УЛБОЛСЫН, ТАБЫСЫҢ ОҢ БОЛСЫН!

«Жаслар арасында илимий мақала жазып, конференция, таңлаȳларда медал алатуғынлар көбейип кетипти. Тезисин оқысам, иши быжнаған «ссылка»…
Бул гǝп ҳǝр сапар журнал яки газетада жас илимпазлардың мақаласына көзим түссе, дǝрриȳ есиме тақалып келе беретуғын болыпты. Ярым жыл алдын бир профессор айтқан усы «фраза» себепли айырым илимий тезис, мақалалардан биротала кеȳлим суȳып қалған еди. Бир күни ғайыптан тайып қолыма Башқуртстанда шығатуғын абыройлы журнал келип түсти. Ишинде Улболсын Кеȳлимжаеваның да «Филологияның салыстырмалы контент анализи» мақаласы бар екен. Автор көзиме бийтаныс көринбеди, себеби фамилия, аты қарақалпақша. Мақалада У.Кеȳлимжаева қарақалпақ ҳǝм рус тилиндеги айырым сөзлерди өз ара салыстырып, контент анализлерин жасаған. Материал жақсы, қызықлы, анализлер де мǝзи қол ушы исленбеген. Еки тилдеги ортақ сөзлердиң грамматикалық қурылысы, этимологиясы изертленген. Мақаланың «The staff line» деген жерине қайта-қайта қарадым, автор – студент. Сонда ойыма сап етип пайда болатуғын сол баяғы гǝп келди де, дǝрриȳ шил-пǝрше болып сынып кеткендей болды. Демек, жаслар арасында да ҳақыйқый илимди түсинетуғын, оның тек ғана абыройы ушын емес, шарапаты, лǝззетин сезинетуғынлары бар екенлигин түсинип қуȳанғандай болдым.
Жақында мен оқыған сол авторды екинши мǝрте Мǝмлекетлик стипендиялар менен сыйлықланғанлар арасында ушыраттым. Улболсын Кеȳлимжаева «Жоқары ҳǝм орта арнаȳлы билимлендириȳ министрлигиниң 2022-2023 оқыȳ жылы ушын бакалавриат басқышы студентлерине Президент ҳǝм мǝмлекетлик стипендияларын тайынлаȳ ҳаққында»ғы буйрығына тийкар Наȳайы атындағы мǝмлекетлик стипендианты болыпты. Айырым адамлардың өзин таныйсаң да, жазғанларын билмейсең. Ал, шенде-шен инсанның өзи таныс емес тǝ, сөзи, жазған мийнети танысыңдай. Улболсынның илимге қǝдеми нық, ериккенинен илимий мақала жазбайтуғынлығын бул мийнетиниң жемиси дǝллиллегендей болды.

– Улболсын, илим сени таңлады ма яки сен илимди? – деп басладым оның менен көрискенимде. Сораȳға жуȳап көбинесе инсанның кимлигин аңлатады, бул арқалы мен жас илимге қуштар қызды сынамақшы болғаным рас.
– Мен илимди таңладым, – деди ол. – Себеби, илим алыȳ – парыз. ϴмир бойы билим, илим ийелеȳге буйырылғанбыз. Оқыȳ ҳǝм үйрениȳден шарапатлы, қуȳанышлы нǝрсе жоқ. ϴзиме мине сондай жақсылықты рǝȳǝ көрип, дурыс қылғанлығымды аңлап атырғандайман…
Сǝȳбетлесимниң ойы, пикирлеȳи сайыз емес қусаған, оқыған қыз. Гǝплери де сǝдде-сǝдде, артықша сөзин обал қылмайды. Жаслар арасында усындай илимге мүнǝсип ǝȳлад болалатуғын жеткиншеклер барлығына тек ғана «Эврика» деймиз! Қарақалпақ мǝмлекетлик университети Шет тиллери факультети филология ҳǝм тиллерди оқытыȳ: рус тили ҳǝм ǝдебияты тǝлим жөнелиси 3-курс студенти У.Кеȳлимжаеваның мақала, тезислери Ҳиндстан, Россия, Башқуртстан еллериндеги белгили журнал, конференция топламларында жарық көрди. Бир неше илимий конференцияларда өз баянаты менен қатнасты.
Ҳиндстандағы «Academicia» журналында шыққан «Phraseologıes wıth component «ko’z» in the Karakalpak Language» мақаласының интернеттеги көрилиȳ көрсеткиши жоқарылығы итибарға ылайық. Ҳǝттеки, жас қыздың материалынан «сноска» алған илимпазлар да бар. Мақалада автор көз компонентин алып, сөздиң этимологиясы бойынша қызықлы анализлерди бере алған. Оның пикиринше, рус тилинде де қарақалпақ лингвистикасындағы айырым сөзлер қолланылады.
Халқымыз «Болар бала бес жасынан белгили» – дейди. Бирақ, илимде бес жастан баланың илимпаз, алым болатуғынлығын айтыȳ, тон пишиȳ жүдǝ қыйын. Улболсынның жасында перзенттеги илимге қǝбилет ушқынлары емески-емески көринип баслайды. Бул ушқын лаȳлап жаныȳы ушын оны алыстырыȳ лазым. У.Кеȳлимжаева киби жас ушқынның илимге уқыбын сезген устаз Айсултан Маратовна болды.

Инсан аспаннан алым яки билгиш болып түспейди. Оның орны жер. Сол ушын да ата-бабаларымыз ким болсаңда жерде жүр, деп бизди ескертеди. Сыпайы, менменликти билмейтуғын, бирақ мǝȳрити келсе ҳақыйқатты айтыȳдан тайсалақламайтуғын тǝбияты бар оның. Айсултан Маратовнаның қол астында илимли болыȳ жолын үйренип атырған шǝкирт қыйыншылықларға төтепки бериȳ жуȳапкершилигинде өз мойнына алғандай. Себеби, ол жазатуғын материаллары ушын көз нуры, меҳри, қымбатлы ȳақтын бериȳге де таяр. Улболсынның 20 илимий мақаласы, 1 оқыȳ-методикалық қолланбасы жарық көрди. Сондай-ақ, ол Қарақалпақ мǝмлекетлик университети өткерген «Жыл студенти–2022» таңлаȳында «Жылдың өз қǝнигелиги бойынша ең билимли студенти» номинациясы бойынша жеңимпаз атанды.
– Илимдеги биринши устазым ата-анам. Олар арқалы дүньяны таныдым, илим ушын дǝслепки ҳǝриплерди үйренген шǝкиртимен. Екеȳи де педагог. Несийбем сондай устазлар шаңарағына шашылғанынан бахытлыман, – дейди Улболсын Кеȳлимжаева.
Қыз бала ушын шаңарақ биринши жǝмийет. Оның бүгинги табысы сол жǝмийеттен үйренген билими, тǝрбиясы арқасында. Улболсынның буны түсиниȳи, жетискенликлерин шаңарағына байланыстырыȳы да тосыннан емес. Себеби, ǝжапасы Гүлмира да ȳақтында Наȳайы стипендиясы ийеси болған. Ҳǝзирги күнде ол университет оқытыȳшысы.
Жас илимпаз рус ҳǝм қарақалпақ тили ортасындағы трансформацияны үйренбекши. «ϴзге тилдиң бǝрин бил, ϴз тилиңди ҳүрметле» деп айтқанда автор қаншелли ҳақ еди. У.Кеȳлимжаева да салыстырмалы контент анализлер арқалы қарақалпақ тил билиминиң раȳажланыȳына өз үлесин қосыȳды қǝлейди. Оның айтыȳынша, «қарақалпақ тили бай, рус тилине де оның тǝсири бар»…
Қызық илимий гипотеза. Рус тилине қарақалпақшаның тǝсири…
Улболсын Кеȳлимжаева оқыȳын магистратурада даȳам еттирип, жақын келешекте ата-анасына усаған педагог болыȳды қǝлейди. Рус ҳǝм қарақалпақ тилиндеги сөзлердиң салыстырмалы контент анализлери бойынша илимий жумысын жалғастырып, лингвистикаға өз үлесин қосыȳды нийет етпекте. Тилеги өмиринде ажыралмас, жақын жолдасы болыȳына беккем исенгимиз келеди. Илим тек ғана адамларды жақсылықларға алып барады. Илим, билимниң соңы – Жақтылық, Жақсылық!
Жуȳмақ: «ϴмир бойы айтылып жүрилетуғын қосық бир мǝрте жазылады». Улболсынның «қосықлары» болса көп мǝрте жазылсын, өмир бойы оқылсын, деймиз!

Қумар Бегниязова,
ҚМУ Журналистика кафедрасы доценти.