ЗАМАНҒА САЙ «ТРЕНДЛЕР»

Ҳәзир жасларымыз арасында массалық мәденият, европалық үрп-әдет сыяқлы сѳзлерди кѳп айтамыз, лекин биз жоқарыдағылардан емес, бәлким ең тѳменинен баслағанымыз жѳн. Заман раўажланған сайын, интернет кең кѳлемди ийелеген сайын, инсан да сол орталыққа бейимлесиўди баслайды. Биз жоқарыда айтып ѳткен ең тѳменги мәселелерге тоқталсақ, хәр түрли социаллық тармақлардағы, яғный инстаграм, телеграм, фейсбук ҳ.т.б тармақлар арқалы тилимиздиң жерге урылыў жағдайларына ушырамақтамыз. Жақында ғана бир достым менен инстаграм тармағы арқалы сәўбетлесип қалдық. Сѳйлесиў барысында ѳз ана тилимиздеги сѳзлердиң қәте жазылыўы, «не қв», «не жанка», «тт» сыяқлы қысқартырылып жазылған сѳзлерди кѳрип, бир тәрептен ғәзебим келсе, екинши тәрептен жаным ашыды. Өз ана тилимизде ѳзлеримиз дурыс жазып, туўры сѳйлемесек, ѳз қәдиримизди ѳзлеримиз кѳтермесек, басқадан не үмит, не қайыр?! Мине усының себебинен ѳсип киятырған жас әўладта грамматикалық жақтан саўатсызлық пайда болмақта. Ҳәттеки, жасы үлкенлеримиз де бул жағдайды кѳрип турып, ҳеш нәрсе демейди яки бул әллеқашан нормал жағдай болып үлгерди ме? Биз социал тармақлардың қурбаны болып баратырған жоқ па екенбиз?
Жасы үлкенимизден кишимизге дейин бул тордың ишинде отырып тилимиздеги сѳзлердиң жоғалып баратырғанлығын да байқамай қалыппыз, басқа тиллерде ѳзимизше гердийип сѳйлеймиз, соны мәба кѳрип, мақтанамыз. Лекин, ата-бабаларымыз айтқанындай, «Өзге тилдиң бәрин бил, ѳз тилиңди қәдирле»месек ким болғанымыз?!
Жоқарыда айтылған иллетлер бизге жат емес, бәлким күнделикли әдетимизге айланып баратырғанлығы ҳәммемиз ушын бирдей аянышлы. Әсиресе, келешегимиз жаслар қолында деймиз де, лекин балаларымыз, еле ҳеш нәрсени аңламайтуғын бѳбеклеримиздиң қолына да телефонды берип, тыныш отыр деймиз.
Биз тәрбияны ѳзимизден-ѳзлигимизден баслаўымыз керек.
Айзада ИСМАЙЛОВА,
ҚМУ, Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, 3-курс студенти.