ҚОРҚАҚТЫ ҚУЎА БЕРСЕҢ

«Дүньяда ҳалын сорап бармайтуғын бир ғана кеселлик бар» деген гәпти бәлким еситкен де шығарсыз. Расақ таба алмағаныңыз ба! Онда басыңызды аўыртып отырмай-ақ айта қояйын, олда болса тис аўырыў ғой! Бул кеселликти басынан өткермеген адамды жети ықлымнан излеп таба алмасаңыз керек-аў! Бул «жапсақ» сондай бир эпидемия болып, жети жастан жетпис жасқа шекемги инсанларды өз ишине алады. «Билгишбай»лардың айтыўына қарағанда оның «вирус»лары қант пенен конфеталар арқалы жуғады емиш. Бәлким, бизлер туўылған жылларда усындай ширели затлардың азлығынан ба, бул кеселлик оншелли көптей емес еди. Мәселемкиден, мениң жеке өзимди алып қарасам отыз жасқа шекем тис аўырыўдың не екенлигин де билмей өскенмен. Дурыс, сол балалық дәўирлеримде үйимизде ҳәр биреўи жудырықтай келетуғын «келле қант» дегенлери болды. Қаттылығын айтпайсыз ба! Тислегенде тислерден от шығатуғын еди-аў! Бәлким, сонлықтан шығар анам байғус «тисиңе зыян келип жүрер»деп балға менен майдалап аўзыма салатуғын еди.Cол жыллары ҳәттеки шаңғалақ шағыўға да рухсат етпей қойды. Тислеримниң шынықпағанлығы соншелли жигитлик жасымда да сөк жегенге қамаса бергенликтен мәплик ғаррылардай жалмап жутатуғын едим. Бир жағынан алып қарасақ булда пайдалы емес екен ғой!
Қулласы, отыздан өткеннен кейин тис «эпидемиясы» бизге де өтти. «Қоршалаған көзге шөп түседи» дегенлери усы шығар. Аўырған күнлери түн бойы отырып шығатуғын болдым. Таң атқанға шекем тисиме салмаған дәри, уртламаған суйықлық қалмады. Усындай күнлердиң биринде ҳаялым мойныма жип салғандай тис шыпакерине алып барды. Гезекте отырман. Иштен «ўаҳ», «ўай-ўай» деген жағымсыз даўыслар қалай болса солай еситилип атты. Қорққандики ме, ямаса қыялыма ма тисимниң аўырғаны умыт болғандай сезилди. Нәўбетим келген болса да издегилерди жиберип атырман. Ақыры қабыллаўханада бизден басқа жан қалмаған есабы. Ҳаялымның базарға кеткенлигинен пайдаланып «ҳайт қоймақшы» едим, тосаттан мийирбийке шығып қалып ишке мирәт етти. «Яқ!» деп айтыўдың есабын таба алмадым. Қырсығына дорбасын арқаланып ҳаялым да келип қалды. Илажсыз ишке кирдим. Арнаўлы орынлыққа отырдым. Шыпакер аўзымды бақадай аштырып бир қатар көзден өткерип шықты. Бир мәҳәли қолындағы әспабы менен қасақана аўырыў тисимди басып-басып жиберди. «Ўаҳ!» дегенимди билмей де қалыппан. «Алыўға болмайды, нервин өлтиремиз» деди. Соң аппаратын иске қосып тисти шарлай баслады. Төбе шашым тикке турып кетти. Шыдаў мүмкин емес. «Дат» салып қолына асыла кеттим. Тас болмаса уртымды тесип кете жазлады. «Қандай сабырсыз адамсыз өзи» деди шыпакер аппаратын өширип атырып. «Берекет табың, қанша турсада аўырмайтуғын дәриңизден салып жиберсеңиз, шыдай алмай атырман. Давленим де бар еди» деп жалына басладым. Ол укол иследи. Мине усыннан кейин барып питегене шыдайын дедим. Тистиң ортасын ойып, ийнеси менен нервлерин өлтирип, ўақытша пломба қойыў менен өз исин жуўмақлады. Сондай-ақ, еки күннен кейин қайта келиўимди ескертти.
Сол күни ҳәз етип уйқлаппан. Тисим еки күн өтсе де аўырған емес. Усыннан кейин тис шыпакерине дарымай кеттим. Күнлерден бир күни пломба салынған тис жаңқаланып түсип туқылға айланды. Бул мәселеде үлкен тәжирийбеге ийе болғанлардың сөзине қарағанда дәрҳал қаплатыўым керек екен ғой! Биз қайдан билиппиз. Солай етип, сол туқыл тисим қайта аўырды. Буның үстине тилимди жаралай баслады. Енди алдырып таслаўдан басқа шарасының қалмағанлығын өзимде пәмледим. «Тисти қопартыў» не деген қорқынышлы сөз. «Аўырыўына шыдасаң мың жаса» дегенлериндей жүре бердим. Тилекке қарсы күн сайын исип баратыр. Биреўлердиң мәсләҳәти менен майлық бастық, тоққа туттық. Жағдай жаманласса жаманласты да, жақсыланбады. Ақыры алдырыўға қарар еттим.
Усындай әбигерли күнлердиң биринде мениң менен бир кабинетте отыратуғын палўан денели Султамурат аға Киевте аспирантурада жүргенде тисиниң аўырғанын, шыпакерге барғанын, сонда өзинен бурын кирген бир негр жигитиниң жағы тайып кетип «тез жәрдем» менен алып кеткенлигин, соннан қорқып шыға қашқанын айтып жүрегимди жармасы бар ма! Тағыда аяғым тартпай қалды.
Арадан бир ҳәпте өтти. Ҳәттеки исиктен аўзым да қыйсая баслады. Кимдур биреў «зәҳәрленип өлесең, бала» дегеннен кейин ғана барыўға мәжбүр болдым. Шыпакер болса жан күйдирип урысып атыр. Уколды ҳәр еки тәрепинен бекиштирип салып, бир неше мәўритлерден кейин жулды да алды. Билмей де қалдым. Тиске қосыла бир талай нәрсе дегендей… Қутыла қойдым. Көп күнлерден кейин барып бет-әлпетим өзиме усады. Сол-сол екен, тисим аўырғаннан барлық қорқыўларды жеңип тис шыпакерине қарай шабатуғын әдетти басладым. Бийликти өзине тапсырдық. Биреўлерин емлесе, биреўлерин алып таслап атты. Қулласы, буғанда үйренисип кеттик-аў!
…Ўақыт өтип жас басқан сайын тислер де қосыла қартая ма деймен! Соңғы жыллары бираз тислер менен хошластық. Бир нешесин қаплаттық. Ўақты менен қапламаларда тозады екен, өзи менен турмай тислерди де ала кетти. Аўқат ишиў қыйынласты. Жақында тис шыпакерине көринсем «Аға, енди таңлай тис салмасақ басқа жолы қалмапты, бул ушын қалған туқылларыңызды алып аўыз қуўыслығыңызды тазалаўымыз керек» деди. Сыйпалап қарасам ет басып кеткен еледе бес-алты туқыл бардай көринди. Дәслебинде биримлеп, соң еки-екиден бир жола алдырып тындым. «Қорқақты қуўа берсең батыр болады» дегенлери сол ма дедим. Қалай да жүректи басып алғанбыз. Усы барысы болса тисқо-тис, ҳәттеки «операция жолы менен жағыңды алмастырып берейин» десе де келисим бергендей түрим барға усаған. Бул әлемде бар екенсең аўқатты өзиң шайнап жутқанға не жетсин! Солай емес пе!

13-март 2006-жыл.
Көбейсин ЕРНАЗАРОВ.