БАКТЕРИЯ ДЕГЕНИМИЗ НЕ?

Бактерия – бул бир клеткадан ибарат, әпиўайы дүзилиске ийе организм. Оның қурамында күш-қуўат ислеп шығаратуғын, өмир ушын әҳмийетли элементлерди синтезлейтуғын ҳәм бөлиниўге жәрдем беретуғын элементлер бар. Бирақ, бул паразитте нәсиллик мәлимлемени сақлап қалыў қәсийетине ийе болған ядро жоқ. Бактерия ҳәдден тыс кишкене болғанлығы ушын оны тек ғана микроскоп жәрдеминде көриўге болады.
Олар адам ҳәм ҳайўанлар денесине сыртқы орталық (суў, топырақ, жуўылмаған мийўе-палыз өнимлери) арқалы түсип, организмге жайласады ҳәм көбейе баслайды. Инсан денесине түскен бактериялар жасаўы даўамында саламат клеткаларды зыянлап, өзинен зәҳәрли токсин ислеп шығарады. Бул токсин кеселликти пайда етеди. Олардың вирус ҳәм басқа да кеселлик қозғатыўшыларынан парқы – клетканың бөлиниў жолы арқалы бийғәрез көбейиў қәсийетине ийе екенлигинде.