Өмир! Бул сондай түсиник. Онда мын түрли ойынлар, қарама-қарсылықлар, жеңиў ҳәм жеңилиўлер болады. Өмирди ҳәр ким түрлише көз алдына келтиреди. Ол ҳаққында өзинше түсинеди. Инсан бул жақты әлемде өмир сүрер екен, ҳәрдайым бир нәрсеге умтылып жасайды. Оган ерисиўге жән-тәни менен ҳәрекет қылады. Көпшиликтиң алдына қойған мақсети – бул бахыт есиги. Бул есикке жетип барып, оның сырлы қулпының гилтин таўып ашыў аңсат емес. Бул жолда не түрли қыйыншылықларға дус келемиз. Қанша асқар таўларды асыўға, балшық суўларды басыўға туўра келеди. Дана халқымызда «қыймылдаған қыр асар» деген гәп бар ғой. Ал, енди бул бахыт атлы есикке жетиў ушын не ислеўимиз керек? Әлбетте, мәнзилге барыў ушын соқпақ таңлаўдан баслаймыз. Өмирде ҳәр бир инсанның өз соқпағы болады. Ал, бул кишкене жол бизди айдын гүзар жолға баслайды.
Усы жолда өмир текшелерине дус келемиз. Себеби, бахытқа ерисетуғын жол бир тегис болмайды. Ҳәзирги заман тили менен айтқанда бахытқа «лифт» пенен жетисип болмайды. Оның ушын сансыз текшелерге еринбей минип өтиў керек. Биз – бул гүзар жолдың жолаўшыларымыз. Ҳәр ким өз өмиринде өзи жолаўшы дегени де пикиримиздиң айқын дәлили. Енди жолаўшының қандай болыўы оның өзиниң ҳүжданына байланыслы. «Аўырдың асты жеңилдиң үсти» менен жүретуғынлар да жоқ емес. Себеби, бес бармақ бирдей емес. Ҳәр бир инсанның өмир тәрезиси болады. Бул тәрезиге тартылған жүкти көтере билиў тийис. Тек ҳәрекет етсең ҳәмме нәрсеге ерисиўге болады.
Мысалы, мен бахытты, өмирге қәнәәтти гүбелектен излеймен. Дурыс, ол кишкене ғана бир жәнлик. Бирақ, онда гөззаллық бар. Түрине қарасам қандай да бир эстетикалық заўық аламан. Оның тек түри емес, өмири шырайға бай. Жеңил ушады, ҳеш кимге зыяны жоқ. Адамға, тәбиятқа азарсыз бир жәнлик. Мениң көзим менен қарайтуғын болсақ ең киши гөззал қус. Аўа, мен оны қусым дегим келеди. Мағлыўматларға қарағанда гүбелеклер үш күн ғана жасайди. Тек ғана үш күн…
Ал, ең бахытлы, әўмети келгенлер бир ҳәпте жасаўы мүмкин екен. Бундай гүбелеклер миллионнан бир гезлеседи. Биз бәрҳа шүкиршилик етиўди неге гүбелектен үйренбеймиз. Ол сол үш күни ушын бахытлы. Сонда да өмирин мазмунлы өткериўге тырысады. Яғный, өз тәрезисиндеги тасты аўырсынып отырмастан, оны көтерип, гүзар жол текшелерине қәдем таслайды. Бахыт атлы есикке умтылады. Биреўге жаманлық етиў, сумлық ойлаў сыяқлы қәсийетлерди ойына да келтирмейди.
Қәдирданлар, «Көп жасаған билмейди, көпти көрген биледи». Сонлықтан, бул кишкене гүбелекке ҳайран қаламан…
Шахноза Оразымбетова,
Бердақ атындағы ҚМУ дың Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, 3-курс студенти.
