Конституцияның өзине сай өзгешеликлери

Усы күнлери елимиздиң гүллəн халқы мəмлекетимиздиң жəмийетлик-сиясий турмысында ең уллы сəнелердиң бири – Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллық байрамын жоқары көтериңкилик пенен күтип алмақта.
1992-жыл 8-декабрь күни мазмуны ҳəм əҳмийетин ҳеш нəрсе менен өлшеп болмайтуғын, улыўма жетик болған тарийхый ҳүжжет – Конституциямыздың қабыл етилиўи менен жаңа мəмлекет ҳəм жəмийет қурыў жолы ҳəм имканиятлары ашылды. Сол күннен баслап елимизде еркин базар қатнасықларына тийкарланған ҳуқықый демократиялық мəмлекет ҳəм пуқаралық жəмийетин қурыўда, халқымыз турмыс тəризин абат ҳəм пәраўан етиўде ҳəм ҳалыкаралық майданда өзимизге мүнəсип орын ийелеўде Конституциямыз беккем тийкар болып келмекте.
Ҳəммемизге белгили, Конституция мəмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳəр бир мəмлекеттиң келбети ҳəм келешегин белгилейди. Сол өзгешеликтен келип шығып айтыў мүмкин, 1992-жыл, 8-декабрьде қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясы мəмлекетимизди дүньяға танытқан, ҳалықаралық қатнасықлардың тең ҳуқықлы субъекти сыпатында жедел ҳəрекет етиўге ҳуқықый тийкар жаратқан əҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады. Бул ҳаққында сөз айтылғанда, оның ҳалықаралық қатнасықларда мəмлекеттиң паспорты сыпатындағы ролин ғана емес, бəлки ишки реформалар процессиндеги тийкарғы ҳуқықый дерек екенлигин айрықша айтып өтиў мақсетке муўапық.
Конституциямыздың ҳәр бир нормасы тийкарынан өз мазмуны менен халқымыздың бурынғы бай мәденияты ҳәм руўхыятына тиккелей байланыслы болып есапланады.
Оның ҳəр бир статьясын оқып көрер екенбиз, ең əўеле, инсан ҳуқықлары ҳəм еркинликлери мəселесине, олардың əмелге асыўын тəмийинлеўге айрыкша итибар қаратылғанлығының гүўасы боламыз.
Бизиң Конституциямыз, ески совет конституциясынан парқлы рәўиште, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери, оның мәплери мәмлекет мәплеринен үстин екенин белгилеп қойыў арқалы адамлар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыўды өзиниң әҳмийетли мақсети етип белгиледи. Социаллық әдиллик принциплерин нызамшылық жумысымыздың барлық бағдарларының тийкары деп жәриялады.
Конституция – мәмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ең жоқары юридикалық күшке ийе, мәмлекеттиң ерк-ықрарын көрсетиўши, мәмлекет дүзилиси ҳәм басқарыў формасы тийкарларын белгилеўши, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўши, ҳәкимият уйымлары хызметин шөлкемлестириў тәртиби ҳәм принциплерин белгилеўши тийкарғы нызам.
Бүгинги күнде Өзбекстан демократиялық өзгерислер, кең имканиятлар ҳәм әмелий ислер мәмлекетине айланып бармақта.
Мәмлекетимизде болып атырған демократиялық жаңаланыўлардың ҳәзирги басқышында халық пенен анық түрде сөйлесиўди жолға қойыў, барлық пуқаралардың пикирин билиў, олардың дәртин еситиў ҳәм ҳақыйқый турмысқа сай болған халықшыл стратегияны әмелге асырыўдың өними сыпатында Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен әдиллик принципи күн тәртибиндеги ең үстинликке ийе мәселелерден бири сыпатында алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 13-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасында демократия улыўма инсаныйлық принциплерине тийкарланыўы, инсан, оның турмысы, еркинлиги, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм басқада қол-қатылмаслыққа ийе ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланыўы ҳәм де демократиялық ҳуқық ҳәм еркинликлер Конституция ҳәм нызамлар менен қорғалыўына кепиллик берилди.
Бул болса пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдың ең нәтийжели тәсиршең ҳәм демократиялық усылларынан бири болған суд арқалы қорғаўды мүмкин болғанынша кеңейттириў, суд системасының демократиялық тийкарларын реформалаў ҳәм және де тереңлестириў, суд ислериниң дурыс ҳәм өз ўақтында көрип шығылыўын тәмийинлеў, пуқаралардың жеке, сиясий, социал-экономикалық ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў кепилликлерин және де күшейттириўге қаратылған суд-ҳуқық реформаларын әмелге асырыўды талап етти.
Өзбекстан Республикасында суд Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм басқа нызамларында, инсан ҳуқықлары ҳаққындағы халықаралық ҳүжжетлерде жәрияланған пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәм де нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд жолы менен қорғаўға қаратылған.
Судтың искерлиги нызам үстинлигин, социаллық әдилликти, пуқаралар тынышлығын ҳәм татыўлығын тәмийинлеўге қаратылған.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 44-статьясына муўапық, ҳәр бир шахсқа өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекет уйымлары, лаўазымлы шахслар, жәмийетлик бирлеспелердиң нызамсыз ҳәрекетлери үстинен судқа шағым қылыў хуқықы кепилленеди.
Судлар пуқаралық ислерин көриў ҳәм шешиў арқалы пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың хуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғайды.
Өткен жыллар даўамында суд-ҳуқық системасын реформалаў тараўында кең көлемли ҳәм нәтийжели жумыслар әмелге асырылды.
Жуўмақлап айтқанда, Конституция бойынша үгит-нәсият жумысларын жүргизиў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз. Себеби, Конституция шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерин қорғаўшы нызам.
М.Адилова.
Пуқаралық ислери бойынша Нөкис районлараралық суды судьясы.