Халқымыз әзел-әзелден ҳаял-қызларға айрықша итибар менен, меҳир-муҳаббат тымсалы сыпатында қараған. Саламат шаңарақты қәлиплестириўде ер ҳәм ҳаял адамның орны бирдей. Ҳаял адам шаңарақтың тыныш-татыў болыўында, балалар тәрбиясында, ерли-зайып мүнәсибетинде жуўапкершилиги
басым болады.
Нызамшылығымызда ҳаял-қызлар ҳуқықлары итибардан шетте қалмаған. Қайсы тараўда болмасын мәмлекетимизде ҳаял-қызлар ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, олардың экономикалық, жәмийетлик ҳәм сиясий искерлигин асырыў, ден-саўлықты сақлаў, кәсипке оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў ҳаққында бир қатар реформалар басқышпа-басқыш даўам етип келмекте. Усы орында жәмийетимизде “гендер”, “гендер теңлиги” сыяқлы терминлер көплеп ушырасады.
Гендер-ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ортасындағы мүнәсебитлердиң жәмийет турмысы ҳәм искерлигиниң бәрше тараўларында, сол қатарда сиясат, экономика, ҳуқық, идеология ҳәм мәденият, тәлим ҳәм илим билимлендириўде жүзеге келетуғын, бир сөз бенен айтқанда гендер теңлиги ер адам менен ҳаял адамның ҳуқық ҳәм имканиятларының теңлигин билдиреди.
Республикамызда гендер теңлигиниң тәмийнлениўи мәмлекетимиз раўажланыўына аз да болса түртки болар еди. Мысалы, ҳаял-қызларға қарата зорлық, саўатсызлық ҳәм жумыссызлықты сапластырыўда ҳаял-қызларға және бир имканият берген болар еди. Жәмийетимизде көплеген ҳаял-қызларымыз өз орнын табалмай, қолында дипломы болса да, бирақ жумысқа кире алмай жүрген қызларымыз бар. Усы орында сондай ҳаял-қызларымызға мәмлекетимизде көплеген имканиятлар жаратып берилмекте. Мысалы, исбилерменликти жолға қойыў ушын кредитлер ажыратыў, жоқары оқыў орнына кириў ушын айырым қызларымызға жеңилликлер бериў, аўыр жағдайдағы ҳаял-қызларға жеңилликли үй-жайлар бериў, айырым ҳаял-қызларымыздың контракт пулларының төлеп берилиўи ҳ.т.б. мысал етип келтирсек болады.
Г.Нурымова,
Тақыятас районы ПҲАЖ бөлими 1-дәрежели инспекторы.
