ӨМИРИМНЕН ПӘРШЕЛЕР

(Даўамы. Басы өткен санда)
1958-жылдың декабринде меннен кишкене иним Нийетбай туўылған. Шаңарақта ул ақлығының туўылыўы апамды қанша қуўандырғаны менен апам мениң меншигиме ѳтип болған еди. Кишем Нийетбайға ҳәмледар болыўдан апамды емип ѳте шығыппан. Апам сонда 44 жасында екен. 27 жасында күйеўинен тул қалған апамның маған болған меҳри соншелли, емизген күни-ақ сүт шығып кеткен. Оны мезгилсиз-мәкансыз емип, оңып қалыппан. Апам бийшара емизиўли қызы болғанлықтан, мени таслап ҳеш жаққа кете алмаған. Бирге қыдыратуғын тѳрт абысынға бесинши жолдас болып қосылыппан.
Сонда апамның абысынларының ең үлкени Айсултан шешем еди. Оның да Гүлсәнем деген абысыны болған, бирақ, мен есимди билгели еки улы Атамурат ҳәм Жақсымуратлар менен Нѳкисте жасайды. Үлкейе келе тѳрт атамның бес кемпири бар екенин аңлай басладым. Кейин билсем, Айсултан ҳәм Дәме шешемлер күндес екен. Күйеўи ѳлип кеткеннен кейин сондай болған ба, күндеслердиң абысын-келинлерден парқы билинген жоқ.
Үшинши шешем Бийбиханның сумлығы басымлаў еди. «Айланайын-айланайын» деп турып шымшып алатуғын, балаларға кѳзи менен кѳп нәрсени түсиндиретуғын шешеме қыдырыспаларда болмаса, кѳп үйир болмағанман. Ал, Дәме шешем олардың гүли, ишиндеги ең жасы, ѳзи келте бақай, томпақ болғаны менен ҳәммесин күлдирип жүретуғын, қәйин-қайнағаларының қолға илинген балаларының кеўлин таўып жумсағыш ҳаял еди.
Соңлаў Дәме шешем Кегейлиге узатылып кетти. Абысынлы-келинли шешемлер оны еки қызы менен Сапар деген кисиге узатты ҳәм олардан ѳрбиген ул-қызлар менен ѳле-ѳлгенше қатнасты. Сапар арбаға бала-шағаларын тийеп қыдырып келгенде, бизлер де, үйирине қосылған қызлар да қуўанысып қалар едик. Сондай қатнасықлар ҳәзир де даўам етип атыр.
Шешемлер туўралы гәп ашылса, бираз жерден айланып қайтатуғыным бар деп дәслептен ескертип жақсы қылған екенмен. Болмаса, емизиўли қыз қатнасықлар туўралы айтып кетипти деўшилер табылар еди.
Солай етип, тѳрт кемпир минген «ешеклер кәрўаны» жийи-жийи жолға шығар, олардың ең изинде артына мингестирген мени үлкен орамал менен белине беккем етип таңып алған мениң Жума апам жүрер еди. Белге мықым таңылған соң узақ жолда гейде уйқылы ояў, гейде шырт уйқыда басты арман-берман таслап кете бергенмен. Барар жеримиз кѳбинесе Халқабадтағы Айсултан шешемниң, Шымбайдың 4-аўылындағы бизиң апамның, Калинин тәреплердеги Бийбихан шешемниң тѳркинлери болды. Абысын-келинлерин ертип бармаса ағайинлери бир ѳзин қабыл етпейтуғындай, бәри бирге қыдырып, туўысқан-туўғанларының үйлеринде 2-3 күнлеп қонып жатып адақлап қайтатуғын еди.
Сонда барлық шешемлердиң де ақлықлары бар. Тек бизиң апам мени «ѳгиздей» етип емизетуғын болған соң таслап кете алмайды. Кегейлиниң «Жалпақ жап» бойларынан Шымбай, Халқабатларға шекемги узақ жолларда қанша жаўыр болсам да, қыдырыспадан қалыўды қыялыма келтирмегенмен.
Бир күни Шымбайға барған гезимизде Бийбихан шешем гәп тапты.
– Келин, сен усыны бийкарға емизип жүрсең, – деди апама.
– Ҳе, неге? – деди апам таңланып.
– Мен бир нәрсе еситтим. Ақлығын емизиўге болмайды екен, китапта солай айтылған дейди. Ақлығын емизгенде сүт шықса, баласына неке түсип кетедимиш.
Ҳәмме «бай-бу-уў» десип апама қарады. Гәп мен ҳаққында екенлигин билгеним менен неке дегенге түсинбеймен. Ҳәмме бай-буўласып қалғанға қарап, жаман зат екенин сезип отырман.
– Ѳйтип гүна арттырып, мынаўың не жаныңа ем. Сен де бир арқайын жүр, адамлар қусап. Қашан кѳрсең «емек тас»ың бир жағыңнан қалмайды. Кѳзи бақырайып отырысына қара, бәлениң бәрине түсинеди.
Апам үндемеди. Бирақ, сол гәплерден кейин апамның үскини қуйылыўы менен қалды. Қайтарға жақын апамды тамның саясына тартып, гүрпилдетип емип алдым.
Үйге келген соң ол мени жанына отырғызды.
– Қулыным, дәўперим, сен енди үлкен қыз болдың. Үлкен қызлар апасын еме берсе уят болады деп шешеңлер маған бақырып атыр, – деп баўырына тартқаны сол, апам ѳлетуғындай шырқырап жыладым.
– Қалай жыласаң да енди емизбеймен! Болмайды деген соң, қойсаң да қоясаң, қоймасаң да қоясаң!
Мен сол шыңғырыўым менен сыртқа атлығып, қула далаға жуўырып кеттим. Апамның шақырғанына қарамадым, пырлап баратырман.
– Жүр, Әзиза мақсымның үйине барып қайтамыз, – деди изимнен жетип қолымнан услаған апам ентигип турып.
Мен есимди билгели апамның бундай қаталлығын кѳрген емеспен. Қолымнан сүйрелеклеп, салтыр аўыл менен бизиң қыпшақ аўылдың шегарасындағы Әзиза апамның үйине бардық.
Ол бизиң апамның достысы еди. Аўылларда мақсым апа деп оны ҳәмме сыйлар, ким қонаққа шақырса да бизиң апамды ертип барар еди.
– Ҳе, Жума? – деди Әзиза апам бизлердиң түримизге қарап. – Биреўди ѳлтирип киятырған жоқсаң ба?
– Яғаў, – деди апам.
– Онда не, соншама түриң қашып?
Апам достысына шешемлер айтқан гәплерди айтып жылады.
– Қойсаң-ә! – деди Әзиза апам ҳѳктем даўыс пенен. – Сениң ақлық емизетуғыныңды мен кѳрмей жүрмен бе?
Түри аппақ, узын ҳәм жуўан еки бурымын арқасына таслап қоятуғын, нық ҳәм буйырғандай етип сѳйлейтуғын мақсым кемпирден аўылдың еркек-ҳаялының бәри қорқады деп ойлар едим.
– Я мениң китаптан хабарым жоқ па? Сол кемпирлер қурақым билетуғын шығарман. Емизиўге болмайтуғын болса, саған биринши болып мен айтпайман ба? Әй, сада қарақалпағым-аў. Улыңның перзенти саған перзентиңдей болмай, ким болады? Ким айтса да қәте! Мени айтты де! Жоқ нәрсени уўайымлап болдырып қалыпсаң ғой, сорлы. Қызың оқыўға барса, уялып ѳзи-ақ қояды. Саған бала жиберейин деп отыр едим, қазаяқлыдағы молла қәйнимниң үйи ертеңге шақырып қойыпты. Түске таяр отыр.
Кеўилин жәмлеген апамның қуўанғанын айт, сол жерде мени баўырына қайта-қайта баса берди. Әзиза апам бизге «зеленный» шырақ жағып берди.
Мениң және бир ерси қылығым, үйде де, қыдырып барған жеримизде де табақ жалайтуғын әдетим бар еди. Бул исимди үйде апамнан басқалардың бәри жаман кѳргени менен апам сѳзимди сѳйлеп, мен жалап боламан дегенше аумин ислетпейди. Әзиза мақсым менен қыдырсақ, мени мақуллап «Мухаммед пайғамбарымыз да аўқат жеген табағының жуғы обал болады деп жалап қояды екен. Жуманың дәўпериси бир нәрсени биледи, асықпаң» деп ҳәммени қаратып қояр еди.
Сол еркеликлерден айығаман дегенше, анамды «менсинбедим». Әжағамлар кишеңди бир сѳгип жибер десе, еркекшелеп жети атасынан былай қайтараман. Кишеңди бир теп десе, есик беттен жуўырып келип тепкенмен. Енди ҳайран қаламан, сонда кишем бийшара «мынаў не қылып атыр» деп мойнын бурған адам емес. Ҳәмме күлгенде тѳмен қарап отыра берер еди.
Гейде-гейде усы ойсызлықларымды жуўыў ушын кишемлерге қолымнан келгенше хызмет еттим ғой деп ѳзимди-ѳзим жубатпақшы боламан. Бирақ, мениң перзентлерим маған соны ислегенде қандай ҳалда болар едим деген ой келсе, ишимнен аяп кетемен.
Иним Нийетбай изиме ергеннен соң бизиң «ѳрис» тарая баслады. Ол да апама таласатуғын әдетти шығарды. Күнде жатарда «маған қарап жат»тың үстинде апамды бийзар етер едик. Бир күни апам күйип кетти ме: «Балтаны алып келип, екеўиңиз мени тең бѳлип алағойың» дегенде екеўимиз де қуўанып кеткенбиз. Ешейинде қараңғыдан қорқатуғын Нийетбай сыртқа жуўырып кетип, балтаны сүйреп келди. Не қылар дейсең деп күлип жатырған апам мен орнымнан ушып турып «балтаны маған бер, сен дурыслап бѳле алмайсаң, басы меники» дегенимде орнынан ушып турды. «О, сорлы басым. Мени бѳлисип аламыз деп уйықлап атырғанымда балта салыўдан қайтпайды екен мына есаўаслар. Қаяқтан да булардың ядына салдым» деп гүбирленип жүрип, балтаны сыртқа ылақтырып келди…
Мектепке қәдем
Әкемниң иниси Әжимурат әжағам менен қарындасы Жәмбийдиң мен десе жанын үзип туратуғын әдетлери олар ѳлгенше қалған жоқ. Әжағам ол заманларда совхозда шофёр болып ислейтуғын еди. Ол мени мектепке «жақсылап» таярлады. «Ҳешкимге пайыңды жиберме. Биреў шапалақ пенен урса, сен муш пенен ур. Биреў муш пенен урса, сен тас пенен ур. Муғаллимге неге урғаныңды биринши болып ѳзиң айтып бер…» деп қулағыма қуйды.
Тентекшилигимди мектепке барған күни-ақ кѳрсеттим. «Апам жанымда отырсын», «Фамилиямды Хожамуратова деп айтпа, Жумаева дейсең» деп даў салдым. Бир неше күнге шекем апам жанымда отырды. Үйренисип кетемен дегенше муғаллим мени Жумаева деп шақырды.
Жайы жәннетте болсын, устазым Жумамурат Жақсымуратов жүдә баланың тилин тапқыш еди. Кѳп ѳтпей апам мени мектептиң сыртында күтетуғын болды. Устазым алдастырып мени Хожамуратова етип алды. Ол мениң «Сени муғаллим демеймен, Жумамурат кѳсесең (аўылда оның сондай лақабы бар еди)» дегениме де кѳнди. Мақтаўымды жеткерип, зорға уўысына ендирди.
Муғаллим маған бәрқулла Убайда деген парталас қызды үлги етип кѳрсетер еди. Ѳзи сап-сары, тап-туйнақтай болып, муғаллим не айтса, қақшып алады. Бир класс толы балалардың ишиндеги ең қудай урғаны мен болыппан. «Убайда да апасының қызы,-дейди устазым, – сениң апаң биреў болса, оның апасы екеў. Сонда да еркелей бермейди, тәртипли, оқыўынан билгиш» дей берген соң гейде оған сәл еликлейтуғын болдым.
Убайда баяғыда маған қызылша шыққанда ѳлген жеримнен тирилтип алған Айтжан Узақбергеновтың қызы екен. Оның апасы екеў дегени рас. Айтжан аға шыпакер болып Мойнақ районына жумысы ѳзгерип кеткенде, «аўылдан кѳшпеймиз» деп табан тиресип, ата журтында қалған еки анасына (ол заманларда еки ҳаял алып, екеўи бир үйде жасай бериўи ерси болмаған) ес болсын деп туңғыш қызы Убайданы таслап кеткен.
Әкем Меңлимурат та сол 38-санлы мектепте баслаўыш класс муғаллими еди. Оқыўды мойныма алғаннан соң, азанда ағамның атына мингесип кететуғын болдым.
– Муғаллимиңди сѳге берме, – дер еди ағам, апамның жоғынан пайдаланып. – Сениң муғаллимиң меннен де үлкен. «Учительская»ға барған соң, қызың сѳкти деп мени күнде сѳгеди. Мектепте ҳешкимниң қызы муғаллимин сѳкпейди. Қызы сѳгинбесе, оның әкесин де ҳеш ким сѳкпейди…
Ол мени мектепке бараман дегенше ақылландырады, ўәдемди алады. Кеште әжағам жумыстан келген соң неше баланы урып, нешеўин сѳккенимди сорайды. Класста тѳбелескенимди еситсе, мәс болады. Урсаң ур, таяқ жеме деп қояды.
Бара-бара дѳгерегимдегилер мени тәрбиялай баслады. Досларыма қарап, бул әдетлеримди азайта басладым. «Үйренген әдет қалама, кѳтере бер мушыңды» дегендей, ара-арасында «4» баҳасын қойғанда болмаса, муғаллим де сѳгистен қутылды.
Пердегүл Хожамуратова,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист.