Пайтахтымыздағы 18-санлы улыўма билим бериў мектебимиздиң дөретиўшилик мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы, жазыўшы ҳәм журналист Көбейсин Ерназаров мектебимизге бекитилген Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының шет тиллери факультетинде шет тили ҳәм әдебияты бағдарында окып атырған әмелиятшы екинши басқыш студентлери менен ушырасыў өткерди.
Ол студент жасларға «Мақсет – ҳүжданлы ҳәм билимли жасларды тәрбиялаў» деген темада түсиник берип, 1980-жылларда батыс Европа еллеринде китапқумарлықтың төменлеп кетиўине байланыслы жүз берген дағдарыстың, яғный функциональ саўатсызлықтың унамсыз нәтийжелерге алып барғанлығын тастықлайтуғын қызықлы мағлыўматлар келтирди. Усының менен бир қатарда бизиң мектеплеримиздеги бүгинги жағдай, оқыўшыларды китапқумарлыққа тартыў, сондай ақ дөретиўши жасларды таярлаў бойынша алып барылып атырған унамлы нәтийжелер ҳаққында да айтып берди.
Бул ушырасыў студентлерге де үлкен мотивация болды.
Маржан Даўытова,
18-санлы мектептиң китапханашысы.
