БАХЫТ ГИЛТИ ӨЗИМИЗДЕ

Ҳәзирги күнлери перзент тәрбиясы барған сайын қурамаласып баратырғаны ҳақыйқат. Бул мәселениң бир ушы телевизор ҳәм компьютерлер, смартфонларға барып тақалса, және бир ушы шаңарақлық орталыққа да байланыслы. Егер шаңарақ басшылар жақсы болса, бала да оларға қарап үлкейеди. Кериси болса не? Ата-ана тез-тез жәнжеллессе, буның ашыўы баладан алынса не? Әне усындай жағдайларда шаңарақ жуўапкершилигин билмеў ақыбетинде ажырасыўлар жыл сайын көбейип баратыр. Усы ажырасыўлар артынан мыңлап балалар тәғдири бар екенлиги, жәмийет ушын қаншелли зыянлы екени көринеди. Бир машқала кейнинен және машқалалар туўдырыўы тәбийий. Атап айтқанда, жаслар арасындағы жынаятшылықтың көбейиўи үйренилип шыққанда, олардың көпшилиги ажырасқан, шаңарақлардың перзентлери екени анықланған. Демек, ажырасқан шаңарақ көбейген сайын, ата-анасының тәрбиясын алмай, көше урысы, тәрбиясын көрип өскен, тәрбиясыз балалар саны артыўы анық. Машқаланың және бир тәрепи жалғыз қалған аналар саны артып, олар пул табыў ушын түрли жолларға түсип кетип атырғанында. Бирақ, шаңарақта өмирлик жолдасы болмағаннан кейин «қолдан бергенге қус тоймайды» дегениндей, нәрестелерди жегизип, ишкизиўдиң өзи бола ма? Сонлықтан, пул табыў ушын балаларын таслап, сырт елге жол алып атырған ҳаялларымыз жоқ емес. Бул орында және балаға жәбир. Себеби, оның тәрбиясына, жүрис-турысына жуўапкер ата-ана жанында болмағаннан кейин баланың кеўли өксик, тәрбиясы нуқсанлы болыўы анық.
Ал, мәселениң шешими динимизде. Себеби, онда инсан камалаты ушын барлық факторлар жетик тәризде баян етилген. Шаңарақ қурыў, ерли-зайыплының өз-ара мүнәсибетлери ҳаққында өзине тән нызам-қағыйдалары енгизилген. Егер шаңарақта усы динимизде көрсетилген қағыйдаларға әмел қылынса, бундай шаңарақ бахытлы болады.
Тилекке қарсы, көп үйлерде жасларды шаңараққа тәрбиялаў мәселесинде динимиз көрсетпелери үйретилмейди. Шаңарақта еркектиң де, ҳаялдың да өз ўазыйпа ҳәм миннетлери, перзент көргеннен кейин оның ҳақысын орынлаў ҳаққында билер ме екен? Өз ўазыйпасын билмегени себепли машқалалар тамыр жайып бара береди.
Шаңарақтың бузылыўына себеп болып атырған факторларға нәзер тасланса, көпшилиги сабырсызлықтан келип шығады. Себеби, Аллаҳ таала Қураны кәриймде:
«Олар менен татыў турмыс кешириң. Егер оларды жаман көрсеңиз, онда (билип қойың) бәлким, Аллаҳ сизлер жаман көрген нәрседе (сизлер ушын) көп жақсылықларды қылып қойыўы мүмкин».
Аятта Аллаҳ таала тыныш-татыў жасаўға буйырып өз-ара мүнәсибетлерде, ҳәттеки жаман көрген жағдайда да сабырлы болыўға шақырып, көплеген жақсылық инәм етиўди ўәде етпекте. Бул қандай жақсылық екенин билмеймиз. Бирақ, Аллаҳтың ўәдеси ҳақ екенлигине ийман келтиремиз.
Демек, күйеўи ҳаялының айырым пейилинен ғәзепленсе, шаңарақты бузыўға асықпаўы, ол оның басқа жақсы қәсийетлери де бар екенлигин ойлап, кеўлин тоқ қылыўы лазым. Дәл сондай, ҳаяллар да күйеўиниң жаман тәрепин көре берместен, оның өзине тән пазыйлетлери бар екенлигин инабатқа алыўы зәрүр. Жек көриўшиликти муҳаббатқа айландырыўға ҳәрекет етип, шырайлы сабыр етсе, ўақыт өтиўи менен шаңарақ беккемленип бара береди. Бирақ, ҳәзир жоқарыдағы аяттағы көрсетпелерге шаңарақлар әмел қылмай атырғаны көзге тасланады. Себеби, шаңарақта ер адам басшы, ҳаялы бойсыныўшы болса, жәнжел жүзеге келиўи кемейеди.
Ҳаялымыз перзентлеримиздиң ҳақысын толық орынлап атыр ма? Ертең қыямет күнинде сораў пайтында өзимизге жәбир болып қалмай ма? Әсиресе, биринши турмысынан ажырасқан әкелер ана қолында қалған перзентиниң ҳалынан хабар алып атыр ма? Себеби, бала ер жеткенше оның напақасы әкениң мойнында болыўын динимиз де, нызамларымызда қатаң белгилеп қойған.
Солай екен, ертең жәннетке кириўимизге себепши ҳаялымызға шырайлы мәмиледе болып, перзентлеримиздиң ҳақысын өз ўақтында орынлайық. Ақыретте бир мысқал саўапта бизлерди «Фирдаўс» жәннет есиклерине қарай жетелесе, әжеп емес.

Ғайрат Нажимов,
Кегейли районы «Ийшан қала мешит имам хатиби.