Не жазсамда
туўрылықты жырладым
Жүрегимде жалын болған, от болған,
Ҳақыйқатлық қәлем менен хат болған,
Жаман иллет минезиме жат болған,
Туўлап турар, қайнап турар ҳүжданым.
Кимге жумсақ, кимге қатал минезим,
Бийлеп алған ҳүждан атлы бир сезим,
Тилек етип ҳақыйқатлық изледим,
Гейде тегис,гейде ойпат жолларым.
Дебдиўлерим көкиректи кернеген,
Қустай кеўлим қанатын кең сермеген,
Бахыт тапсам ҳадал мийнет тер менен,
Тиришилик-ол ығбалым излеген.
Қыялымды бийлеп алған әрманым,
Парлап турар қулпы дөнип дәўраным,
Жақсылыққа уран болған жырларым,
Не жазсамда туўрылықты жырладым.
Жақсы болыў қыйын
Жақсы қосық жазыўым қыйын,
Бурқасынлап турмаса сөзим,
Жақсы шайыр болыўым қыйын,
Кернемесе ишки дебдиўим.
Жақсы сөзлер сөйлеўим қыйын,
Ҳақыйқат ,шын болмаса сөзим,
Жақсы инсан болыўым қыйын,
Туўры жолдан жүрмесем өзим.
Жақсы ойлар ойлаўым қыйын,
Сулыўлықты көрмесе көзим,
Жақсыларды баҳалаў қыйын,
Жаманларды көрмесе көзиң!
ПОЭЗИЯ
Поэзия-толқып аққан дәрьядур,
Сағасы мөлдир булақ,
Қәлбим шерге қайнап тур,
Туўылажақ бурқырап.
Поэзия-ол қүдиретли сөздиң гилти,
Биймиллет рәҳәтке бөлеген,
Нәрлендирер тиришиликти,
Маржан, гәўҳарға теңермен.
Поэзия- бабамның жыр, толғаўы,
Сыйқырлы сазы гүңиренген,
Тарийхтың үзилмес жалғаўы,
Мың жылдан саза әйлеген.
Поэзия-дүньяның гүл лаласы,
Йош, дебдиўден туўылар,
Инсанның ҳәр бир баласы,
Сөз мәнисин уғынар.
Поэзия-қүдиретли сезимниң анасы.
Қосықсыз өмир болмайды,
Инсанның кеўил санасы,
Меҳирге шерсиз толмайды.
Поэзия- сөздиң ҳасыл гәўҳары,
Жулқынар иште сезимлер,
Жүректиң шерли тулпары,
Жылаўын тартсаң серпилер.
Шайыр-жақсы сөз қалсын мәңгиге,
Қәўпек сөз тынықты ылайтар,
Туўры жыр болсын әңгиме,
Буны биз айтпасақ «сын» айтар.
Мени тәрк әйлеме
Мени тәрк әйлеме,
Маған керексең,
Жарақат жетпесин тәниме,
Сақлаў керексең,
Көзимниң нуры сөнсе де,
Қыялымды бәнт ет,
Қәлбимдеги сезимиме,
Кимселер етпесин кесент,
Ар-намысымды бийлеп,
Жасаўды үйрет,
Соғып турған жүрек,
Жасаўы керек,
Кеўил гәўҳарымның,
Сақты сынбасын,
Дебдиў жаңғырығым,
Қуслар тыңласын.
Мени тәрк әйлеме,
Ҳасла сен кетпе,
Жүзим жарқын болсын,
Бул әлемимде,
Мени тәрк етпе!
Жанымның ишинде бол,
Тәнимниң ишинде қал,
Қәлбимди бәнтле,
Ҳүжданым!
Сен мени тәрк етпе!
Абатгүл
ТӘЖИМУРАТОВА
Өзбекстан Жазыўшылар Аўқамының ағзасы.
