Нөкис районы усы жылдың 23-март күни “Пуқаралар арасында Крым-Конго геморрагик ыссытпасы кеселлиги тарқалыўының алдын алыўда Айрықша жағдайлар мәмлекетлик дизими хызметлериниң бирге ислесиў ҳәрекетлери” темасында көргизбели арнаўлы-тактик оқыў шынығыўы өткерилди.
Семинарда Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими, Нөкис районы Медицина бирлеспеси бөлими, Санитария-эпидемиология тынышлық орайы, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими, Аўыл пуқаралар жыйыны басшылары. әмелге асырылған илажлар, машқалалар ҳәм кемшиликлер, оларды алдағы ўақытлары болдырмаўы бойынша анализ мағлыўматлар, усыныс ҳәм көрсетпелер қатнасыўшыларына жеткизилип, талқылаў киритилген ҳалда сораў жуўаплар қылынды.
Оқыў қатнасыўшылары яғный қутырыў кеселлигине қарсы гүресиў илажларына жуўапкер болған баслық хызметкерлериниң ўазыйпалары жуўапкершиликти асырыў мақсетинде, қутырыў кеселлиги ҳәм оның алдын алыўда көргизбели оқыў фильмлер ҳәм презентациялар инам етилди.
Район медицина бирлеспесиниң “Ақманғыт” ППЖда жайласқан Медицина бирлеспесинде “Пуқаралар арасында Крым-Конго геморрагик ыссытпасы кеселлиги тарқалыўының алдын алыўда пуқараларға Антирабик тез жәрдем көрсетиў түсиндирилди.
Район ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими эпизоотологлары ҳәм Санитария-эпидемиология тынышлық орайы эпидемиологлары биргеликте ислесиў бойынша әмелий ҳәрекетлери атап ѳтилди.
Арнаўлы тактикалық оқыў шынығыў өз алдына қойған мақсет ҳәм ўазыйпаларға толық ерисилип, белгиленген ҳәмме басқышлары орынланды.
Көргизбели оқыў шынығыў жуўмағында, Нөкис район АЖМДның функциональ ҳәм аймақлық дизими хызметлери айрықша жағдайларға ушырағанда оларды сапластырыў “шекленген таяр” деп баҳаланды.
Роман Исаев,
Нөкис районы Айрықша жағдайлар бөлими Айрықша жағдайлар мәмлекетлик дизими ҳәм пуқаралық қорғаў үгит-нәсият бөлимшеси баслығы, капитан.
