МУКАРРАМАНЫҢ ҚОСЫҚЛАРЫ

Кейинги жыллары қарақалпақ әдебияты жас буўынлар менен толысып, әдебиятымызда жаңа толқын пайда етип атырғаны ҳақыйқат. Яғный, жас қәлем ийелери Бахытлы Сарыбаев, Нийетулла Жангелдиев (Ойшыл), Әбдирахман Қойлыбаев (Зергер), Атағулла Сәтбаев, Базарбай Жолдасбаев, Минара Қалбаева, Сахибжамал Сырғабаева, Сарбиназ Айтмуратова, Аллаяр Дәрменов сыяқлы жас талантлар Республика жәмийетшилигине әдеўир танылып қалды. Олар арасында соңғы жыллары өз дөретпелери менен халқымызға көбирек социаллық тармақлар арқалы таныс болған Мукаррама Оразбаева да бар. Ол 1995-жылы Кегейли районы, Халқабад қаласында туўылған. Мектеп жасынан әдебият шайдасы болған Мукаррама, көп китаплар оқыў менен бирге, қосықлар жазып, оны Республикалық басылымларда жәриялап барды. Жас талант ийеси көплеген таңлаўларға да қатнасып, бәйгиде өзин көрсете алған қызлардан есапланады.

Жақында оның «БИЛИМ» баспасынан «Кеўилге жол» атамасындағы туңғыш китабы шықты ҳәм пайтахтымыздағы «Атияж» ресторанында бул китаптың презентациясы болып өтти. Бул презентацияға биз де барып, авторды туңғыш китабы менен қутлықладық.
Негизинде мен Мукарраманың дөретиўшилиги менен алдыннан таныспан.Оның қәлеминен дөрелген қосықлар, мине мен деген поэзия шайдаларының да кеўлинен шығатуғын дәрежеде тартымлы. Оның ҳәр бир қосығын оқығанымда, автордың кеўил сарайының соншелли сезимтал екенлигин аңлайман. Шайырдың дүнья танымы, оның дөретпелеринен дәрҳал сезиледи. Мукаррама достымыздың да қосықларынан теңлес қурбы-қурдасларына қарағанда дүньяға көз- қарасы әдеўир жоқарылап кеткенлигин билиў қыйын емес. Турмыстың ашшы-душшысын татып, темирден қанат қомлаған үлкен шайырлар сыяқлы, оның ҳәр бир қосығында турмыслық машқалалар қосық қатарларында сәўлеленеди. Бәлким, сол ушын да оның қосықлары еле китап болып шықпастан бурын-ақ, көпшиликке социаллық тармақлар арқалы кең танылып кеткен шығар? Себеби, көпшилик адамлардың оның қосықларын сорап, таўып оқығанлығының талай рет гүўасы болғанман.

Мукарраманың әдебият майданына дәслепки қәдеми, «Кеўилге жол» китабы менен басланғаны да тосыннан емес. Көбинесе ол кеўилге жақын, кеўилге жол ашатуғын, ата-анаға, Ўатанға муҳаббат, сағыныш сыяқлы уллы сезимлер ҳаққында толғанып жазады. Бул бийкарға емес. Ҳәзир шайыра қыз өзи туўылып өскен елден алыста, Атыраў қаласында жасайды. Деген менен, ол өзи өзге журтта болса да, аўылдағы дөретиўши дослары менен бәрқулла байланыста болып, Республикамызда шөлкемлестирилген Жас дөретиўшилер клубы ағзасына айланды. Соның менен бирге, оның және бир мақтаўға ылайық тәрепи, дөретиўшилик майданға қарақалпақ айтысы арқалы айтыскер сыпатында кирип келген болса, бул тараўды раўажландырыўға өз үлесин қосыў мақсетинде бир-неше мәрте айтысларды шөлкемлестириўде қәўендерлик етти.
Сөз бенен саз қоса әжайып қосыққа айланады. Ал, әжайып қосықлар адамларға қуўаныш бағышлайды. Бүгин биз сөз етип атырған Мукаррама Оразбаеваның да айырым қосықлары өз намасын таўып, халқымыздың кеўлинен шыққандай қанатлы қосыққа айланып атыр. Жақында оның бир неше қосықлары елимиздиң белгили көркем-өнер ўәкиллери Ильяс Балтабаев, Мираддин Абдуллаевлар ҳәм Айбек Жамалов сыяқлы қосықшылар тәрепинен атқарылыўы, ең алды менен шайырдың жетискенлиги есапланады.
Поэзия сондай әлем, ол шегара таңламайды. Кеўиллерди тербелиске келтирип, гейде қуўандырады, гейди көзимизге жас келтиреди. Сөз өнериниң қүдирети де сонда. Шайыр қашан шайырға айланады? Егер оның қосықлары көбирек оқылып, кеўиллерге жол тапқан болса, демек, ол ҳақыйқый шайыр болды. Мукарраманы бүгин елимиздиң жас шайыры болды десек қәтелеспеймиз. Оның дөретиўшилигинде тасқын табыслар тилеймиз.
Қәлемиң өткирлене берсин, Мукаррама!
Муслима Мамбетниязова,
журналист.