Бүгинги күнде елимизде инсан қәдири ушын принципи тийкарында халықтың жасаў жағдайын жақсылаў, оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў, абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында кең кѳлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Буннан тийкарғы мақсет халқымыздың бүгинги күннен, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығын тәмийинлеў болып есапланады.
«Меҳир ҳәрекети» илажлары шеңберинде шараяты аўыр, бағыўшысынан айырылған, социаллық қоллап-қуўатлаў, турақ жайларын оңлап бериў, наўқаслығы бар пуқараларға медициналық жәрдем кѳрсетиў бойынша ўазыйпалар белгиленип, бул жумыслар бүгинги күнде әмелий кѳринисин таппақта.
– Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына деген айрықша итибары, халқымыздың жасаў шараятын жақсылаў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәнисин халыққа түсиндирип, исбилермен ҳәм сақаўатлы инсанлар тәрепинен жәрдемлер кѳрсетилип келинбекте. Тийкарғы мақсетимиз халықтың разылығына ерисип, шараяты аўыр шаңарақларды қыс мәўсиминен шығынсыз алып шығылыўы тәмийинленбекте, – дейди пайтахтымыздағы «Бағшылық» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Азат Дәўлетов.
Усы аймақтың «Балықшы» кѳшеси 50-жайда М.Матеков ҳәм Р.Каримбердиевалар жасайды. Бул шаңарақ социаллық қорғаўға мүтәж, аўыр шараятта жасаўшы шаңарақлар дизимине алынған. Жайының сыртқы кѳриниси тѳмен, шифери жоқ. Газден қарыздарлығы себепл
и бираз ўақыттан берли газ тармағынан ажыратылып, отын жағып күн кеширген. Айына шаңарағына 600. 000 сум дәрамат ғана кирип, имкансыз қалған шаңараққа «Қайырсақаўат ҳәм кѳмек» фонды тәрепинен газ қарыздарлығына 2000 000 сум тѳлеп берилсе, 3-сектор тәрепинен қосымша үйине ысытыў печькасы ҳәм де азық-аўқат ѳнимлери менен турақлы тәмийинленип келинбекте. Нѳкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен үй жайын шиферлап бериў режесине киргизилген шаңарақлар қатарында болып, әмелге асырылыў алдында тур. Буннан басқа шаңараққа бекитилген қәўендер ҚМУ юридика факультетинен Баўыржан Ермекбаев шаңарақтың машқалаларын үйренип, азық-аўқат пенен тәмийинлеп келмекте, – дейди мәкан ҳаял-қызлар белсендиси Жанар Нурмуханова.
Соңынан Жанар Нурмуханова менен барған шаңарағымыз «Ҳаяллар дәптери»нде дизимде турыўшы Гүлназ Қошымбетованың шаңарағы болды. – 2012-жылы аўырып басладым. 2019-2021-жыллары еки мәрте омыртқадан операция болдым. Неше жыл аўырыўымның диагнозын айыра алмай қыйналдым. Жылына бир мәрте Ташкент қаласына барып емленип келемен. Системная склеродермия. «Синдром Рейно» диагнозы бойынша 2-топар майыбыман. Қуяшқа, суўыққа, ашыўланыўға болмайды. Усы наўқаслықтан қатты қыйналаман-дейди Гүлназ сәўбети барысында.
– Не деймиз аўырыў берген Аллам шыпасында ѳзиң бергейсең. Жассаң еле жақсы болып кетесең, қуда қәлесе 2 улыңа жақсы келинлер түсирсең, бәри умыт болып, халыққа да хызметиң тийеди дегеним де, субсидия тийкарында тигиў машынын, оберло ҳәм утюг бәрин қосып алып бериўди режелестирип отырмыз, – деген Жанардың сѳзинен қуўанған Гүлназ, тигиўшиликке ықласым бар, ѳзимниң бәнтлигимди ѳзим тәмийинлесем кеўлим кѳтерилип, кѳп нәрсени умытар едим…
Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың қатарындағы бул шаңараққа да қәўе
ндер бекитилген. ҚМУ география факультети декан орынбасары Бегзод Тарихов азық-аўқат ѳнимлеринен жәрдем берсе, жылына бир мәрте берилетуғын «Қайырсақаўат ҳәм кѳмек» фондынан 2 миллион 600 сум берилип, үй-жайы тез арада шиферланып бериледи. Усындай қайырсақаўатлы инсанлардан кеўли толып, ертеңги күннен жақсы нийет етип отырған Гүлназ Қошымбетованың нийет-режелериниң қабыл болыўын ҳәм наўқаслықтан айығып кетиўин тилеймиз.
– Ҳәзир азық-аўқат ѳнимлери мына шаңараққа да келеди. Бул Камал Юлдашев деген ағамыздың шаңарағы. Аўыр наўқаслыққа шатылып, үш мәрте химиялық усыл менен емленген. Жағдайын билип ҳал-аўҳал сорайық, – деп үйге киргенимизде, Камал аға орнынан да тура алмай қыйналды. «Кеселлик адамды жемиреди» деген усы шығар. Дым аянышлы жағдай, жасаў шараяты, күн кѳриси тѳмен шаңарақ. Алланың ѳзи қарасын дейсең. Бул инсанларға қайыр-сақаўат жақсы инсанларға көрсетип атырған жәрдемлери ѳзлерине мың есе болып қайтыўын тилеймиз.
Бул шаңарақтың да үй-жайы шиферланыў алдында тур. «Қайырсақаўат ҳәм кѳмек» фондынан 1 миллион, электр тогы қарыздарлығын аймақлық поликлиника шыпакери С.Туржанова тѳлеп берсе, қәўендерлер тәрепинен ысытыў печи, азық-аўқат ѳнимлери менен тәмийинленбекте.
Адамлар арасында меҳир-ақыбет жоғалмасын. Бир-биреўге жәрдем қолын созыў-бул инсаныйлық пазыйлетимиз.
«Меҳир-ҳәрекети» акциясы шеңберинде меҳирли болып, мүриўбетшилигимиз арта берсин.
Зибира АБДИНИЯЗОВА.
