Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2022-жылдың, январь-декабрь айлары жуўмағына көре ислеп шығарылған жалпы аймақлық өнимниң көлеми 29 925,4 млрд. сумды қурап, 2021 жылдың январь-декабрь айларына салыстырғанда өсим пәти 4,0 % ке өсти.
Өзбекстан Республикасының жалпы ишки өниминиң қәлиплесиўине Қарақалпақстан Республикасының қосқан үлеси 3,4 % ке туўра келеди.
Қарақалпақстан Республикасы жалпы аймақлық өнимниң экономикалық хызмет түрлери бойынша тараўлардың жалпы қосылған қуны 27 566,6 млрд.сум болған болса, өсим пәти өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 104,0 процентти қурады. Өнимлерге болған салықлар 2 358,8 млрд.сум болып, өсим пәти (104,3 %), Аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы тараўы 8 164,1 млрд. сум (103,3 %), Санаат тараўында 6 499,7 млрд. сум (100,6 процент), Қурылыс тараўында 2 284,8 млрд. сум (107,7 %), Хызметлер 10 618,0 млрд. сум (106,0 %)ти қурады.
Халықтың жан басына ислеп шығарылған жалпы аймақлық өниминиң көлеми 15 249,4 мың сумды қурап, бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 102,6 процентке жетти.
Қарақалпақстан Республикасы экономикасының барлық тараўларында жаратылған жалпы қосылған қунының улыўма үлеси жалпы аймақлық өниминде 92,1 %, өнимлерге болған салықлар болса 7,9 %.
2022-жыл, январь-декабрь айлары жуўмағы менен жалпы аймақлық өниминиң тараўлар қурамындағы үлеси аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығының 29,6 % ти, санаат тараўы 23,6 % ти, қурылыс 8,3 % ти ҳәм хызметлер тараўы 38,5 %, ти қурады.
2022-жылдың январь-декабрь айларында киши исбилерменлик субъектлердиң жалпы аймақлық өнимдеги үлеси 56,6 % ти қурады. (2021-жылдың январь-декабрь айларын салыстырғанда 56,3 %).
Талғат Нурмаханов,
Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы, Статистика жумысларын шөлкемлестириў ҳәм улыўмаластырылған мәлимлеме-таллаў жумыслары бөлими баслығы.
