ШАЙЫРДЫҢ ЮБИЛЕЙ ЖАСЫНА АРНАЛДЫ

Балалардың сүйикли шайыры Х.Сапаров 20 дан аслам китап шығарып, балалар дүньясына бийбаҳа шығармалар қалдырып, 40 тан аслам қосықларына композиторлар тәрепинен нама шығарылған. Усындай бийтәкирар талант ийесиниң мектебимизде болып ѳткен 90 жыллық юбилей еслеў кешеде кѳп мағлыўматларға ийе болдық. Шайырдың қызы журналист Гүлайым апа Сапарова ҳәм кәсиплеси шайыр Ж.Ѳтениязовлар бизлерге шайырдың ѳмири ҳәм шығармалары туўралы жақсы түсиниклер ҳәм ѳзлериниң ол инсан ҳаққында жыллы пикирлер билдириўи биз келешек жас әўладларға руўхый азық болды.

Ҳақыйқатында да оның ҳәр бир шығармасының қунлылығы сонда жас әўладларды әдеп-икрамлы етип тәрбиялаўға қаратылғанлығы менен бийбаҳалығын биз ушырасыў даўамында тереңнен сезиндик.

Усындай мазмунлы ҳәм тәсиршең кешеде оқыўшылар мийманларға шайыр қосықларынан айтып берип, кешени ѳзгеше заўықлы ѳтиўине үлесимизди қосқанымыздан қуўаныштамыз.
Еслеў кешеси соңында шайыр Ж.Ѳтениязов ѳзиниң китабы   н мектеп китапханасына саўға етип тапсырса, шайырдың қызы Гүлайым Сапарова ѳзине бийбаҳа болса да оның китапларын оқыўшыларға саўға етип, әкесин еслеп, усындай кеше шѳлкемлестиргенине миннетдаршылық билдирди. Әлбетте, биз – оқыўшылар усындай қунлы шығармалардан руўхый азық алып, келешектиң билимли, тәрбиялы жаслары болып жетилисип, исенимлерди ақлаймыз.
Г.ЖОЛЛЫБЕКОВА,
Нѳкис қаласы, 23-санлы мектеп оқыўшысы.