Жылда дәстүрге айланған «Зульфия қызлары»на бизиң республикамыздан кимлер ылайық болды екен? деген ой елегинде жүретуғынымыз рас. Бул сапарғы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты маңғытлы қыз екен деп еситиўимизден ол туўралы дәрҳал мағлыўмат жыйнап, газетаға мағала жазыўға асықтық.
Ҳақыйқатын айтқанда бул сыйлыққа қурыдан-қуры ерисиле бермейди. Зульфия Исрайлова мухаббат ҳәм садықлық тымсалы болып өткен, тек Өзбекстанға ғана емес дүнья көлеминде танымалы болған шайыр еди. Соның ушын да Зульфия избасары болар қыз өзиниң таланты, зийреклиги менен көзге түсип үлгерген болыўы дәркар.
Барно Самандарова Әмиўдәрья районы, 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы. Ол 5-класынан баслап дөретиўшиликке қулшына киристи десек болады. Дөретиўшилик жолына қәдем қойған ҳәр бир инсан оның машақатына төзим берип, керек болса биреўлерден дәкки жеген пайытларында да бул жолдан кешип кетпей, изленисин даўам еттирип, жетилистирип барса нәтийжели жемисин тата алады. Сол айтқандай бул қызымыз мектепте оқыў даўамында өзин тәртип интизамлы тутып, өз теңлеслери арасында айрықша оқыўлығы менен көзге түсе баслады. Сабақларын қунт пенен үйрениўге ҳәрекет етип, ана тили ҳәм әдебияты, инглис, рус тили, география пәнлерине қызығады. Ҳәзир рус ҳәм инглис тиллерин биледи. Қосымша түрк тилин үйренбе
кте.
Барно мектептиң жәмийетлик жумысларына да жақсы қатнасады. «Жас қәлемкешлер» дөгереги басшысы сыпатында ҳәўескер шайырларға әдебият, қосық жазыў сырларын үйретеди. Өзиниң қосықлары болса тез-тезден районлық газетада басылып турады.
Жаслар аўқамы Әмиўдәрья районы «Баспасөз ҳәм медиа» жөнелиси сәрдары. Қарақалпақстан республикасы «Қызлар ҳаўазы» клубы «Көркем өнер ҳәм мәденияты» бөлими координаторы, UNISEF шөлкеми «U-Report» жойбары валонтёри. Оның дөретиўшилик шығармалары орын алған антология: «Хилол» (2-сан, 2022-жыл), «Океаннан терилген маржанлар». Россия Федерациясы Санкт-Петербург қаласы «Реноме» баспасы «XXI-век молодёжь нового Узбекистана» антологиясы. Сөзимиз дәлили десек болады. Және халықаралық журналларда, «Жеткиншек» ҳәм районлық газеталарда илимий ҳәм дөретиўшилик мақалалары жарық көрген.
Буның басқа да «Илк парвозим», «Мехр» 2021-жыл, 2022-жылы болса «Фахримсанг, Амударём», «Қалб сўзи» китаплары баспадан шыққан.
Әлбетте, буныңдай жетискенликлердиң ийеси Барно Зульфияның нағыз избасарына ылайық деп табылды.
Бизде Барно Самандарованы бәрше Қарақалпақстан жаслары атынан қызғын қутлықлап, буннанда бәлент шоққыларға ерисиўине тилеклеспиз.
Шүкирбай СИЙПАТДИНОВ.
