Қыс мәўсими кирип келиўи менен ҳаўа райының өзгериўи, суўық күнлердиң басланыўы менен бөлмелерди ҳәм имаратларды ысытыў ушын ҳәр түрли ысытыў үскенелеринен – тәбийий газ, отын (көмир) печлери, электр ысытқышларға болған талап артады. Халықтың тәбийий газге болған талабы асыўы менен бир қатарда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына бойсынбағаны ямаса кеўил аўдармағанлығы ақыбетинде партлаў ҳәм газден зәҳәрлениў менен байланыслы бахытсыз жағдайларға себепши болыўы мүмкин.
Пуқараларымыз тәбийий газден пайдаланыўда қәўипсизлик қағыйдаларына бойсынбағанлығы, газ үскенеси орнатылған бөлмеде уйқылаўы, печлерди ҳәм суў ысытқыш үскенелерин күни бойы жағыўы, жанып турған газ үскенелерин қараўсыз қалдырыўы ҳәм газ плиталарынан өжирени жылытыў ушын пайдаланыўы, өз еркинше қосымша газ үскенелерин орнатыў ҳәм резина шлангалар менен жалғаўы, газ ийиси пайда болғанда электр үскенесин өширип жағыў, шырпы жағыў, темеки шегиўи, ысытыў үскенелерин қараўсыз қалдырыў ақыбетинде өрт ҳәм газден зәҳәрлениўлер келип шығатуғынлығын көрсетпекте.
Пуқараларға соны ескертип айтып өтиўимиз керек, қағыйдаларға бойсынғанда, өзиниң ҳәм шаңарақ ағзаларының аманлығын ҳәм қәўипсизлигин тәмийнлеген болады.
Ҳүрметли пуқаралар! Ҳәммеңизди айрықша жағдайлардың алдын алыў, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етип, өрт ҳәм ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыўда итибарлы болсаңыз, шаңарақ басыңызды, жыллар даўамында жыйнап терген мал-мүлклериңизди, аман сақлаўда өзлериңиздиң үлесиңизди қосқан болар едиңиз!
Рустам ТАДЖИТДИНОВ,
Нɵкис қалалық АЖБ инспекторы аға лейтенант.
