Президентимиз Ш.М.Мирзиёев устазлардың абырайын, даңқын көтеремен деген бир ўақытта биз устазлар қуўанбай, мақтанбай тура алмадық. Себеби, билимлендириўди сиясат дәрежесине көтермей турып, оқытыўшылардың статусын көтериў мүмкин емес.
Көп санлы устазлардың атынан Президентимизге миннетдаршылық билдириў менен бирге биз Сизди терең түсинетуғынымызды ҳәм қоллап-қуўатлайтуғынымызды билдиремиз.
Төменде өзимди қыйнап келген машқалаларды айтыў менен бирге ҳүрметли ата-аналардан, келешек әўладлар тәрбиясына бийпарық болмаўды, алжаспаўға, Президентимизге қол-қанат болыўға шақырып қаламан!
Мектепте ислеген дәўирлерим хақыйқый турмыс, өмир мектеби болды. Неше шаңарақтың дәрти, жетискенлиги, кемшилиги, қайғысы көз алдымда.
Пүтин шаңарақ балалары қалай өседи, ярым шаңарақ балалары қалай күн кеширеди, ата-анасынан айырылған балалардың келешек тәғдири қалай болады, таўсылмайтуғын машқалалар қоршаўында оқыў жылы бүгин басланса, ертең жуўмақланғандай туйыла береди…
Ҳәр бала жеке адам, олардың әрманлары бар, әрмансызлары да бар… әне усы алдына мақсет қойып билмеген балалар-қызлар ертеңги күнниң ата-аналары болып талай ушырасқанбыз… ушырасамыз еле…
Ҳәзирги глобалласыў дәўиринде интернет ҳешкимге таң емес. Интернет әлеминиң шеги жоқ, бийпаян, үлкен базардың ишине киргендей, не аларыңды билмегендей бир әләмажуўалық. Балаға қой деймизде, өзимизде азан менен телефонға бир сәлем бермей азанғы халқасты ишпеймиз.
Сондай қүдиретли, қорқынышлы күш ҳәпзаматта дүньяға я пайдалы жақсы тәрепиңнен, я жаман тәрепиңнен билинесеңде қаласаң.
Қолынан телефон түспей отырып, қарсы пикир жазатуғынлардың жолы болып қалады, биреўдиң абырайын төккеннен рәҳәтленеди, вампир сыяқлы күш алады. . .
Бир сүўрет көрген едим, анасын көриўге барған бес-алты перзенттиң қолларында телефон, анасы телмирип, бетине үңилип отырған. Мине усы заман келди.
Түрли ойынлар баланың мийин зәҳәрлемекте. «Көк кит», «Кальмар» сыяқлы ойынларды көрген баланың заўық алғанын, ҳәр бир урып түсирилген бала, қыз, үлкен жастағы адамларды оққа тутып атырғанын көргендеги олардың шақалақлап күлгенлери тула бойымды титиркендиреди.
Айтсаң гәп көп, айтпасаң» маған тиймесең болды» деп жүриппиз.
Айланып келип, оқытпаған, тәрбияламаған мектеп муғаллими болып отыр.
Ата-аналарға сораўым бар.
Әй, берекет тапқыр! Кейинги алты айда балаларыңды китапханаға, ойын майданшасына апардыңба?
Кеште «балам қалай, сабақларыңнан нешеге оқып атырсаң?» деп бир сорадыңба, қолындағы телефонды алып, «балам қандай ойын ойнап отыр» деп бир көрдиңбе???
Ҳәмме ата-ана ондай емес, ҳәр класстан бес-алты ата-ана турақлы балалары менен шуғылланады, әне усы балалар-қызлар оқыўларын жалғастырып «репититор»атлы «қүдиретли күшке» оқыўын жалғастырады. Бул түсиникли. Базар экономикасы-конкуренция заманы. Анық оқығанлар гүреске түседи.
Бул оқыўшыларға да ат қойылады патриот, профессор ҳ.т.б.
Пикир жүритиў, анық ойын айтыў, келешек ушын жан күйдириў сезимлери интернет әлеминиң түрли «қызықларының» астында көмилип қала береди… ҳәм бул «қызықлар» олардың қәлбин ўайран қылып бара береди.
Эгоизм қай жерге апарады?
Эго сөзи латын тилинен алынған «я», «мен» дегенди аңлатады. 18-әсирде француз тилинен кирип келип эгоизм, эгоист сөзлерин келтирип шығарған, бул сөзлердиң синоними альтрууист сөзи болып табылады.
Менди еки рет айтсақ, ҳақыйқый қарақалпақша «менмен» деген сөз шығады.
Мине, усы эгоистлер, менменлер әтирапымызды шырмап алған.
Түрли алдаўлар, биреўдиң пулын тартып алыў, оның дүньясына ийелик етиў, биреўдиң счётынан пул тартып алыў, биреўге пайызға пул бериў, аманатқа қыянет.. дегендей толған гүналар қоршаўында жасап атырмыз. Келешек әўлад усы қурдымға түсип қалмағай деп тилеймен, бирақ илаж жоқ пикирсиз зомбилардың тырнағына илинип кетиў қәўпи күннен күнге күшейип бармақта.
ДӘРЕЖЕМИЗ қандай?
Узақ жолға таксиге минсең музыка қояды. Я намасында, я сөзинде мәни болсеш?
«Дыңғыр-дыңғыр… дыңғыр-дыңғыр…»
«Дәрўазаңды ашып қой»
«Мени сенде мендей қылып сүйесеңбе Гүлмира»
«Сүймесең айтпайсанба, Элмира?»
Ҳаў Әжинияз, Бердақ, Ибрайым шайырым, Халила менен Икметулла, Батырбек пенен Түркменбай, Оразбай, Набира менен Патима, Гүлистан менен Гүлнара, Бийбиажардың китаплары «маған нама жаз» деп турған жоқ па?
Өзимиздиң дәрежемиз қандай болса, еситетуғын музыкамызда сондай.
Ҳеш кимге өкпелемей ақ қойың, адамларға жағатуғыны да усы қосықлар. Классиканы түсинбесе жас әўлад айыплы ма?
«Ширпотребке» өткенимиз қашшан…
Китапты кимлер оқыйды?
Қай мектеп китапханасына барсаң китаптан көп нәрсе жоқ, сондай әжайып!
Китап оқыйтуғынлар жоқ емес бар, бирақ, он пайыз әтирапын қурайды. Бул сыр емес, ҳеш бир директор мен оқыўшыларымды жүз пайыз китап оқыўға тартып қойыппан деп айта алмайды, бириншиден оқыўшы қызықпайды, екиншиден китапхана орны жигирма баладан артығына хызмет көрсете алмайды.
Бөпе ойыншығы.
Ҳәзирги дәўирде жас нәресте ойыншық пенен ойнамайды. Туўыла сала жас ана телефонынан өзине унаған музыканы қояды да бала уйықлатады. «Ҳәййиў» айтыў өтмиште қалғандай. Төрт бес айлық болғаннан «Маша и медведьти» қойып береди.
Бес алты айлықтан кейин нәресте телефонға қолын созып, бермесе жылайтуғын әдетти шығарады. Бир жасарға жетер-жетпестен балаға хәр түрли ойынларды қойып берип, бала жубатыў сыр болмай қалды.
Ўақыт вируслары.
Жетинши класста оқыйтуғын ақлығым мына сөзди айтқанда я жыларымды, я күлеримди билмедим. Мен балалығым да «Болажон»көретуғын едим, үкем ойынды «Free fire», «pupg» көреди. Үкем демекши , үкеси төртинши класста оқыйды. Расында да кейинги үш жыллықта ойынлар сол дәрежеде көбейди, олардың пайдалысын я зыянын, анықлаўға ўақыт табыў қыйын болып қалды.
Баланы жаны қаслыққа, ата-ананы, устазды тыңламаўға үйрететуғын ойынлардан «Кальмар», «Синий кит», «Один плюс вет» ҳ.т.б. ойынлар шығып кетти.
Бала тәрбиясына бүгин қарайық!
Ертең бәри кеш болады!
Ҳүрметли ата-ана!
Ядыңызға түсириң, қашан балаңызға китап саўға қылдыңыз, қашан балаңыздың қолынан жетеклеп, музейлерге, жас тамашагөйлер, қуўыршақ театрына, китапханаға , китап дүканына апардыңыз?
Өз баласы менен өзге тилде сөйлесетуғын ата-аналарды көп көргеним бар. Мениң балам қарақалпақша түсинбейди, орыс муғаллимиңе бересең деп үстимнен арыз еткенлерде баршылық.
Миллийлик деймиз, тилимизди жоғалтпайық, дәстүримизди сақлайық деймизде, өзимиз батыс халықларына еликлеп тойымызда келиншек қызларға гүл ылақтырады, жигитлеримиз әлле қандай туфли урлап оны мурындық енесине сатады, жап-жас қызлар келиншекти түсирмей оның қуўыршағын енесине миллион деп баха қояды. .
Буны бир сөз бенен жабайылық дейди.
Жазда бир тойда жол бойына бесик қойып қәде алғанын да көрип шоршып түскеним бар. Сондай муҳаддес мүлкимиз, бесик – Анамызды жолға қойып, қәде алыўды ким шығарған!?
Ҳәттеки баласын жәҳәнди суў алғанда ким де болса бесикти қутқарар-аў деп нәрестесин бесикке бөлеп ығызған. Басқа шара жоқта! Соның ушында бесик Анаң деп түсиндирилген.
Миллий тәрбия зәрүрлиги.
Миллийлик бул миллий нағыс салып кийим кийгенде емес, миллийлик бул-миллий тәрбияны енгизиўде.
Бурында ата-бабаларымыз жас келинди көтертиў ушын оны сейислеп отырған. Арақ-шарап болмаған, көтерген келинди аўыл аймағы менен пәленшениң келининиң басы қараңғы екен, жерик асы мынадай екен деп қолында бар асын усынған, емизиўли келиншектиң «көкиреги иседи» деп пайын берип отырған.
Гөдек туўылғанда қырық күн жуўып, майлап, бесикке бөлеп, Анаң Бесик деп үйреткен. Ҳәзиргиниң балларының бесикке түссе мийи шайқалады екен. Памперслерди коробкалап әпересең, көкирек сүти менен бағып атырған келиншеклер шамалы.
Фигурам бузылып кетеди деп дәрриў смеське өтеди.
Баланың ойлаў шеңберин асыратуғын халық ойынлары болатуғын еди. «Әўелемен-дүўелемен», «Ақ терекпе, көк терек», «Ҳәкке қайда?» ойынларын неге бағша, мектеп программасына киргизиўге болмайма?
Ҳәзирги балалардың балалығы жоқтай түйиледи маған.
ТЕЛЕФОН!!! Баслы қурал, баслы мақсет, басқаны умытсаңда телефонды умыта гөрме!
Телефон ушын жылайды, телефонды берсең жубанады.
Не ушын Қарақалпақ телевидениеси «Балажан» еситтириўи ушын проект жазбайды, не ушын бала ойлау шеңберин, оның психикасына кери тәсир етпейтуғын мультфильмлерди еле де көбирек қарақалпақ тилине аудармайды?. Не ушын балалар каналын ашпайды?
Жуўабы жоқтай түйиледи маған.
Устаз қәдири.
Және мектепке қайтаман.
Устаз жанын берип отыз бес баланы оқытады, бул жерде ҳәр түрли тайпадағы балалар бар, бири толық жетим, биреўиниң әкеси үйленип кеткен, бириниң анасы Россияға жумыс ислеуге кетип, келмей қалған, бири ата-әжесиниң қарамағында. Усы балалардың ишки сезимлерин түсинип, оларды баўырына басып, сабақ берген муғаллимлерге қаншелли қыйын.
Репититор берген билимди мектеп муғаллими не ушын бере алмайды деп бир тәреплеме баҳа бериўге асықпаңлар.
Репититор пуллы хызмет етеди. Пул араласқан жерде талап етиўде басқаша болады. Ҳәмме пул бере алмайды, тек жағдайы келген ҳәм бала тәрбиясына бийпарық емеслер ғана репититорға береди. Мен өзим репититор мийнетин баҳалайман. Мейли сайлап алағойсын, олда алдына үлкен жуўапкершиликти мойнына алады .
Балалыққа қайтыў.
Балалыққа көз жиберсем, кемпир апам менен атамды еслеймен, өзинен он төрт жас қызды алғанғама, я атамның «ийи бослаўма» ҳәмме ўақытта Жаңылжан деп отыратуғын атам үйдиң нағыз берекети еди. Қартайғанша қолынан бел түспей, аўыл-елге үлги еди. Кемпир апам «көзли» болды, сонда да қолы менен сыйпап нан усақларын терип отыратуғын, соқыр болса да чайниклерди қумға ысып, жылтыратып қоятуғын еди, қызығы әке шешем атызға жумысқа кетсе, сол «көзли» кемпирим, мениң жәрдемимде кишкенелерди, бесиктегисине шекем бағып, аўқатландырып, жуўындырып, бесикке бөлеп отыратуғын еди. Шаңарақта «обал ҳәм саўап» деген сөз ҳүкимран еди.
Миллий тәрбия демекши, ҳәййиў еситип бала болдық, қызығы ана болмай ақ, әжапа болып, үкелеримизге ҳәййиўди жаңғыртып ата-анамызға қолқабыс болғанбыз.
Ойыншығымыз қолдан исленген қуўыршақ, ойын қабақ, мәккениң шашын өрип ақ «үй-үй» ойнағанбыз.
Балкан таўдың басында,
Балық ойнар тусында…
Кете береди, екиншимиз
Әўелемен-дүўелеменнен баслайды.
Кейни жаңылтпашқа айналады, география картасы ғой, таптырмайтын зәкаўатлық ойын.
Соның арасында таўсылмайтуғын үй жумысы.
Ҳайран қаламан, ол ўақытлары ўақыт дым узынбеди…
Оралхан САПАРОВА,
Нөкис қаласы, 34-мектеп директоры.
