Ҳәзир Нѳкис қаласында жасап, ислеп атырман. Ҳәр бир мәҳәлле, олардағы кѳшелер асфальтланып атыр. Ѳзгерислер кѳп. Буларды кѳрип, ѳзим келин болып түскен Қараѳзек районындағы «Қараѳзек» АПЖ ның жоллары ядыма түсип, қапа болып кетемен.
Район орайынан аўылға бараман дегенше он бес минутта жететуғын жерге ярым саатта зорға жетип барасаң. Машиналар шуқырларға түсип кеткенде шофёрлар дѳңгелеклерине ашынып, аҳ урады. Аўылдың ишиндеги жағдай да сондай. Қыста жаўын, қар жаўғанда ол жоллардан жүриў аңсат болмайды. Районнан аўылға қатнайтуғын машиналар да усы жағдайға бола пулыңа да барғыс
ы келмей турады. Мақаланы оқып, келин болған соң жаны ашымай айтып атыр-дейтуғын басшылар да табылып қалар. Кимдур бул жѳнинде айтпаса болмайды. Ҳәмме жолларға итибар қаратылып атырғанда неге бул жоллар еле усы итибарсыз турыпты?
Аўылға ҳәр барғанда, усындай азап пенен Нѳкиске шаршап қайтамыз. Аўылдағы адамлардың «ҳәй түбинде исленер» деген үмитлери жоқ емес.
Бул тек газета бетинде айтылып қалған гәплер болмаўы керек – деп үмит етемиз.
Нилуфар Қаниязова,
Нѳкис қаласы 20-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы.
