Мен енди ғана өспиримлик жасындағы қыз болсам да,билер едим, дүньядағы ҳеш бир нәрсе меҳир-мүриўбеттен де, жыллы сөзден де татлырақ емес екенлигин. Дүньяда бәрше заттың тәрезиге тартылар өлшеми, аўырлығы бар. Лекин, ең жыллы сезим болған сыйласық, меҳир-мүриўбетти ҳеш бир нәрсе менен өлшеп болмайды. Инсан жасар екен ҳәр дайым гөззаллықты хошлап, жыллы сөз қумары болады. Бир ғана жыллы сөз бенен аз ғана меҳир-мүриўбет оны көклерге көтерер,бир аўыз ашшы сөз өлген менен барабар қылар екен. Жақында ғана танысқан Айсулыў деген достымның айтып берген мына әңгимеси жоқарыдағы сөзлериме анықлық киритеди.
– Мен аўылда тәрбияланып,аўылда өстим.Үйимиздиң жанында Сара апа деген қоңсымыз бар. Үйлеримиз сондай жақын, оның жайы бизлердикине тийип турар еди. Сара апаның меннен бир жас киши Айнур атлы қызы бар. Айнураның жаслығында ата-анасы қаза таўып, сол ўақыттан берли жасы елиўлерден асқан апаның жалғыз тирениши болып отыр. Сара апа ақлығын сондай дәрежеде әлпешлер, ҳәттеки бизлер менен мектепке шембиликке кетсе де:
– Балам, аўыр нәрселерди ислеме, жаман шөп-шарларды услай берме,бир жериңди жарақатлап аларсаң – деп күй
ип-писип жүргени.
Бул қызға мейрими жоқары болғанлықтан ба, яки бағыўшысынан ерте айрылып, кеўли жарты болмасын деп пе, Сара апа оннан ҳеш нәрсе аямады. Сонлықтан да, Айнура ҳеш нәрсеге зәрүрлиги жоқ, ҳеш кимнен кемлик көрмей ерке қыз болып өсти. Аўыл адамлары да Сара апаға: «Ақлығыңызды бунша еркелете бермең!» – деп айтар еди. Буның себеби Айнура кемпир апасына ҳеш итибар бөлмейди. Сол арада бир ўақыя болып,апасының ерке қызы болған Айнураны бәрше жек көрип қалды. Соннан берли ол барлық нәрсениң қәдирине жететуғын, меҳир-мүриўбетли қыз болып өзгерди.
– Ерке қызды буншелли өзгертетуғын қандай ўақыя? – дедим достымның ойын бөлип.
– Мектептеги питкериў кешесин өткерип болып, жаслар кешқурын дем алыў мақсетинде ҳәммеси отырыспақ уйымластырып бәршеси туўры сол жерге кетти.
Барлық жаслар бирме-бир ата-аналарына кеш қалатуғынлығын айтып хабарласар еди, бирақ Айнураның пәрўайы пәлек .
Кеш болды, қараңғы түсти. Айнурадан еле дерек жоқ. Апасы соншелли қәўетерленгенликтен бе бир жерде тыным таппай, ақыры шыдамы таўсылып, көшеге излеп шиқты. Жол шетиндеги жатырған шөп-шарларға абайсыздан аяғы илип кетип, жерге ет-бетинен жығылып түсти. Ол қызына қарап:
– Қызым, мени орнымнан түргелтип жиберши, жәрдемлессен орнымнан турып алайын – деди.
Айнураның пәрўайы пәңсери еди.Ол апасына қарап ғәзеп толы көзлери менен былай деди:
– Ҳей, апа, не қылып жүрсең кеште мени ҳәммениң алдында уялтып, ол да жетпегендей қарап жүрип қара жерге жығылып. Жүрер жолыңды билмес екенсең, өзиң тур!
– Мен сеннен қәўетерлендим, бир нәрсе болып қалмадымекен – деп жүрегим шыға жазлады қызым-м-м-аў.
– Мен үп-үлкен қыз болдым. Өзиме-өзим жуўап бере аламан. Қашан қарама изиме ергениң ерген. Өзиң қайтып келген болсаң сөйтип қайтабер -деп ашыўланып кетип қалды.
Сара апаның 18 жылдан берли аямаған меҳирине, жанын кешкендей ықласына, бир түйир мийиримлилик таўып бере алмаған қызынан қатты кеўли өксип, әсте орнынан турып, үйине қайта берди.
Бул әңгимени еситип, мениң де кеўлим алағада болды. Шынында да, «палды көп жесең, зәҳәр менен тең болады» дегени рас екен .
Айзада Исмайлова,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, 3-курс студенти.
