип жеген, белге қуўат дәрман болады.
Ҳақыйқатында да тойымлы аўқат болды. Кѳп иркилмей және атызға атландық. Мени аўылға асықтырған жаңалықты атамнан сорадым.
– «…кѳрдиңбе балам анаў ѳткен жылғы тайыншақ уп үлкен ат болды, жақында байраққа шаўып тойдың үлкен сыйлығын алдық. Ертең теримге шықпай жума күнги тойға бирге сейислеймиз» – деп кѳзлери қуўанып мақтаныш етти.
Аўылдағы биринши күним сондай жақсы басланды. Бул сапары мен үлкен тәсирлер менен қайтатуғыным анық. Себеби кишем және усындай дәми аўзыңда татыйтуғын қатық быламық, сүт бурыш, сықпан сыяқлы миллий тағамларды таярлайтуғынын айтып, бизлерди қуўандырды.
Айназар ШАДИБАЕВ,
Нѳкис қаласы, 28-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы.
