Быйыл «Жеткиншек» газетасы жәмәәти ушын гөззаллық пасылы бәҳәр әйямы өзгеше дабыл қағып келди. Бәҳәр елшилери хош хабардан дерек етип, кәсиплесимиз Илмира Хожамуратованың балалар ушын мийнетлерин есапқа алип, сый-ҳүрмет көрсетти. Яғный, 8-март-Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында ϴзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен журналист ҳаял-қызларды социаллық-сиясий искерлигин асырыў, ерискен табысларын хошаметлеў мақсетинде өткерилген «Әтиргүл-2023» таңлаўында «Болалар ва усмирлар мавзуси ёритилган энг яхши материаллар» (Балалар ҳәм жас өспиримлер темасында жазылған еӊ жақсы материаллар) номинациясы бойынша жеңимпазы болыў бахтына еристи.
Әлбетте, оның бул сыйлығы «Жеткиншек» газетасы редакциясы жәмәәтимиз ушын үлкен қуўаныш болды. Себеби, кәсиплесимиз Илмира Хожамуратова бул тараўда он жылдан аслам ўақыт ишинде балалар журналистикасына өзиниң мол үлесин қосты. Балалар ушын ҳәр қыйлы темаларда қәлем тербетти. Әсиресе, оның жазған мақалаларын оқыўшылар сүйип оқыды. Ал, «Малика» клубында қызларымыз ушын пайдалы мәсләҳәтлер, олардың тәрбиясы, әдеп-икрамлығына байланыслы мақалалар ҳәм мағлыўматлар берип барды. «Барлығын билгим келеди» клубын да жанлы таярлап, оқыўшыларды ең соңғы технология
лар менен таныстырып, фактлер менен байытып барды. Сондай-ақ, газетамыздың «Дыққат: жас өспирим!» рубрикасында балалар ҳәм жас өспиримлер арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша оқыўшыға ой салатуғын ҳәм тәрбиялылық әҳмийетке ийе мақалаларын жазып, көпшилик оқыўшыларға өрнек болмақта.
Кәсиплесимиз Илмира Хожамуратованың ҳәр бир иси мақтаўға ылайық. ϴйткени, ол өз кәсибине садық ҳәм талапшаң журналист. Газетаның ҳәр санын мазмунлы шығарыўда жаңа идеялары менен ортақласады. Редакцияға келген ҳәр бир оқыўшы менен тығыз байланысып, оларға дөретиўшилик бойынша жол-жобалар береди. Соның менен бир қатарда редакциямызға өндирислик практикаға жоллама алған студентлерге айрықша итибар берип, оларға газетадағы барлық процеслерге шекем еринбей үйретеди. Қулласы, оның «Жеткиншек» газетасындағы хызметлери оғада көп. ϴз кәсибине садық, ҳәр тәреплеме умтылыўшаӊ журналист.
– «Әтиргүл» сыйлығы «Жеткиншек» газетасы жәмәәти ҳәм редакцияның белсенди ағзалары ҳәм өзим ушын 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамы қарсаңында үлкен саўға болды. Бул сыйлық пүткил балаларға бағышлаған мийнетлеримниң жемиси деп билемен. Әсиресе, устазларым белгили шайыр, «Дослық» ордениниң ийеси Гүлнара апа Нурлепесова, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналистлер Дарийха апа Үббиниязова, марҳум Абдулла аға Ембергенов ҳәм «Соғлом авлод» ордениниң ийеси Зухра апа Исаковалардан жүдә миннетдарман. Себеби, олар мениң қәлемимниң ысылыўында ҳәм усындай жетискенликлерге ерисиўиме түртки болды. Шаңарағымызда илгери жылы апам Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Пердегүл Хожамуратова алған еди. Минекей, оның жолын берип, мен де бул сыйлыққа сазаўар болдым. Бул тараўда журналист шеберлигимди еле де арттырып, баспасөзде жаңадан-жаңа мақалаларым менен кең жәмийетшиликке усы үлесимди қоспақшыман, -дейди кәсиплесимиз Илмира Хожамуратова.
ϴмирде үш нәрсе инсанның кимлигин анықлайды: мийнет, ҳадаллық ҳәм жетискенликлер. Даналарымыздың айтылған бул қәсийетлери кәсиплесимизде жәмленген. Ол усы пазыйлетлери менен жәмийетте өз орнына ийе тәжирийбели журналист, шаңарақта бахытлы ана. Ҳәзирги ўақытта өмирлик жолдаси Жақсылық Турдымуратов пенен үш перзенттиң ата-анасы болып, бахтыяр шаңарақлардың бири болып жасамақта.
Биз «Жеткиншек» газетасы жәмәәти атынан кәсиплесимиз Илмира Хожамуратованы бул сыйлығы менен шын кеўлимизден қутлықлаймыз! Қәлеми өткир ҳәм қәдири бәлент журналистлердиң бири болып жүриўине тилеклеспиз.
Жеӊисгүл
ИБАДУЛЛАЕВА,
журналист
