Халқымыздың татыўлығын көрсеткен Наўрыз сейиллери

Нөкис қаласындағы Жаслар орайы ҳәм И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы безелген майданларда “Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!” сүрени астында театрластырылған әдебий-музыкалы хореографиялық байрам илажы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесининиң Баслығы А.Орынбаев шығып сойлеп, гүллән халқымызды ҳәм мийманларды шығыс халықларының жаңа жылының басланыўы есапланған, өзинде ийгиликли мақсетлерди жәмлеген Наўрыз байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, әсирлер даўамында қәлиплескен Наўрыз бул халқымыздың гөззал қәдириятлары, ата –бабаларымыздан бийбаҳа мийрас сыпатында қәстерленип сақланып киятырған миллий байрам сыпатында кеўиллерде терең орын ийелейди. Әсиресе, соңғы жыллары ол ояныў ҳәм жасарыў тымсалы сыпатында асығыслық пенен күтетуғын шын мәнисиндеги халықлық байрамға айланды.
Президентимиз тǝрепинен қабыл етилген арнаўлы қарар тийкарында быйылғы Наўрыз байрамы пүткил елимиз бойлап “Ҳәр күниң Наўрыз болсын, жанажан Өзбекстаным!” сүрени астында көтериңки руўхта өткерилмекте. Әлбетте, бунда терең мəни бар. Себеби, улыстыӊ уллы күни саналған Наўрыз байрамы инсанлар арасында қайыр-сақаўатлылық орталығын беккемлеўде, жас әўладты əсирлер даўамында қəлиплескен дәстүрлеримиз бенен миллий қәдириятларымызға ҳүрмет, ана-Ўатанымызға садықлық руўхында тәрбиялаўда айрықша орын ийелейди.

Соңғы жыллары республикамызды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында Президентимиздиң басламасы менен қабыл етилген бир қатар пәрман, қарарлар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы пәрманы исбилерменлерге көрсетилип атырған қаржылай хызметлердиң көлемин арттырыў, инфраструктуралық шараятларды жаратып бериў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, аймақтың экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етпекте. Сондай-ақ, Президентимиздиң 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша 289 объектте дерлик 300 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы “Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында аўыр турмыс шараятындағы 21 мыңнан аслам шаңарақтың турақ жайын оңлаў ҳәм жаңадан қурыў, топырақ жолларға қум-шағыл тас төсеў жумыслары алып барылмақта. Мине усындай итибар нәтийжесинде өткен жылы Нөкис қаласында, Беруний, Мойнақ, Кегейли ҳәм Қоңырат районларында ири жойбарлар иске түсирилди.
Концерт бағдарламасы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти М.Сапаеваның атқарыўындағы “Келдиң бе, бәҳәр?”қосығы менен басланды. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры, Жас тамашагөйлер театры, “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясының Қарақалпақстан бөлими, “Мақом” ансамбли, қалалық ҳәм районлық мәденият бөлимлериниң қосықшылары менен аяқ ойыншылары, жоқары оқыў орынларының студентлери, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының концерт бағдарламасын халқымыз айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти.

Жас спортшылардың көргизбели шығыўлары, қыз жигитлердиң айтысы, түрли миллет ўәкиллериниң қосық ҳәм аяқ ойынлары байрамға өзгеше сән берди. Спорт жарыслары, қайырқомлық илажлары, өнерментлеримиз тәрепинен ислеп шығарылған өнимлер, миллий буйымлар, спортшыларымыздың жетискенликлери ҳәм сүўретшилердиң көргизбелери қатнасыўшылар ҳәм мийманларда айрықша тәсир қалдырды.
Байрамға бағышланған сейиллер республикамыздың барлық районларында болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесининиң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўрети.