МЕНИҢ АНАМ ҲӘММЕДЕН ЖАҚСЫ

Бул өмирде жасаўшы ҳәр бир инсанға: «Сиз ушын дүньядағы еӊ жақсы, еӊ меҳрибан, еӊ гөззал инсан ким?» — деп сораў берилсе, ҳеш екиленбестен: «Бул мениӊ анам!» деп жуўап берилсе керек. Шынында да, әдиўли аналарымыз усындай жоқары сый-ҳүрметке, қәдирлениўге ҳәр тәреплеме ылайық инсанлар саналады. Аналар ҳаққында усы ўақытқа шекем көркем сөз шеберлеримиз тәрепинен қаншадан-қанша қунлы әдебий шығармалар дөретилип келинген болса да, олардыӊ ҳақыйқый инсаныйлық келбети, ағла адамгершилик пазыйлетлери толық дәрежеде ашып берилмеген болса керек.
Бизиӊ өмиримиз даўамында қолға киргизген барлық жетискенликлеримиздиӊ сағасында баўырман анамыздыӊ табанлы мийнетлери жатады. Мен бул мақаламда анам ҳаққында азы-кем тоқталып өтким келди. Күншығыс ҳаял-қызлары қандай пазыйлетлерди ийелеўи керек болса, мениӊ жан анам да өз бойына сондай жоқары пазыйлетлерди жәмлей алған әжайып инсанлардыӊ бири. Шаӊарағымызда қыз перзент болмағаны себепли, биз уллары анамызға есимизди билгеннен баслап қолқанат болыўға талпынып келемиз. Әсиресе, мен анамды өзиме дым жақын көрип, ҳәмийше кеўлимнен өтип атырған кеширмелерди айтып, саатлап сырласып отыраман. Кишкенелигимнен баслап күтә тәсиршеӊ, сезимтал, кеўлим бос болғанлығым ушын ба, меҳрийбан анам мени әлпешлеп, қызғыштай қорып жасаўға умтылады. Әлбетте, ҳәр бир ана ушын барлық жигербентлери теӊдей сүйикли, қәдирли саналады.
Мен оқыў яки жумыс себепли үйден алыста жүрер болсам, анам мениӊ затларымды көз нурындай қәстерлеп, ҳеш кимниӊ қолын тийгизбей, қәдирлеп сақлап отырады. Зымырап өтип атырған жыллар бизди бираз есейткен болса да, ана ушын кишкене баладай болып қала берер екенсеӊ. Гейде жумыстыӊ баса-басы менен анамыздан хабар алыўды, еӊ болмаса телефон етип қойыўды естен шығарған болсақ, оныӊ өзи қоӊыраў шалып, «Аман жүрсеӊ бе, қуўатым, аш болып жүргениӊ жоқ па? Аязлап қалма, ϴзиӊе қарап қалыӊырақ кийинип жүр, аязлап қаларсаӊ!» – деп ҳал-аўҳалымды сорап, биз, перзентлерин қайғырып отырады.
Студентлик жылларында аўылдан қалаға атланар болсақ, сумкамызды толтырып еӊ татлы жемислерди, азықлық өнимлерди берип, «Үйдегилерге ҳеш гәп, илажы болар, дүзде жүриў аӊсат емес» деп, ысық мийрим менен бизди шығарып салып, тилегимизди тилеп отырар еди. Таӊлаған қәнигелигимиз бойынша оқыўымызды тамамлап, бир әлем арзыў-үмитлер менен жумысқа орналасқан ўақтымызда да, ҳәммеден көбирек қуўанышқа бөленген, бахтыяр болған инсан баўырман анамыз болды десек асыра силтеп айтқан болмаспыз.
Ойлы-бәлент өмир соқпақларында инсанға ойламаған жерде түрли сынақлар дус келер екен. Күтиўлер, кешигиўлер, сүрнигиўлер, түсинбеўшиликлер бизди де шетлеп өтпеди. Усындай аўыр демлерде мени жалғызлатпаған, сүйеп орнымнан турғызған, жигерлендирген, бахытлы күнлердиӊ алдында екенлигине исендирип, сабырлы болыўды үйреткен анажаныма шексиз миннетдаршылығымды билдиремен.
Бизиӊше, ҳәр бир перзент өз анасын еӊ жақсы теӊеўлер, сөзлер менен тәрийплегиси келеди. Қәдирли аналарымыздыӊ нурға толы ысық дийдары, жүрек меҳри, ибрат аларлық ҳасыл пазыйлетлери менен бул дүньяныӊ еле де гөззал болып көринетуғынлығы ҳақыйқат. Илайым, жер жүзинде жасап атырған гүллән аналар бахтымызға аман болып, сүйикли ул-қызларыныӊ камалын көрип, қуўаныш ҳәм қызықларына бөленип, узақ өмир сүргей! Олардыӊ нур таралып турған периштедей дийдары бәршемизге талмас күш-жигер, сарқылмас илҳам-йош бағышлап турады. Сизлер бар екенсиз, дүньяныӊ тиреги ҳеш қашан таймай, еӊ ағла инсаныйлық қәдириятлар мәӊги жасай береди.
«Шамшырағым жүрмекен аман?»
Деп жол қарап көзи талмаған,
Кешиксем уйқылай алмаған,
Мениӊ анам ҳәммеден жақсы!

Сөзим емес тек те бир мениӊ,
Жүрек сөзи ҳәмме, ҳәммениӊ,
Биргеликте айтайық келиӊ,
Мениӊ анам ҳәммеден жақсы!

Аўырсам жылжымас қасымнан,
Саўалтар аймалап басымнан,
ϴзиниӊ дәртлерин жасырған,
Мениӊ анам ҳәммеден жақсы!

Алғаным деп тилеп Алладан,
Ысық мийрим менен қараған,
Жаслық көркин берипти маған,
Мениӊ анам ҳәммеден жақсы!

Гүллән табысымныӊ арқаўы,
Азықландым меҳри арқалы,
ϴшпейтуғын бахыт арнады,
Мениӊ анам ҳәммеден жақсы!

Алыс кетсем қәўетер алып,
Отырғаны қоӊыраў шалып,
Сезер дәрҳал жүрсем қыйналып,
Мениӊ анам ҳәммеден жақсы!

Бахытлы САРЫБАЕВ,
И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниӊ жоқары категориялы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы.