МИЙРАСХОРЛАР ӘДИЛЛИК ҚОРҒАЎЫНДА

Жақында Қарақалпақстан Әдиллик министрлигинде «Мийрас ҳуқықы» акциясы шеңберинде «Мийрасхорлар әдиллик қорғаўында» атамасында ҳуқықый илаж ѳткерилди. Илаждың мақсети-жаңалықларда мийрас пенен байланыслы даўлардың алдын алыў, сондай-ақ, пуқаралардың мал-мүлкке болған ҳуқықларын тәмийинлеў, олардың бул тараўдағы ҳуқықый билимлерин және де асырыўдан ибарат болды. Сондай-ақ, илажда авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар объектлериниң контрафакт нусқаларына қарсы гүрес бойынша пикирлер тыңланды.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мәмбетқадиров кирис сѳз бенен ашты. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жынайый ҳуқық ҳәм пуқаралық ҳуқық кафедрасы, доцент О.Исмаилов, Ѳзбекстан нотариал палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы баслығы З.Яхипов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги интеллектуал мүлк ҳуқықларын қорғаў бѳлими бас мәсләҳәтшиси Н.Есназаровлар да баянат жасады.
Ѳзбекстан нотариал палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ўәкиллери бир қатар сораўларға жуўап берди.

Ж.ЕМБЕРГЕНОВА.