ѲМИРБЕК ЛАҚҚЫ КҮЛКИЛЕРИ

СЕН ҚАРАЎЫЛЛА

Ѳмирбек бир суўпы менен узақ сапарда жолдас болыпты. Ѳмирбектики қартайған қара ат, суўпыныки жас ақ ат екен. Олар далада түнеп қалыпты. Суўпы жатарда:
– Ѳмирбек, бул жерде уры кѳп, атларды сен қараўыллайсаң, – депти.
– Жоқ, қараўылламайман, мениң атым қара. Оны түнде урылар кѳрмейди. Сеники ақ, узақтан да кѳринеди, – депти Ѳмирбек.
– Онда кел, атларды алмастырамыз.
– Мейли.
Ѳмирбек атларды алмастырыпты да, суўпыға қарап:
– Енди сен қараўыллайсаң, – депти.
Суўпы ҳайран болыпты:
– Неге мен қараўыллайман?
– Сениң атың қара, қараңғыда кѳре алмайсаң. Оны уры алып кете ме, қасқыр жей ме, билмейсең. Меники ақ, узақтан биймәлел кѳринип турады, – депти де Ѳмирбек арқайын уйқыға кетипти. Атларды суўпы қараўыллап шығыпты.

БАСПАҚ

Ѳмирбек жас ѳспирим ўақтында анасының қыстаўы менен үйиндеги баспақты мал базарға алып барып сатыпты. Соң қараңғыда ярым сааттай айланып, үстине азырақ пул қосып кѳзине тәўирлеў, ирилеў кѳринген бир баспақты сатып алыпты. Питирген исине кеўли толған ол үйине келипти, баспақты мал қораға байлапты да, еле таң атыўына бираз ўақыт барлығы себепли уйқыға кетипти. Аздан кейин оны анасы оятыпты:
– Тур, Ѳмирбекжан. Базардан кешигип қаласаң.
– Қашшан базарға барып келдим, апа.
– Қой ѳтиригиңди!
– Ѳтирик айтып не. Ѳзимиздиң баспақты сатып, үстине үш теңге қосып басқасын, семизин алып келдим.
Ѳмирбек анасы менен мал қораға барып қараса ѳзиниң баспағы байлаўлы турған екен.
Халық аўзынан жазып алған: Жапақ ШАМУРАТОВ,
Қоңырат районы.

НАҚЫЛЛАР

1. Билимли молла жаназаға жарасады.
2. Шалағайым келинге-шонтық сипсе.
3. Ийисшилдиң мурны узын.
4. Ғарры ѳгиз қассаптан қорықпайды.
5. Бүркит шаңқылдаса тасбақа жасырынады.
6. Ҳаял ерке болса ерине серке болады.
7. Ағайинниң қазаны басқа қайғысы бир
8. Тайлығында туяғы сынған, узаққа шабалмас.
9. Улың гәп уқпаса келиниңе уқтыр.
10. Жуўас аттың тепкиси қатты болады.
11. Дәртти шыдам жеңеди.
12. Сынбаған сап қалмайды.
Жыртылмаған қап қалмайды.
13. Мийрас дүнья тозады,
Мийрас ѳнер озады.
14. Ѳнер-минсең ат, ушсаң-қанат.
15. Азсынған аш қалар.
16. Күлки тасты еритеди.
17. Қартайғанда қылға қағыласаң.
18. Жақсылық тѳрге шығарар,
Жаманлық гѳрге.
19. Тайына минсең бийеси «белим» дейди.
20. Бир пәлектен мың қәмек.
21. Пердели қыз перийге тең.
22. Ериншек есикке шықса ат жаллайды.
23. Бойдақлықта байлық жоқ.
24. Жантақ ѳзин бағ дейди,
Саясына таў дейди.
25. Шымшық уясында ѳзин қаршыға санайды.