«Информатика ҳәм информация технологиялары» пәнин оқытыўдың заманагөй форма, усыл ҳәм технологияларын қолланыўда, оқыўшылар аралықтан турып жаңа билимлерди ийелеўи, турақлы түрде өз үстинде ислеўи ушын система жаратыў ҳәм оны жолға қойыў, билим бериў процесинде таяныш билим, көнликпе, қәниге ҳәм компетенцияларды (қәнигелик билим) турақлы бақлап турыў, оқыўшылар, қәбилетине қарап кәсиплик бағдарлаў жумысларын алып барыў жолға қойылмақта.
Мәмлекетимиз тәрепинен барлық пәнлер қатары «Информатика ҳәм информация технологиялары» пәнине үлкен итибар берилип, оның раўажланыўына жағдай жаратыў мақсетинде ҳәммеңизге белгили глобал өзгерислер дәўири басланды. Журтбасшымыздың келешекти көре билиўи, санлы системаға өтиў сиясатын кең көлемде алып барыўы ҳәм де жаңа әўлад сабақлықларын жарытыў бойынша басланған ис-ҳәрекетлери нәтийжесинде машқалалар тез сапластырылмақта. Жаңа әўлад сабақлықлары тап усындай шараятларда оқыўшылар өз бетинше билим алыў, муғаллимлерге комплекс методикалық жәрдем бериў ушын жаратылып атыр. Лекин заманагөй санлы технологиядан ақылға муўапық пайдаланыў тек муғаллим емес, ал оқыўшылар ушын да қолайлықлар жаратыўы менен бирге қымбатлы ўақытларын тежеўге үнемли ѳткериўге жәрдем береди. Бул программа «Scratch programmalastíríw ortalíǵí» болып онда өзлери өз қоллары менен қәлеген мултик қаҳарманларын жаратыў ҳәм оларды жүргизиў имканиятина ийе бола алады. Scratch (скреч, skrech) программаластырыў тили әпиўайы ҳәм түсиникли болғанлығы себепли, онда оқыўшылар, бәлки, бақша жасындағы балалар да өз жойбарларын әмелге асырыўға болады. Scratch программасы Мassachusets университети профессоры Metchel Reznik ҳәм Alan Key басшылығында жаратылған болып, ҳәзирги күнде билимлендириўге бағдарланған графикалық интерфейсли программаластырыў орталығы сыпатында үйрениледи. Сцратч программаластырыў орталығында да Лего конструкторы сыяқлы программаның коды реңли блоклардан пайда етиледи (жыйналады).
Компютерлер ушын программалар арнаўлы программаластырыў тиллеринде жазылады. Сцратч программаластырыў тили мине усындай тиллердиң қатарына киреди. Scratch инглисше сөз болып, сызық, ғышырлаў, перо, алағула, баслаў сыяқлы бирнеше мәнини аңлатады. Scratch инг сөзи дижейлар әмелде қолланатуғын бирнеше музыкалы шығармаларды бирлестириў процеси мәнисинен келип шыққан. Сцратч программасы мултимедиялы, графикалық ҳәм даўыслы үскенелер панели, клавиатура, мышка, сенсор сыяқлы қурылмалар сигналларын қайта ислеў имканиятына ийе программа есапланады.
Бизиң Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайының оқыўшылары тийкарынан спорт шеберлери болғанлықтан бул пәнде компьютерде өзлериниң қәнигеси бойынша ойын түрлерин ислеп шығыўға жүдә ҳәм қызығыўшылық пенен қарайды. Ҳәзирги ўақыттағы компьютер технологиясының буншелли раўажланыўы ҳәм тез пәт пенен оқыўшыларымыздың мийине аңсат сиңиўи бизиң келешегимиз даўамшыларының алға илгерилеўиниң бир көриниси екенлигин айтып өтсек болады. Ҳәттеки тек ғана мектеп жасындағы ғана емес бақша балаларының мийлериниң раўажланыўында бундай программалардың пайда болыўы бизиң жаңа технологиялық әсирде жасап атырғанымызды айқын көрсетип бермекте.
Замира БАЗАРБАЕВА,
Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайы оқытыўшысы.
