АНАМНЫҢ АНАСЫ БАР

Аналар жүреги меҳир-мухаббат пенен келешекке толы. Аналар бар екен, өмир даўам етеди. Елимизде ҳәр бир тараўда белсенди ҳаял-қызларды ушыратамыз. Бири ана, бири шыпакер, және бири кеўли кең устаз, және бири фермер. Мен болсам олардың бәрин жерге қонған периште дегим келеди.
Мен де бахытлы елимниң, бахытлы ҳаял-қызларының биримен.. Себеби, мениң мийнеткешлиги менен танылған, мақтанышлы анамның анасы бар. Ол Нөкис районы «Дарсан» фермер хожалығының фермери Меңлихан апа. Ол 1946-жылы Шоманай районында туўылған. 1956-жылы 1-классқа барған. 1964-жылы мектепти тамамлаған. Ол заманлары қыз бала мектепти питкергеннен соң турмысқа шығатуғын болған. Ол 1965-жылы Дурназар Қурбаназов (яғный анамның әкеси) менен турмыс қурған. Олардың алты перзенти болып, мениң анам туңғышы. Олар дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланған. 2004-жылы «Дурназар фермер» хожалығын ашады. Кемпир апам менен атам фермер хожалығын жүргизиўде көп ғана қыйыншылықларды жеңип өтиўге туўра келген. 2010-жылы атам қайтыс болып, кемпир апам 64 жасында болыўына қарамастан фермер хожалығын өзи басқарады. Мийўе ҳәм палыз өнимлерин де жетистирип, халық дастурханын толтырыўға өз үлесин қосады. «Ташаббус» таңлаўында 2012-2013 ҳәм 2014-жыллары сыйлы орынларын ийеледи.

Пал ҳәррешилиги менен де шуғылланып, өним алып, аўылда кем тәмийинленген шаңарақларға қолынан келгенше жәрдемин береди.
Кемпир апам уллары Ильяс ҳәм Дәўирхан менен және бир қайырлы иске қол урды. 2014-жылдан берли аўылда мектеп болмағанлығы себепли аўыл балаларының алты километрге қатнап оқыўы қыйын еди.
Ол аўыл шетиндеги тозып, қулап қалған мектептиң орнына өз есабынан мектеп имаратын қурыўға кириседи. Мектеп балалардың жазғы дем алысында қурып питкериледи.
Таза оқыў жылынан баслап аўыл балалары таза мектепте оқып, тәлим ала баслайды.
Аўылымыз адамлары ҳәм балалар жүдә қуўанып, олар кемпир апама ҳәм перзентлерине өзлериниң шексиз алғысларын айтып келмекте.
Мен усындай мийнеткеш, пидайы кемпир апам барлығына қатты қуўанаман. Ҳәммеге өз мийнетинен ҳүрмет-иззетке бөленип, рәҳәтин көриў несип ете бергей.
Гүлпаршын Аманғосова,
Нөкис қаласы, 53-санлы МШБШ логопед-оқытыўшысы.