«Денсаӯлық – терең байлық» дейди дана халқымыз. Жасырарлығы жоқ бүгинги күнде кеселликлер жүдә көп, олардың келип шығыӯ себеплери де ҳәр қыйлы. Кеселлик айтып келмейди, усындай пайытта биринши нәӯбетте шыпакерге жолығамыз,әлбетте оларға өзимизге исенгендей исенемиз, олардың айткан мәсләҳатине әмел етемиз.
Ҳүрметли ата-аналар, заманласлар хабарыныз бар кейинги ӯақытта базы бир дәрилерден зәҳәрлениӯ ақыбетинде балаларымыздың өлими менен жуӯмақланып атырған кеӯилсиз ӯақыялардың гуӯасы болып атырмыз. Бул дәрилердиң атамалары социаллық тармақлар арқалы кең аудиторияға жетип барды. Булардан бизиң ҳәр биримиздиң хабарымыз бар. Деген менен түсиник жумысларын алып барыӯ ҳәр бир аймақлық поликлиника, емлеӯ орынлары ҳәм шыпакерлеримиз тәрепинен даӯам етип атыр.
Анық айтыӯ керек бундай кеӯилсиз ӯақыялардың жүз бериӯине шыпакерлеримиз айыплы емес. Олар ҳәр бир наӯқастың емленип аяққа турыӯына қолларынан келгенше ҳәрекет етеди. Кәсибиниң пидайысы , Гиппократ антына садық, өмир сақшылары атанған ақ халат
ийелери күни-түни халықтың саламатлығы ушын тынымсыз мийнет етеди. Айта кететуғын тағы бир нәрсе; бул препаратлардың шет мәмлекетлерден усындай тақылетте жетип келгенлиги ҳәр бир медицина тараӯы қәнигесин үлкен тәшӯишке қойды. Бул мәселеде үлкен исши топарлар дүзилип, терең үйренилмекте. Шеттен келген ҳәр бир қәӯипке, таяр турыӯымыз, абайлы болыӯымыз керек екенлигин және бир мәрте уғындық ҳәм бул бизиң ҳәр биримизге үлкен сабақ болды. Ҳәзирги пайытта мәмлекетимизде тийкарынан «Док-1 Макс» ҳәм«Амбронол» сиропларының қәлбеки жасалма түри пайда болғанлығы ҳәм оның қурамында зәҳәрли затлардың бар екенлиги анықланған ҳәм булар сатыӯдан пүткиллей алып тасланды. Сондай-ақ, Ҳиндстанның “Марион Биотеч” компаниясы тәрепинен ислеп шығарылған ҳәм Өзбекстанда дизимнен өткерилген барлық түрдеги дәри өнимлериниң саўдасы тоқтатылды. Мәселен фактлерге, интернет материалларына сүйенип алған мағлыӯматларда “Док-1 Макс” препаратынан декабрь айында 20 бала қайтыс болған.
Мәмлекетимизде ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеӯ олардың турмыс тәризин жақсылаӯ бойынша көп ғана имканиятлар жаратылып атырган бир дәӯиринде өмиримиз сақшылары болган шыпакерлер бул сынаӯлы мәӯритлерден қәӯип-қәтерсиз өтип алыӯ ушын тынымсыз жумыслар алып бармақта. Әлбетте шыпакер мәсләҳатине әмел етиң. Төменде аты көрсетилген дәрилерди сатып алып, ден-саӯлығыңызды өз қолыңыз бенен жоғалтып алмаң.
НАЙТФОРС: ДССШ тәрепинен қара дизимге киритилген дәри. Бу л дәрини де қабыл етпеслигиңизди усыныс етемиз!
АНАСЕП: Тәсир эффектти төмен болған дәри. Аллергик реакцияны келтирип шығарады ҳәм инсан өмири ушын қәўип туўдырады.
АМБРОНОЛ: Жөтелде тынышландырыўшы дәри ретинде қолланылады. Бирақ, пайдасы кем. Тийкарғы зыяны анафилактик шокка түсиреди. Бул өлим менен жуўмақланыўы айтылған.
БРЕВЕФЛОРА: Асқазан-ишек кеселликлерине алып келиўи айтылған.
ЛЕВОРЕКС: Асқазан ҳәм ас сиңириў органларын истен шығарыўы ҳәм бас мий искерлигин бузады.
НОВО-ПАССИТ: Көбинше жөтел преператлары қурамына киреди, бирақ ҳеш қандай тәризде Ново Пасситке тийисли тынышландырыўшы тәсирди тәмийинлей алмайды.
ЦИНЕПАР: Қурамындағы затлар жарамсыз ҳәм унамлы тәсир көрсетиўге ийе емеслиги анықланған. Аритмияға себеп болыўы ҳәм қан басымның түсип кетиўине алып келиўи мүмкин.
ТРАВАМАКС ҳәм НОЛ ГРИПП: Қурамындағы затлар жарамсыз ҳәм унамлы тәсир көрсетиўге ийе емеслиги анықланған.
ДОК 1 МАКС: Қурамындағы затлар бүйрек искерлигин бузады ҳәм бүйреклерди истен шығарады. Тийкарынан усы дәри себепли журтымызда 30 ға жақын балалар набыт болған. Және де заҳәрлениӯ көрсеткиши жоқары болған дәрилерден “Анасеп” гель;
“Белдомакс” “Леворекс”,“Ферофорт”, «Кюразит», « Нол грипп»,» Цинепар», Травамакс» атындағы барлық дәри өнимлери; “Бревефлора”, “Кюрамакс Виталонг” капсулалары, “Найтфорс”, “Траванайт”таблеткалары ҳәм « Амбронол» сиропы сатыӯдан пүткиллей алып тасланды.
Ҳүрметли халқым, мен шыпакер сыпатында сизиң ҳәр бириңизди саламатлығыңыз өз қолыңызда екенлигин умытпаған ҳалда ҳәр бир дәрини сатып аларда әлбетте шыпакер мәсләҳәтин алыӯыңызды ҳәм өз өмириңизге немқурадылық пенен қарамай абайлы болыӯыңызға шақырып қаламан.
Гульчехра АПСАМЕТОВА,
Нөкис қаласы, 8-санлы шаңарақ поликлиника шыпакери.
