Елимиздиң бүгинги жасларына үлкен имканиятлар қаратылып атыр. Әсиресе билимли, қәбилетли жаслар қоллап-қуўатланып, хошаметленип, дыққат-итибар берилмекте. Айрықша белсенди жоқары оқыў орны студентлери ҳәм магистрантлары ушын Ѳзбекстан Республикасы Президенти стипендиясы шѳлкемлестирилген.
Жоқары жуўапкершилик жүклейди
Кѳплеген жаслар ушын жоқары оқыў орнына оқыўға кирип, студент болыўдың ѳзи үлкен бахыт. Ал, сол оқыў орнында айрықша баҳаларға оқып, студент ўақтында-ақ мәмлекетимиз атынан танылып атырған жасларға ҳақыйқатында да ҳәўесиң келеди. Сондай жаслардың бири-Дилшада Дәўлетбаева. Негизинде оның исми, фамилиясы да ҳәм ѳзи де халқымызға жақыннан таныс. Ѳйткени, ол Қарақалпақстан телеканалында Хабар информациялық бағдарламасы ҳәм кеўил ашар «Ассалам, Қарақалпақстан» кѳрсетиўин алып барады.
Дилшада Дәўлетбаева 2013-2017-жыллары Ѳзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң халық аралық журналистика факультетинде тәлим алған. Алдына және де жаңа мақсетлер қойып, рус ҳәм инглис тилин толық үйрениўге бел байлайды. Туңғыш мийнет жолын Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы «Баспасѳз ҳәм хабар» секторы қәнигеси ҳәм баслығы болып ислеўден баслады. Сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры Атқарыўшы аппараты мүрәжәәтлер менен ислеўди бақлаў ҳәм ҒХҚ лары менен ислесиў бѳлиминиң бас қәнигеси болып жемисли хызмет етти. Жас қәниге 2019-жылы Қубла Кореяда ѳткерилген Азия мәмлекетлериниң пенсия системасы халықаралық конференциясында қатнасып және де тәжирийбе топлайды. 2020-жылы пайтахтымыз Нѳкис қаласы ҳәкимлиги баспасѳз хызмети баслығы лаўазымында иследи. Ал, 2021-2022-жыллары «Истиқболли авлод» РИАМ ПР менеджери ҳәм «Yuksak Salohiyat» Қарақалпақстан филиалы ПР менеджери болды.
Ѳткен жыл Дилшада ушын және де табыслы келди. 2021-2022-оқыў жылында Бердақ атындағы ҚМУ ниң магистратура бѳлими журналистика (телевидение ҳәм радиоеситтириў) қәнигелигине ең жоқары балл менен мәмлекетлик гранд тийкарында оқыўға кирди.
Ол заман талабын терең уғынып, тил үйрениўи оны және де жаңа шеклерге баслады. Қатар таңла
ў ҳәм илажлардың белсенди қатнасыўшысы.
Ҳәзирги ўақытта илимий басшысы ҚМУ журналистика кафедрасы доценти, филология илимлериниң кандидаты Б.Палўановтың басшылығында «CCN телеканалында Азия мәмлекетлери жәмийетлик турмысына байланыслы жаңалықларының берилиўи» деген темада илимий жумыс алып барып атыр.
– Президент стипендиясы ийеси болыўым – елимизде биз жасларға қаратылып атырған үлкен итибар ҳәм ғамқорлықтың айқын кѳриниси деп билемен. Билим ҳәм мийнет инсанды ойлаған арзыў-нийетине жеткереди. Жәмийетте ылайықлы ѳз орнында белгилеп жоқары жетискенликлерге еристиреди. Ѳз гезегинде билдирилген исеним ҳәм қоллап-қуўатлаўдан жоқары жуўапкершиликти сезинип атырман. Бахытлы елдиң-бахытлы жасларының бири екенлигимнен жүдә қуўанышлыман, – дейди Дилшада Дәўлетбаева.
Айжамал
Жиемуратова,
Магистрант.
БИЛИМИМ – КЕЛЕШЕГИМ
Дәўир нәпеси менен тең қәдем атып, ѳзиниң билимлилиги, интеллектуаллық саўатының күшлилиги, зийреклиги менен теңлеслери арасында айрықша кѳзге түсип, жақсы нәтийжелерге ерисип киятырған жасларымыздың бири Ханна Ѳтемуратова.
Мәмлекетимизде жасларға итибар жылдан-жылға артып, бурын болмаған имканиятлар жаратылмақта. Х.Ѳтемуратова Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети, тарийх факультети, тарийх қәнигелиги 4-курс студенти. Ол студентлигиниң дәслепки күнлеринен баслап-ақ, устазларынан терең билим алыўға, илимий изертлеўлер алып барыўға айрықша қызығыўшылығы менен ажыралып турды. Бир қатар таңлаў ҳәм фестивальларда ѳз ҳаўазы менен қатнасып, белсендилиги менен кѳзге түсти. Бос ўақытларында спорттың стол тенниси ҳәм ушу түрлери менен шуғылланып, мектеп дәўиринде Қарақалпақстан Республикасы ашық кубогинде сыйлы орынларды алды.
Сондай-ақ, инглис ҳәм немис тилин үйрениўге ўақыт ажыратып, бүгинги ерисип атырған табысларында ѳз нәтийжесин бермекте. Яғный, бир қатар халықаралық конференциялардың белсенди қатнасыўшысы болды. Оннан аслам форумлардың шѳлкемлестириўшиси ҳәм координаторы.
2022-жыл жуўмағы бойынша «Жыл студенти» республикалық таңлаўының «Ѳз қәнигелиги бойынша ең билимли студенти» номинациясын
да сыйлы 1-орын жеңимпазы болды. Ал, 2022-2023-оқыў жылы ушын белгиленген Ѳзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазы болыўы оған берилген ҳақыйқый баҳа болды. Ҳәр бир исте жетекши ҳәм талантлы Ханна ең биринши нәўбетте устазларының исенимин ақлады. Ѳз теңлеслерине үлги болып, жақынларының мақтанышы болмақта.
– Студент бүгинги алып атырған билими арқалы ертеңги келешегин қурады. Устазларым ҳәм илимий басшымнан оғада миннетдарман. Илим, билим тараўына болған қызығыўшылығымды және де арттырып, туўры бағдар берип, бийбаҳа ақыл-кеңеслерин берип отырған устазым-профессор А.Бердимуратоваға, биринши кураторым Г.Турееваға, тюторым А.Шразовқа, «Лидер қызлар» клубы басшысы Н.Заретдиноваға ҳәм илимий басшым С.Сулаймановқа миннетдаршылығым кѳп. Ҳәзирги ўақытта илимий басшымның басшылығында «Қарақалпақстанда музей исиниң раўажланыў тарийхы (ғәрезсизлик жыллары) темасында илимий-изертлеў жумысларын алып бармақтамыз. Келешекте ѳз кәсибим арқалы ел-халқыма хызмет етип, елимниң раўажланыўына ѳз үлесимди қосаман, – дейди ол.
Быйылғы жылдың, «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп аталыўында да үлкен мәни бар. Барлық тараўдағы раўажландырыўдың тийкары-илим ҳәм билимде. «Ийне менен қудық қазыў» дай илимниң машақатлы жолына қәдем қойған Х.Ѳтемуратоваға жаңа табыслар тилеп, және де жаңа шеклерде ушырасамыз, деп исенемиз.
Ж.Ембергенова,
Ѳз хабаршымыз.
