ӘЛҲӘББИЗ, МЕҲРИБАНЛЫҒЫҢА ХАЛҚЫМ!

Ҳәзир күн жылып басласа да кешеги болып ѳткен аномал суўық халықты бираз албыратқаны ҳақыйқат. Негизинде бундай аязлы, суўық күнлер буннан бурынғы жылларда да болған. Расын айтқанда халықтың бираз албыраўына социаллық тармақларда, ғалаба хабарнамаларда ҳаўа-райын бақлаў орайы ҳәм басқа да жуўапкерли министрликлер тәрепинен ескертпе тәризинде берилген хабарнамалар себеп болды, десек болады. Сол ескертпелер адамларда азғана болса да қәўетерлениўшилик оятты ҳәм кѳп жыллардан берли бундай суўықты кѳрмегенлер бираз албырады.
Бирақ, биз баўыры кең, мийирман халықпыз. Усындай ўақтынша болған қысылшаңлықта бир-бирлерине меҳир кѳрсетип, туўысқанлық қолын созып, жәрдемлерин аямады. Сондай жағдайда халқымыздың аўырын жеңил етиў мақсетинде шын жүректен хызмет кѳрсеткенлер кѳп болды.
Күнниң суўытыўына байланыслы автомашиналарға метан гази жанылғысын қуйыўшы шақапшалар, пуқаралардың үйлериндеги тәбийий газдиң пәсейиўине жол қоймаў ушын метан газ бериў ўақтынша тоқтатылған еди. Сол себепли автомобильлер бензин менен жүриўине мәжбүр болды. Бундай жағдайлардан пайдаланып қалғанлар да болды. Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги жолаўшы тасыў менен шуғылланыўшы кәрхана басшылары ҳәм автотранспорт басқарыўшыларына тийкарсыз жол ҳақыларын кѳтермеў, белгиленген графиклердеги интервальларды сақлаў кереклигин айтып, ескертсе де маршрутлы таксилерде сол күнлери күндиз жол ҳақыны дерлик еки есеге, яғный 3000 сумға, ал кеште 5000 сумға шекем кѳтергенлери болды. (Усы сѳзимизге дәлил ретинде мениң ѳзим гүўа болған 18-санлы ҳәм 38-санлы маршруттағы DAMAS ларды айтсам болады). Азанда жумысына ўақтында үлгериўи керек болған ҳәм кеште үйлерине тезирек жетип алыўды қәлеўши пуқаралар усы жол кирейлерди тѳлеўге мәжбүр болды.
Сол күнлери азанғы шымыры аяз бенен кешки сыран суўықта Орайлық дийқан базарындағы бәндиргилерде қара шор адамлар үймелесип турар еди. Мақаламыз басында айтқанымыздай кеўли ашық, ѳзине қурғынлы, меҳри кең инсанлар жағдайды терең сезинип, дәрҳал жәрдем қолларын созды. Әўели ѳзлериниң жеңил автомашиналарында үймелесип, үйлерине кѳлик таппай турған жолаўшыларды кѳрип, (кириў мүмкин болмаған болса да), туўры орайлық базар бәндиргилерине барып, суўықтан үскини қуйылып турған жолаўшыларды ѳз мәнзиллерине бийпул, (итибар бериңлер бир тийин пул алмастан) апарыўды баслады. Буннан тәсирленген басқа да сақаўатлы инсанлар бул қайырлы исти жалғастырды.

Әўели, пуқаралар ѳзлериниң жеке автомашиналарында Орайлық базар бәндиргисинде халыққа бийминнет хызмет кѳрсете баслады. Кейин ала бул хызметлер «Саўаплы ис» акциясына айланып кетти. Мәселен, усы акцияға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети кеўиллилер қатарында қатнасып, барлық факультет деканлары, декан орынбасарлары, басқа да бѳлим хызметкерлери ѳзлериниң 50 ден аслам автомашиналары менен жолаўшыларды бийпул ѳз мәнзиллерине жеткермекте. Ѳзбекстан Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бѳлими Нѳкис қаласында 25, басқа районларға жәми 120 машина менен акцияға қатнасты. Беруний районында 15, Қанлыкѳл районында 20, Кегейлиден 5, Нѳкис районында 40 микроавтобус, және булардан тәсирленген «Қарақалпақ УАЗ Сервис» ЖШЖ тәрепинен халыққа жәрдем кѳрсетиў мақсетинде 50 ҳәм 75-санлы жѳнелистеги Дамаслар да бийпул хызмет кѳрсете баслады. Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери де усы «Саўаплы ис» акциясына үлгили қатнасты. Енди усы жерде айтып кетежақпыз, усындай қыйыншылықлы жағдайдан ѳз мәнине пайдаланып қалыўшыларда жоқ дей алмаймыз. Орайлық дийқан базарына кире беристеги дәрўаза алдындағы қалтасына қолын тығып айдың-күннниң аманлығында «Әкесиниң басын айтып» туратуғын таксишилердиң несийбеси «қырқылды» десек дурысырақ болар. Және қосымша етеримиз, тѳрт саннан ибарат болған такси компанияларындағы, таксиге буйыртпа бергенимизде, оператор қызлардың «Таксилердиң метан гази жоқлығы себепли жол кирейдиң әўелги баҳасы бурынғы 7000 сумнан 10 000 сумға кѳтерилгенин мәлим етемиз» деп, уялмай клиентке ескертип туратуғынына не дерсең?!

     Адамлардың қайыр-сақаўат ислеп атырған бир пайытында, такси компания баслықлары бул қылықларына уялса болар еди?! Ең болмағанда 43-санлы жѳнелистеги таксилер баслығынан ѳрнек алсеш? Олар сол бурынғы 1 мың 500 сум пул менен жолаўшыларды тасып атыр. Усыларды кѳрип, ҳәй ялғаншы, дүнья-әй, деп қоясаң.
Сондай-ақ, «Саўаплы ис» акциясына «Әжинияз Қарақалпақ» ЖШЖ (директоры Ж.Қалжанова), ѳзиниң айрықша үлесин қосты. Бул дәрихананы Қарақалпақстанда билмейтуғын адамның ѳзи болмаса керек. Аўырмайтуғын адамның ѳзи жоқ. Наўқасланып қалсаң, усы «Ажинияз Қарақалпақ» аптекасына (республика бойлап 13 филиалы бар) барып қалсаң, басқа аптекаларға қарағанда сезилерли дәрежеде арзан болған дәрилерди сатып ала аласаң. Сол кешеги аномал суўықта булар да кѳпшиликке үлги бола алды.
– Бизлер 13-17-январь күнлеринде ҚР Транспорт министрлигине қараслы 11 дана USUZI автобусларын жанар май менен тәмийинлеп, Орайлық базар бәндиргисинен ҳәр түрли жѳнелиске жолаўшыларды бийпул тасыўды шѳлкемлестирдик, – дейди усы жәмийеттиң ис басқарыўшысы Баҳрам Примбетов. – Буннан басқа да меншик машиналарымыз такси хызметинде, жолаўшылардың бәндиргиде суўықтан азғана болса да ықлап, паналаўы ушын айырым бәндиргилерди клёнкалар менен қапладық. Және де базардағы пуқараларға түсликте ҳәм кешки пайытларда ыссы кѳк шай ҳәм мазалы ѳнимлер тарқаттық. Буларды жазыў шәрт емес-аў. Бул бизиң инсаныйлық парызымыз, – дейди ол, кемтарланып.
Дурыс, былайынша ойлағанда инсаныйлық парыз. Лекин, биз билемиз, бул жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң халықтың дәриге мүтәж қатламын ѳзлериниң сыпатлы ҳәм арзан дәрилери менен тәмийнленип киятырғанын ҳәм және бир тәрепин де айтып кетпекшимиз. Пандемия дәўиринде яғный 2020-жылдың қатаң карантин күнлеринде бул жәмийет Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине 80 млн. сумлық муғдардағы (антисептик қолланбалар, маска, градусник) медикаментлерди бийпул бергенлигин, тағы да кем тәмийинленген шаңарақларға (Хожели районы, Нѳкис қаласы) зәрүрли дәри-дәрмақларын апарып жеткергенлигин билемиз. Соның ушын да буларды айтыўымыз, жазыўымыз ҳәм сол арқалы халыққа жеткериўимиз шәрт деп ойладық.
Усы аномал аязлы күнлерде: – Мен суўықтан қыйналып атырған ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсанның кейпиятын, сезимин терең тәшўиш ҳәм тынышсызланыў менен жүрегимнен ѳткерип атырман, – деген еди Президентимиз Шавкат Мирзиёев.
Журтбасшымыздың бул гәплерин басшылыққа алып, сол сынаўлы күнлерде халықты энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм де авариялық жағдайлардың алдын алыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен анық илажлар белгиленип алынды. Сондай-ақ қыйын шараятта, суўық ҳаўада ыссылықсыз отырыў қандай ашынарлы жағдай. Газден ҳеш бир шаңарақ үзип қойылмады. Әлбетте, булардың бәри мақтаўға турарлық ислер. Қорғаныў министрлиги тәрепинен Нѳкис қаласында 10 әскерий дала асханасының жумысы жолға қойылды. Онда министрлик әскерий палатка ҳәм ишин жылытыўшы печьлер менен тәмийинленип, күнине 30-50 пуқараға бир мезгил ыссы аўқат писирилди. Палаткалар 10 мәҳәлле аймағына орнатылып, азық-аўқат ѳнимлери менен Нѳкис қалалық ҳәкимияты тәмийинлеген.
«Меҳир ҳәрекети» шеңберинде Тѳрткүл районындағы жәрдемге мүтәж, денсаўлығында машқаласы бар 51 пуқараның 36 сына 22 түрдеги дәрилер берилип, тѳртеўине ордер, майыплықты белгилеў ҳәм басқа да медициналық жәрдемлер кѳрсетилди. Социаллық қоллап-қуўатлаўға зәрүрлиги бар 510 шаңараққа Мәҳәлле қайыр-сақаўат жәмийетлик қоры жанындағы «Сақаўат ҳәм кѳмек» фонды қаржылары есабынан биринши дәрежедеги азық-аўқатлық затлар ҳәм тутыныў буйымлары жеткерилип берилди.
Улыўма айтқанда әзийзлер, сондай ўақытша сынаўлы күнлерде биреў-биреўге жәрдем қолын созып, ийинлес болған пидайы инсанлардың бәрше ислери мақтаўға ылайық бир мақсетте, инсанларға меҳир үлесиў жолында бирлескен халқымыздың меҳрибанлығына және бир мәрте тәсийин қалсаң арзыйды.

Шүкирбай СИЙПАТДИНОВ,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.