Балалар тәрбиясы жүдә нәзик мәселе. Ата-ана, мәҳәлле, мектеп тәрбиясы балаға кемлик етиўи мүмкин. Базы ўақытлары ата–ананың ўақты болмай қалады. Себеби, турмыс машқаласы менен перзентиниң нелерге қызығыўшылығы бар екенин сезбейди. Кейинги жылларда елимизде билимлендириў тараўына айрықша итибар берилип киятыр. Мектепте балалар тәрбиясына ғамқорлық етиўде муғаллимлер менен бир қатарда мектеп психологларының да жуўапкершилиги бир қанша күшейтилди. Себеби, биринши нәўбетте оқыўшыларымыздың озық ойлы, билимли болыўы талап етиледи. Мен өз кәсибимнен келип шығып, оқыўшылардың ең әўеле нелерге көбирек қызығатуғынлығы ойландырады. Көбинесе олар менен жеке сәўбетлесиў өткерип, олардың көкирегине жол табыўды мақул санайман. Олар менен жеке сөйлесиўлерде оқыўшылар өзин еркин тутып, муғаллим менен емес, ал өзине ең бир жақын адамы менен сырласып атырғандай сезиниўи лазым. Сонда ғана олардың жүрек түбинде жатырған сезимлери сыртқа қалқып шығады ҳәм өзиниң ишки
гәплерин емин–еркин айта алады.
Буннан кейин олар сени өзлерине ҳақыйқый дос санайды. Олардың жүрегине жол таўып болғаннан соң қалған нийет–истегин ашық айдын айтып баслайды. Сөйтип баланың ҳақыйқый ақ көкиреги ашылып, ол шын балаларша таза қәлби менен билимге болсын, мийнетке болсын шын, ҳақыйқый ҳәрекетлерин ашып баслайды. Әне енди, баланың исенимине кирип болғаннан соң ҳақыйқый тәрбиялық сабағыңды өте берсең болады. Бирақ, ҳеш қайсысы жасалмалы болмаўы керек. Себеби, саған көкирегин ашқан баланың исенимин сөндирип алсаң, оннан жаманы болмайды.
Ҳәммениң де хабары болса керек, дүнья жүзи бойлап, ҳәр жылы 25-ноябрьден 10-декабрь күнлери «Зулымлыққа қарсы 16 күн» мапазы (кампания) өткериледи. Бунда әсиресе, мектеп жасындағы балалар арасындағы зулымлыққа қарсы өз наразылықларын билдирип, мектепте дослық қатнасының күшейиўине оқыўшылар себепши болады. Бизиң мектебимизде усы кампания шеңберинде белгиленген сценарий бойынша секция болып өтти. «Биз зулымлыққа қарсымыз» атамасында мектептиң 8-рус класы, 9-қарақалпақ ҳәм қазақ класс оқыўшыларының бир-бирлерине болған дослық қатнасының кеңейиўине жол ашылды.
Буннан басқа да жаңа жыл байрамы қарсаңында «Меҳир қәлиблери» атамасында мектебимизге қараслы үй шараятында оқыйтуғын 18 баланың ҳал аўҳалынан мектеп басшылығы менен хабар алынып, оларға байрам саўғалары инам етилди.
«Кәсиплик ҳәм мәсләҳәт айлығы» темасында 10-11-класс оқыўшыларды ҳәр айда пайтахтымыз бойлап экскурсияларға апарып атырман. Мәселен 1-санлы Кәсип-өнер мектебине 9-класс оқыўшыларды (класс басшылары М.Садикова, Г.Шанназарова) менен биргеликте экскурсияға апардық. Ол жерде Кәсип-өнер мектебиниң кәсипке бағдарлаўшы муғаллими Қ.Тәңирбергенов жақсы күтип алып, кәсип түрлери менен таныстырды.
МОНО оқыў орайына 11-класс оқыўшыларын (класс басшысы О.Сидкадирова) апарып таныстырдық.
Нөкис қалалық «Бәркамал әўлад» орайына 9-класс (басшысы Г.Файзуллаева) оқыўшыларын апарғанымызда орай методисти Г.Асенбаева орай турмысы менен жақыннан таныстырды.
Булардың бәри оқыўшыларымыздың кеўлин көтерип, олардың руўхыятына жақсы тәрепи менен тәсир етери сөзсиз.
Насиба АЛЛАМБЕРГЕНОВА,
Нөкис қаласы, 29-санлы мектеп психологи.
