АҚЫЛ…

– Ҳаӯ Мǝтим иним, салың суӯға кеткендей. Мурның салбырап киятырсаң ғой…
– Ҳǝй…й…й… Сәтбай аға, сизди кѳргеним жақсы болды ғой. Меннен кѳп кѳйлек бурын тоздырғансыз ғой. Азы-кем ақыл берсеңиз?!. . .
– Не аманлық па?!. . .
– Ҳǝй…й…й …дǝртти сора ма? Өзиңнен қыпсыратуғын гǝп жоқ. Бириншисинен ажырасқанымды билесиз. Екиншисине үйлендим…
– Ҳǝ билемен, билемен, хабарым бар…
– «Мал аласы сыртында адам аласы ишинде» деген, Сорлап қалдым ғой…
– Не сорлап қалдым?! Үйиңди биреӯ кѳтерип кетти ме?
– Яғ– аӯ… ҳаялым туӯылған күниме мойныма алтын «трос» ǝпересең деп, мыйымды жеп атыр.
– Не таппай отырсаң ба, ǝпер?! Ҳǝзир ҳаяллардың саӯсақларында қос– қос жүзик, қулақларында бриллиант сырға, қолларында алтын билезик…
– Еки-үш айлықта бир ѳгизимди сатып комплект жүзик-сырға ǝпердим. Енди «трос» деп бүлдирип атыр. Жǝне еки-үш айдан аяғыма алтын геӯиш ǝпер десе…
– Әпересең, ǝпер дегенин ǝпермей кѳр. Түйиншигин түйип тѳркинине «ҳайт» қояды. Ҳим…м… бүгингиниң келинлери сондай. Ҳǝтте бизиң үйдеги елиӯге шыққан жеңгең де сондай . . Илаж жоқ…айтпашақ бир илажы бар?
– Қандай илаж?!
– Қорқытасаң?!
– Ӯай-бой… бизиң ҳаял ǝзирейлини ǝкелсең де қорықпайды.
– Қорқады, қорыққанда дызағайлап қашатуғын етемиз. Гǝпимди тыңла, ҳе де?!
– Ҳе…
– Бизиң дүканда бир қарыстай «живой»дай жылан бар. Соны сатып аласан…
– Жылан!? Жыланнан мен де қорқаман ғой…
– Ақмақпысаң, неге қорқасаң?!
– Тири емес пе?!
– Қыймылдамайды. Ҳаялыңның жүзик сырғасын шешип қойған жерине қоясаң.
– Оннан кейин не болады?
– Ҳаялың жүзик, сырғасын алмақшы болып қолын апарғанда, жылан басын шошаң еткизип ысылдайды… Айтпашақ ҳаялың еки қабат емес пе? Иш таслап басымыз бǝлеге қалмасын…
– Яқ ондай емес…
– Онда ҳеш гǝп, шалқасына қулап түссе де бǝле келмейди.
– Соң не болады?
– Билесең бе ҳаялың жылан бар жайға қайтып кирмейди. Алтын бар жерге жылан ѳш болады екен десең, алтын дегенди қайтып тилине алмайды. Мǝтим Сǝтбай ағасының айтқан ақылын ǝмелге асырып арадан бир ҳǝпте ѳткен соң жǝне ушырасты.
– Сǝтбай аға, ҳǝ Сǝтбай аға?! Қалай жақсымысыз, ал анаӯ күнги айтқан ақылыңды ислеп ǝжайып болды. Тап айтқаныңдай етип ислеп едим. Ертеңине азанда ҳаялым жумысына бармақшы болып қолын созған екен. Жылан ысылдап басын шошаң еткизген. Қатын қорыққанынан шалқасына түсип, соң роддомға жибердим ғой. .
– Ҳе аманлық па, роддомға неге кетти?
– Еки айлық баласы бар екен. Түсирип алды ғой. Әйтеӯир жаны аман қалды.
– Ӯай-бой шатақ болған екен…
– Ҳеш шатағы жоқ аға. Соннан берли алтын жүзик, сырға, «цепочка» ǝпер деп аӯзына алмайтуғын болды.
Сағындық
ЕМБЕРГЕНОВ.