Коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетимиздиң алдына қойған тийкарғы ўазыйпаларынан бири есапланады.
Себеби, коррупция мәмлекеттиң сиясий, экономикалық, мәдений, руўхый тараўларының раўажланыўына тосқынлық ететуғын, пуқаралардың ҳуқықлары шеклениўине алып келетуғын, исенимсизликти пайда ететуғын иллет есапланады.
Кейинги жылларда мәмлекетлик уйымларының жумысларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди электронластырыў, бюрократияның алдын алыў, жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў бойынша қабыл етилген ҳүжжетлер коррупцияға қарсы гүресиўде әҳмийетли қәдемлер есапланады.
Өткен жылдың 8-август күни қабыл етилген «Мәмлекетлик пуқаралық хызмети ҳаққында»ғы Нызамның 4-бабында мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша тәртиплер белгиленген.
Мәмлекетлик пуқаралық хызмети тараўында коррупцияның алдын алыўға байланыслы илажлар төмендегилерден ибарат:
мәмлекетлик пуқаралық хызметшилери тәрепинен коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларға жол қоймаў;
мәмлекетлик пуқаралық хызметшилериниң әдеп-икрамлық қағыйдаларына әмел етилиўин тәмийинлеў;
мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң мәплер тоқнасыўын алдын алыў ҳәм шешиўдиң шөлкемлестириў-ҳуқықый негизин жаратыў, оларға әмел етилиўи үстинен мониторинг ҳәм қадағалаў өткерилиўин тәмийинлеў;
мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң дәраматлары ҳәм мал-мүлкин декларациялаў системасын енгизиў;
мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси тәрепинен саўғалар алыў ҳәм бериў тәртибин белгилеў;
мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң социаллық тәрептен қорғалыўын, материаллық тәмийнат алыўын ҳәм хошаметлениўин тәмийинлеўден ибарат.
Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси коррупцияға қарсы маўасасыз мүнәсибетте болыўы ҳәм коррупцияға алып келиўи мумкин болған ҳәрекетлердиң (ҳәрекетсизликтиң) алдын алыўы шәрт.
Егер мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси коррупция фактлери ҳаққындағы мағлыўматқа ийе болса, ол коррупцияның алдын алыў ушын зәрүр шаралар көриўи, соның ишинде жоқары турыўшы мәмлекетлик уйымды (лаўазымлы шахсын) яки коррупцияға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйымына дәрҳал хабар қылыўы ямаса ҳуқық қорғаў уйымына мүрәжат етиўи керек.
Нызамның 13-статьясында мәмлекетлик пуқаралық хызметшилерине өз хызмет ўәкилликлерин физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мәплерин гөзлеп орынлаў ямаса орынламаў есесине олардан қандайда-бир сыйлық, пайда яки саўғалар алыў қадаған етилген.
Нызамда саўға мәселесине байланыслы төмендеги нормалар белгиленген.
Мәмлекетлик пуқаралық хызметинде мәмлекетлик пуқаралық хызметшисине (оның шаңарақ ағзаларына) бийпул берилген, материаллық қунға ийе болған мал-мүлк яки мәмлекетлик пуқаралық хызметшисине (оның шаңарақ ағзаларына) бийғәрез көрсетилген хызмет саўға есапланады.
Мәмлекетлик пуқаралық хызметшисиниң хызмет ўәкилликлерин физикалық ҳәм юридикалық шахслар мәплерин гөзлеп орынлаў яки орынламаў есесине олардан ҳәр қандай саўғалар алыў қадаған етиледи. Мәмлекетлик пуқаралық хызметшиси тәрепинен айрықша хызметлери ушын мәмлекетлик уйымның тийисли қарары тийкарында алынған саўғалар, сондай-ақ жарыслар ҳәм таңлаўларда ерискен жеңислери, мәмлекетлик байрамлар, белгиленетуғын сәнелер ҳәм де басқа рәсмий илажлар мүнәсибети менен сыйлықлаў нәтийжесинде алынған саўғалар буннан тысқары.
Еслетип өтемиз, коррупцияға байланыслы жынаятларды ислеўде суд тәрепинен айыплы деп табылған шахслар мәмлекетлик пуқаралық хызметине қабыл етилмейди.
Атап айтқанда, мәмлекетлик хызметшилер ҳәр қандай нызамбузыўшылыққа, әсиресе коррупция ҳалатларына қарсы маўасасыз гүресиўи, хызмет сапарлары, қадағалаў илажлары даўамында мийнет искерлиги менен байланыслы болған ҳәр қандай түрдеги қәрежетлерди басқа шахслар есабынан әмелге асырмаўы, лаўазым ўәкилликлеринен нызамсыз пайдаланбаўы, мәплер тоқнасыўына жол қоймаўы лазым.
Жуўмақ орнында айтқанымызда, коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымлары яки жуўапкер хызметкерлердиң емес, ал ҳәр бир мәмлекетлик хызметшиниң тийкарғы ўазыйпасы ҳәм миннети есапланады.
Насиба Қутлымуратова,
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги бас инспекторы.
