ФАСТФУДЛАР БИЗГЕ КЕРЕК ПЕ?

Гамбургер, сендвич, пицца, чипси… Қарнымыз аш болып турған ўактында оларды көз алдымызға келтириўимиз бенен иштейимиз ашылып кетеди. Атап өткенлеримиздиң тез таярланыўы ҳәм баҳасы да арзан болғанлығы көпшиликке жүдә қолайлы. Әсиресе жумысы көп, ўакты тығыз инсанлар ушын. Фастфуд өнимлерин оқыў орынлары, мектеп алдыларында сатып турғанын көбирек байқаймыз. Оқыўдан шаршап, аш болып шыққан балаларға бул затлар көзлерине оттай басылады. Ата-аналарының аш болсаң бир зат алып жерсең дегенин усындай көзди қуўандыратуғын затларға жумсайды. Бирақ олар қайдан билсин оның зыяны көбирек екенин.
АҚШ тың өзинде 50 миллионнан артык адам өз өмирлерин фастфудларсыз көз алдына келтире алмас екен. Сол ушын 110 миллиард доллар пулында аямастан жумсап келмекте. Бул өнимлерди ҳәдден зыят көп жеген балаларда ар

тықша салмақ қосыў себебинен жүрек қан тамырлары, асқазан, баўыр ҳәм өтқалта әдеўир зыянланады екен. Муғдарынан артық дуз, май ҳәм ҳәр түрли бояўлар ислетилетуғын тез таяр болыўшы сендвичлер, қантлы диабет, гастрит жүрек аўырыўы кеселликлерин шақырады. Сондай-ақ дузлы чипсиларды көп жеген организмде депрессияға түсиў қәўипи жоқары болатуғынлығын россиялы илимпазлар дәлиллеп берген.
Фастфудлар диетологлар тәрепинен ҳеш қашан усыныс етилмейди, – дейди эндокринология илим-изертлеў институты врач диетологы Дилмар Савчук. – Бириншиден фастфудлар қурамындағы белоклар тәбийий болмайды. Соның менен бирге жас өспирим балаларда еслеў қәбилетиниң төменлеўине, аяқ бўын аўырыўларының асқыныўына алып келеди, деп белгилеп көрсетеди.
Қәнигелер 2 литр суў, 5 грамм дуз, 3 грамм май ҳәм 30 грамм қумшекерди бир күнлик норма деп есаплайды. Усы қатаң қағыйдаларға әмел етип, дурыс аўқатланыў мәдениятын сақласақ ҳәм оны өсип атырған балаларымызға үйретип барсақ келешек өмиримиздиң кепили бола аламыз.

Пирюза ХОЖАМБЕРГЕНОВА,
Қарақалпақстан Медицина институтының фармакалогия ҳәм фармацевтика технология кафедрасы баслығы.